Матта 24 bob
1 Ийса Ибадатханадан шығып баратырғанда, шәкиртлери Оған Ибадатхананың имаратларын нусқап көрсетиў ушын қасына келди.
2 Сонда Ийса оларға: – Мыналардың бәрин көрип турсызлар ма? Сизлерге шынын айтып турман: бул жерде тас үстинде тас қалмайды, ҳәммеси қыйратылады, – деди.
3 Соннан соң, Ол Зәйтүн таўында отырғанда шәкиртлери аўлақта Оның қасына келип: – Устаз, буның қашан болатуғынын бизлерге айтып бер. Сениң келиўиңди ҳәм усы заманның ақырын қандай белги билдиреди? – деп сораў қойды.
4 Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Биреўлердиң сизлерди алдаўынан сақ болыңлар!
5 Себеби көплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масихпан» деп, көп адамларды алдайды.
6 Сизлер урыслардың шаўқымын ҳәм урыслар ҳаққында мыш-мышларды еситкенде қәўетерленбеңлер. Булардың болыўы шәрт, бирақ бул еле ақыры емес.
7 Өйткени миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы көтериледи, көп жерлерде ашаршылықлар ҳәм жер силкиниўлер болады.
8 Ал булардың ҳәммеси толғақ азабының басланыўындай болады.
9 Сонда сизлерди қыйнаўға услап береди ҳәм өлтиреди. Мениң атым ушын барлық халықлар сизлерди жек көреди.
10 Сонда көп адамлар исенимнен қайтады, бир-бирине сатқынлық ислеп, бирбирин жек көреди.
11 Көплеген жалған пайғамбарлар пайда болып, көп адамларды алдайды.
12 Жаўызлық көбейгенликтен, көп адамлардың сүйиспеншилиги суўыйды.
13 Бирақ, ақырына дейин шыдаған қутқарылады.
14 Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабар пүткил жер жүзине жәрияланып, барлық халықларға гүўалық болады. Соннан кейин, усы заманның ақыры келеди.
15 – Ал Даниел пайғамбар алдын ала айтқан ўайран етиўши жеркенишлиниң мухаддес орында турғанын көргениңизде* (оқыған адам мәнисин түсинсин!),
16 Яҳудиядағылар таўларға қашсын.
17 Ким де ким үйиниң төбесинде болса, үйинен бир нәрсе алайын деп төменге түспесин.
18 Ким де ким атызда болса, шапанын алайын деп изине қайтпасын.
19 Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады!
20 Қашатуғын ўақытларыңыз қыс мәўсимине ямаса дем алыс күнине туўра келмесин деп, Қудайға дуўа етиңлер.
21 Себеби сонда дүнья жаратылғаннан бери усы күнге дейин болмаған ҳәм қайтып болмайтуғын уллы апат болады.
22 Егер сол күнлердиң саны қысқартылмағанда, ҳеш ким де қутқарылмаған болар еди, бирақ Қудай Өзиниң таңлап алған адамлары ушын, сол күнлердиң санын қысқартады.
23 Сонда егер сизлерге биреў: «Қараңлар, Масих бул жерде!» ямаса: «Ол ана жерде» десе исенбеңлер.
24 Өйткени жалған масихлар ҳәм жалған пайғамбарлар пайда болып, егер мүмкин болса, Қудайдың таңлап алғанларын да алдаў ушын, уллы кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислерди көрсетеди.
25 Дыққат етиңлер! Мен сизлерге алдын ала айтып атырман.
26 Солай етип, егер сизлерге: «Мине, Ол шөлистанда!» десе, шықпаңлар ямаса: «Ол жасырын бөлмелерде» десе, исенбеңлер.
27 Себеби Адам Улының келиўи шығыста пайда болып, аспан бойлап батысқа зуўлап өткен жылдырымдай болады.
28 Өлик қай жерде болса, қузғынлар сол жерге жыйналады.
29 – Сол күнлердиң апатынан соң, «Бирден күн қараңғыланады, Ай өз жақтысын түсирмейди, Жулдызлар аспаннан түсип, Аспан күшлери силкинеди».
30 Сонда аспанда Адам Улының кәраматлы белгиси көрингенде, жер жүзиндеги барлық халықлар жылай баслайды. Олар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен аспандағы бултларда киятырғанын көреди.
31 Кәрнайдың күшли даўысы менен Ол Өзиниң периштелерин жибереди ҳәм олар дүньяның төрт тәрепинен, аспанның бир шетинен баслап екинши шетине дейин, Оның таңлап алғанларын жыйнап келеди.
32 – Әнжир ағашын мысалға алыңлар: оның шақалары жумсарып, жапырақ шығара баслағанда, жаздың жақын екенин билесизлер.
33 Сол сыяқлы, сизлер усылардың ҳәммесин көргениңизде Адам Улының жақынлап, есик алдында турғанын билиңлер!
34 Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жойылып кетпесинен бурын усылардың ҳәммеси болады.
35 Аспан менен жер жойылады, бирақ Мениң сөзлерим ҳеш қашан жойылмайды.
36 – Бирақ, сол күнди ҳәм сол саатты ҳеш ким де билмейди: аспандағы периштелер де, Улдың Өзи де, тек ғана Әкем биледи.
37 Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улы келгенде де солай болады.
38 Өйткени суў тасқынынан бурын, Нух кемеге минген күнге дейин, адамлар ишип жеди, үйленди, турмысқа шықты.
39 Суў тасқыны басып, бәрин қырып жойғанға дейин, олар аңғармады. Адам Улы келгенде де солай болады.
40 Сол ўақытта еки адам атызда болса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады.
41 Еки ҳаял дигирман тартып отырса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады.
42 Солай етип, сергек болыңлар! Себеби Ийеңиздиң қашан келетуғынын билмейсизлер.
43 Мынаны билип қойыңлар: егер үй ийеси урының түнниң қайсы ўақтында келетуғынын билсе уйықламай, үйине урының бузып кириўине мүмкиншилик бермеген болар еди.
44 Сонлықтан сизлер де таяр болып турыўыңыз шәрт! Өйткени Адам Улы сизлер ойламағанда келеди.
45 Ийеси үй-ишимдегилерди басқарсын ҳәм оларға ўақтында аўқатын берсин деп тайынлаған исенимли ҳәм ақыллы хызметши ким?
46 Ийеси келгенде оның солай ислеп атырғанын көрсе, сол хызметши бахытлы!
47 Сизлерге шынын айтып турман: ийеси оны өзиниң пүткил мал-мүлкин басқарыўшы етип тайынлайды.
48 Ал егер сол хызметши жаман болып, ишинен: «Ийем тез келе қоймас», – деп ойлап,
49 хызметши жолдасларын сабап, мәскүнемлер менен бирге ишип-жесе,
50 сонда сол хызметшиниң ийеси күтпеген күни ҳәм ойламаған ўақытта келип,
51 оны қатты жазалап, еки жүзлилердиң аўҳалына салады. Сол жерде ол жылап, пушайман жейди.