Матта 2 bob

Жулдыз изертлеўшилердиң жаңа туўылған Патшаға табыныўы (1-12), Мысырға қашыў (13-18), Мысырдан Насыраға қайтыў (19-23).

1 Ийса Яҳудияның Бейтлеҳем қаласында, патша Ҳиродтың заманында туўылғаннан соң, Ерусалим қаласына күншығыстан жулдыз изертлеўшилер келип:
2 – Яҳудийлердиң жаңа туўылған Патшасы қаяқта екен? Өйткени бизлер күншығыста Оның жулдызын көрип, Оған табыныўға келдик, – деп сорады.
3 Буны еситкен патша Ҳирод ҳәм оның менен бирге пүткил Ерусалим қаласы тынышсызланып қалды.
4 Ҳирод халықтың барлық бас руўханийлерин ҳәм диний муғаллимлерин жыйнап алып, олардан Масихтың қай жерде туўылыўы тийис екенин сорастырды.
5 Олар былай деди: – Яҳудиядағы Бейтлеҳемде. Себеби пайғамбар арқалы мынадай сөзлер жазылған:
6 «Ҳәй, Яҳудия жериндеги Бейтлеҳем! Яҳудияның баслы қалаларынан сен ҳеш кем емессең! Өйткени Мениң халқым Израилды бағатуғын Көсем Сеннен шығады».
7 Сонда Ҳирод жулдыз изертлеўшилерди жасырын шақыртып, олардан жулдыздың шыққан ўақтын сорастырып билип алды.
8 Оларды Бейтлеҳемге жиберип: – Барып, Нәресте ҳаққында жақсылап билип алыңлар. Оны тапқаннан кейин, маған хабар бериңлер, мен де барып Оған табынайын, – деди.
9 Олар патшаның сөзин еситип болып, жүрип кетти. Сонда өзлери күншығыста көрген жулдыз олардың алдында жүрип, жол көрсетти ҳәм Нәресте болған жердиң үстинде тоқтады.
10 Жулдызды көргенде, олар қатты қуўанды.
11 Үйге кирип, Нәрестени ҳәм Оның анасы Мәриямды көрди де, Нәрестениң аяғына жығылып, Оған табынды. Өзлериниң ғәзийне ыдысларын ашып, Оған алтын, ладан ҳәм мирра* деген хош ийисли затларды сыйға берди.
12 Олар Ҳиродқа қайтып бармаў ҳаққында түслеринде ескертилгенликтен, басқа бир жол менен өз еллерине қайтып кетти.
13 Жулдыз изертлеўшилер кеткеннен кейин, Қудайдың бир периштеси Юсуптың түсине енип: – Орныңнан тур да, Нәресте менен анасын алып, Мысырға қаш! Саған өзим хабар бергенимше, сол жерде бол! Себеби Ҳирод Нәрестени өлтириў ушын излемекте, – деди.
14 Юсуп турды да, Нәресте менен анасын алып, түн ишинде Мысырға қашып кетти.
15 Ҳиродтың өлимине шекем сол жерде болды. Солай етип, Қудайдың: «Улымды Мысырдан шақырып алдым», – деп пайғамбар арқалы алдын ала айтқан сөзлери орынланды.
16 Ал Ҳирод жулдыз изертлеўшилердиң алдап кеткенин түсинип, қатты ашыўланды. Жулдыз изертлеўшилерден ўақытты билип алған ол Бейтлеҳемдеги ҳәм оның дөгерегиндеги еки жасар ҳәм оннан да киши ул балалардың ҳәммесин өлтириўди буйырды.
17 Солай етип, Еремия пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлер орынланды:
18 «Рамада бир даўыс еситиледи, Қатты зарлап жылаған. Балаларын жоқлап жылар Раҳила. Жубанғысы келмес, өйткени жоқ енди олар».
19 Ҳирод өлгеннен кейин, Қудайдың бир периштеси Мысырда Юсуптың түсине енип:
20 – Орныңнан тур да, Нәресте менен анасын алып, Израил елине қайт. Себеби Нәрестени өлтирмекши болғанлар өлди, – деди.
21 Юсуп турып, Нәресте менен анасын алып, Израил елине қайтты.
22 Бирақ Яҳудияда Ҳиродтың орнына баласы Архелай патша болып отырғанын еситип, Юсуп ол жерге барыўға қорқты. Түсинде аян арқалы ескертилген ол Галила үлкесине кетип,
23 Насыра деген қалаға орналасты. Солай етип, «Ол Насыралы деп аталады», – деп пайғамбарлардың алдын ала айтқанлары орынланды.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.