Матта 22 bob

Үйлениў тойы туўралы тымсал (1-14), Салық төлеў туўралы (15-22), Қайта тирилиў туўралы сораў (23-33), Ең баслы буйрық (34-40), Масих – кимниң Урпағы? (41-46).

1 Ийса оларға тымсаллар менен сөзин даўам еттирип, былай деди:
2 – Аспан Патшалығы бир патшаның өз баласына үйлениў тойын бериўине уқсайды.
3 Тойға мирәт етилгенлерди шақырып келиў ушын, патша хызметшилерин жиберипти. Бирақ олардың келгиси келмепти.
4 Сонда ол және басқа хызметшилерин жиберип: «Мирәт етилгенлерге айтыңлар: мине, мен зыяпатымды таярлап қойдым, өгизлерим де, семиртилген малларым да сойылды, ҳәммеси де тайын. Тойға келсин!» – деп айтып қалыпты
5 Бирақ, мирәт етилгенлер оның сөзине кеўил аўдармапты: кимиси егислик жерине, кимиси саўда-сатығына кетипти.
6 Ал гейбиреўлери патшаның хызметшилерин услап алып, хорлап өлтирипти.
7 Буны еситкен патша қәҳәрленип, өзиниң әскерлерин жиберипти. Сол жынаятшыларды өлтиртип, олардың қалаларын өртетип жиберипти.
8 Сонда ол өзиниң хызметшилерине: «Тойдың асы таяр, бирақ мирәт етилгенлер ылайықсыз болды.
9 Сонлықтан енди сизлер жол дәрбентлерине барып, ушыратқанларыңыздың бәрин тойға шақырып келиңлер», – депти.
10 Сонда хызметшилери жолларға шығып, ушыратқанларының бәрин де: жақсысы болсын, жаманы болсын, шақырып жыйнап келипти. Тойхана қонақларға толы болыпты.
11 Патша қонақларды көриўге киргенде, той кийимин киймеген биреўге көзи түсип,
12 оған: «Ҳәй, достым, сен бул жерге той кийимисиз қалай киргенсең?» – депти. Бирақ ол үндемепти.
13 Сонда патша хызметшилерине буйырып, былай депти: «Мынаның аяқ-қолын байлап, сыртқы қараңғылыққа таслаңлар! Ол сол жерде жылап, пушайман жейди».
14 Өйткени мирәт етилгенлер көп, ал таңлап алынғанлар аз.
15 Сонда парисейлер сыртқа шығып кетип, Ийсаны қалай сөзинен тутыў туўралы ойласа баслады.
16 Оған Ҳиродтың адамлары менен бирге өзлериниң шәкиртлерин жиберип, былай деп айтқызды: – Устаз! Бизлер Сениң дурыс адам екениңди ҳәм жағымпазлық етпейтуғыныңды билемиз. Себеби Сен адамлардың бет-жүзине қарамайсаң.
17 Солай етип, бизлерге айтшы, Сен мынаған қалай қарайсаң: Рим патшасы-Қайсарға салық төлеў дурыс па ямаса надурыс па?
18 Бирақ Ийса олардың ҳарам нийетин билип, оларға: – Ҳәй, еки жүзлилер! Сизлер Мени неге сынап атырсызлар?
19 Маған салық теңгесин көрсетиңлер, – деди. Олар Оған бир динар әкелип берди.
20 Ол: – Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деп сорады.
21 Олар: – Рим патшасы-Қайсардың, – деп жуўап берди. Сонда Ийса: – Олай болса, Қайсардың ҳақын Қайсарға, Қудайдың ҳақын Қудайға бериңлер, – деди.
22 Олар буны еситип, таң қалысты ҳәм Оның жанынан кетип қалды.
23 Қайта тирилиў жоқ, деўши саддукейлер сол күни Ийсаға келип, былай деп сораў қойды:
24 – Устаз! Муўса: «Биреў баласы болмай өлсе, изинде қалған жесирине иниси үйленип, ағасының урпағын даўам еттирсин», – деген-ғо.
25 Бизде жети ағайинли жигит бар еди. Солардың бириншиси үйленип, қайтыс болды, баласы болмағанлықтан, ҳаялы инисине қалды.
26 Екиншисине де, үшиншисине де, ҳәтте, жетиншисине де солай болды.
27 Бәринен кейин ҳаялдың өзи де қайтыс болды.
28 Ал енди қайта тирилиўде ол жетеўиниң ишинде қайсысының ҳаялы болады? Ол олардың ҳәммесине де ҳаял болған еди-ғо.
29 Ийса оларға жуўап қайтарып былай деди: – Сизлер Мухаддес Жазыўларды да, Қудайдың қүдиретин де билмегенликтен алжасып турсызлар.
30 Өйткени адамлар қайта тирилиўде үйленбейди де, турмысқа да шықпайды, ал аспандағы периштелер сыяқлы болады.
31 Өлгенлердиң қайта тирилиўи туўралы Қудайдың сизлерге айтқанларын оқымағансызлар ма?
32 Қудай: «Мен Ибрайымның Қудайыман, Ысақтың Қудайыман, Яқыптың Қудайыман» , – деген-ғо. Қудай өлилердиң емес, ал тирилердиң Қудайы.
33 Буны еситкен халық Оның тәлийматына таң қалды.
34 Ийсаның саддукейлерди сөйлетпей таслағанын еситкен парисейлер бир жерге жыйналысты.
35 Олардың арасынан бир диний муғаллим Ийсаны сынамақшы болып,
36 Оннан: – Устаз! Мухаддес Нызамдағы ең баслы буйрық қайсы? – деп сорады.
37 Ийса оған: – «Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил ақыл-ойың менен сүй».
38 Бул – биринши ҳәм ең баслы буйрық. 39Екиншиси де сол сыяқлы: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй».
39 Екиншиси де сол сыяқлы: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй».
40 Пүткил Мухаддес Нызам да, пайғамбарлардың Жазыўлары да усы еки буйрыққа тийкарланған, – деди.
41 Парисейлер жыйналып болғаннан соң, Ийса олардан:
42 – Масих ҳаққында не ойлайсызлар? Ол – кимниң урпағы? – деп сорады. – Ол – Даўыттың Урпағы, – деди олар.
43 Ийса олардан: – Олай болса, Даўыт Мухаддес Руўхтан илҳамланып, Масихты қалайынша «Ийем» деп атаған? Ол былай деген-ғо:
44 «Ийем мениң Ийеме айтты: „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр!“»
45 Солай етип, Даўыт Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның урпағы болады? – деп сорады.
46 Оған ҳеш ким де жуўап бере алмады ҳәм сол күннен баслап, Оған сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.