Матта 26 bob
1 Ийса усы сөзлердиң ҳәммесин айтып болғаннан кейин, Өз шәкиртлерине:
2 – Енди еки күннен соң, Қутқарылыў байрамы* болатуғынын билесизлер. Сонда Адам Улы атанақ ағашқа шегелениўге услап бериледи, – деди.
3 Сол ўақытта бас руўханийлер ҳәм халық ақсақаллары Каяфа деген бас руўханийдиң ҳәўлисине жыйналды.
4 Олар Ийсаны ҳийле менен қолға түсирип алып өлтириў ҳаққында тил бириктирди.
5 Бирақ олар: «Халық арасында қозғалаң болмаўы ушын, бул исти байрам күнлери ислемейик», – дести.
6 Ийса Бетанияда, бурын мақаў кесел болған Симонның үйинде
7 дастурхан басында отырғанда, қолында қымбатлы әтир майға толған мәрмер ыдысы бар бир ҳаял Оның қасына келип, әтир майды Оның басына қуйды.
8 Буны көрген шәкиртлери ашыўланып: – Бундай ысырапкершиликтиң неге кереги бар?
9 Бул әтир майды қымбатқа сатып, ақшасын жарлыларға үлестириўге болар еди-ғо, – дести.
10 Бирақ Ийса буны еситип, оларға: – Бул ҳаялды неге уялтып атырсызлар? Ол Маған жақсылық иследи-ғо.
11 Жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, ал Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман.
12 Ол бул әтир майды денеме қуйып, Мени жерлеўге таярлады.
13 Сизлерге шынын айтып турман: Хош Хабар дүньяның қай жеринде жәрияланса да, бул ҳаял еске алынып, оның ислеген иси айтылатуғын болады, – деди.
14 Соңынан Ийсаның он еки шәкиртиниң бири болған Яҳуда Исқариот деп аталған адам бас руўханийлерге барып:
15 – Ийсаны сизлерге услап берсем, маған не бересизлер? – деп сорады. Олар оған отыз гүмис теңге усынды.
16 Яҳуда да сол ўақыттан баслап Ийсаны услап бериўге қолайлы пайыт изледи.
17 Ашытқысыз нан байрамының биринши күнинде Ийсаның шәкиртлери Оған келип: – Қутқарылыў байрамының асын жеўиң ушын қай жерде таярлық көриўимизди қәлейсең? – деп сорады.
18 Ол жуўап берип былай деди: – Қаладағы пәленше деген адамға барып, оған: «Устазымыз: „Мениң күним жақынлап қалды. Шәкиртлерим менен бирге байрам аўқатын сениң үйиңде жеймен“, деди», – деп айтыңлар.
19 Шәкиртлери Ийсаның тапсырғанын ислеп, байрам аўқатын таярлады.
20 Кеш болғанда, Ийса он еки шәкирти менен бирге дастурхан әтирапына отырды.
21 Олар аўқатланып отырғанда, Ийса оларға: – Сизлерге шынын айтып турман: араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди, – деди.
22 Сонда олар қатты қапа болып, биринен соң бири Оннан: – Мен емеспен бе, Ийем? – деп сорай баслады.
23 Ийса оларға жуўап берип: – Мениң менен бирге табаққа қолын салғанның өзи Маған сатқынлық ислейди.
24 Деген менен, Адам Улы Өзи ҳаққында Мухаддес Жазыўда айтылғандай баратыр, бирақ Адам Улына сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! Ол адамның бул дүньяға келмегени өзи ушын жақсырақ болар еди, – деди.
25 Сонда Оған сатқынлық қылатуғын Яҳуда: – Мен емеспен бе, Устаз? – деди. Ийса оған: – Буны сен өзиң айттың, – деп жуўап берди.
26 Олар аўқатланып отырғанда Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм оны сындырып, шәкиртлерине берди де: – Алыңлар, жеңлер, бул – Мениң денем, – деди.
27 Соңынан Ол кесени қолына алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм оларға кесени берип былай деди: – Ҳәммеңиз буннан ишиңлер!
28 Себеби бул – көп адамның гүналарының кеширилиўи ушын төгилетуғын, Жаңа Келисимди бекитетуғын Мениң қаным.
29 Сизлерге айтатуғыным: Әкемниң Патшалығында сизлер менен жаңасын ишетуғын күниме дейин, Мен бундай жүзим ишимлигинен қайтып ишпеймен.
30 Соңынан олар Қудайды жырлайтуғын қосық айтып, Зәйтүн таўына кетти.
31 Сонда Ийса оларға: – Бул түни ҳәммеңиз Мени таслап кетесизлер. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Шопанды урғанымда, Сүриўдеги қойлар тарқап кетеди».
32 Бирақ қайта тирилгенимнен кейин, сизлерден бурын Галилаға бараман, – деди.
33 Петр Оған жуўап берип: – Сени ҳәммеси таслап кетсе де, мен Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен, – деди.
34 Ийса оған: – Саған шынын айтып турман: бүгин түнде қораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң, – деди.
35 Петр Оған: – Маған Сениң менен бирге өлиўге туўра келсе де, мен Сеннен ҳеш қашан танбайман, – деди. Басқа шәкиртлериниң ҳәммеси де солай деди.
36 Соңынан Ийса шәкиртлери менен бирге Гетсемани деген жерге келип, оларға: – Мен ана жерге барып дуўа етип боламан дегенше, сизлер усы жерде отырыңлар, – деди.
37 Өзи менен бирге Петрди ҳәм Зебедейдиң еки улын алып кетти де, қайғырып қыйнала баслады.
38 Сонда Ийса оларға: – Жаным өлердей қыйналып тур. Сизлер усы жерде қалып, Мениң менен бирге сергек болып турыңлар, – деди.
39 Соңынан Ол бираз шетирек барды да, бетин жерге басып, былай деп дуўа ете баслады: – Әкем Мениң! Егер де мүмкин болса, бул азап кесеси Меннен өтсин. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлеўиң болсын!
40 Шәкиртлериниң қасына қайтып келип, олардың уйықлап атырғанын көрди де, Петрге: – Солай етип, сизлер Мениң менен бирге уйықламай бир саат та отыра алмадыңлар ма?
41 Азғырылмаўыңыз ушын сергек болып, дуўа етиңлер! Руўх қәлейди, бирақ дене ҳәлсиз, – деди.
42 Ийса екинши рет барып, және былай деп дуўа етти: – Әкежаным! Егер бул азап кесеси Мен ишпей Меннен өте алмаса, онда Сениң еркиң орынлансын.
43 Қайтып келип, олардың және уйықлап атырғанын көрди. Өйткени көзлерин уйқы басқан еди.
44 Оларды қалдырып, және барып, үшинши рет те сол сөзлерин қайталап дуўа етти.
45 Соңынан шәкиртлериниң қасына қайтып келип, оларға: – Сизлер еле уйықлап, дем алып атырсызлар ма? Мине, ўақыт болды, Адам Улы гүнакарлардың қолына услап бериледи.
46 Турыңлар, кеттик. Қараңлар, Маған сатқынлық қылыўшы жақынлады, – деди.
47 Ийса еле сөйлеп турғанда, он екиниң бири Яҳуда келди. Оның менен бирге бас руўханийлер ҳәм халық ақсақаллары жиберген жүдә көп адамлар бар еди. Адамлар қолларына қылыш ҳәм шоқмар услаған еди.
48 Ийсаға сатқынлық қылыўшы оларға белги берип: «Мен кимди сүйсем, Ол – Соның Өзи. Оны қолға алыңлар», – деген еди.
49 Ол дәрриў Ийсаның қасына барып: – Ассалаўма әлейкум, Устаз! – деп Оны сүйди.
50 Ийса оған: – Ҳәй, достым, неге келдиң? – деди. Сонда олар Ийсаға жақынлап келди де, Оған қол салып услап алды.
51 Сол ўақытта-ақ Ийса менен бирге болғанлардың биреўи қылышын суўырып алып, бас руўханийдиң қулының қулағын шаўып таслады.
52 Бирақ Ийса оған: – Қылышыңды қынабына салып қой! Қылыш көтериўшилердиң ҳәммеси де қылыштан қаза табады.
53 Сен егер Мен ҳәзир Әкемнен сорасам, Ол Маған он еки легионнан да артық периште жибермейди, деп ойлайсаң ба?
54 Бирақ егер ондай болса, Мухаддес Жазыўлардағы солай болыўы тийис деген сөзлер қалайынша орынланар еди? – деди.
55 Сонда Ийса халыққа: – Мени услаў ушын, жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме? Мен ҳәр күни Ибадатханада отырып тәлим беретуғын едим, бирақ сизлер Мени усламадыңлар.
56 Усылардың ҳәммеси пайғамбарлардың Жазыўларының орынланыўы ушын болды, – деди. Сонда шәкиртлериниң ҳәммеси Оны таслап, қашып кетти.
57 Ийсаны қолға алғанлар Оны Каяфа деген бас руўханийге апарды. Ол жерге диний муғаллимлер менен ақсақаллар жыйналған еди.
58 Петр Ийсаға бас руўханийдиң ҳәўлисине дейин узақтан ерип барды ҳәм соңын көриў ушын ишке кирип, сақшылар менен бирге отырды.
59 Бас руўханийлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиў ушын, Оған қарсы жалған гүўалық изледи.
60 Көплеген жалған гүўалар келсе де, таба алмады. Ақырында еки жалған гүўа келип:
61 – Ол: «Қудайдың Ибадатханасын бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклей аламан», – деп айтты, – деди.
62 Сонда бас руўханий орнынан турып, Ийсадан: – Олар Саған қарсы гүўалық берип атыр-ғо. Сен неге ҳеш жуўап бермейсең? – деп сорады.
63 Бирақ Ийса үндемеди. Сонда бас руўханий Оған: – Мен Саған тири Қудайдың аты менен буйыраман. Бизлерге айтшы: Қудайдың Улы, Масих – Сенбисең? – деп сорады.
64 Ийса оған: – Өзиң айттың. Сизлерге айтатуғыным: усы ўақыттан баслап, сизлер Адам Улының Қүдиретлиниң оң жағында отырғанын ҳәм аспандағы бултлардың үстинде киятырғанын көресизлер, – деди.
65 Сонда бас руўханий өз кийимлерин жыртып: – Ол Қудайға тил тийгизди-ғо! Енди бизлерге гүўалардың неге кереги бар? Сизлер ҳәзир Оның Қудайға тил тийгизгенин өзлериңиз еситтиңиз-ғо!
66 Сизлердиң ҳүкимиңиз қандай болады? – деп сорады. Олар жуўап қайтарып: – Ол өлим жазасына тартылыўы тийис, – деди.
67 Сонда олар Оның бетине түкирип, Оны ура баслады. Биреўлер бетине шапалақ пенен урып,
68 Оған: – Ҳәй, Масих! Бизлерге ўәлийлик етип айт: Сени ким урды? – деди.
69 Сол ўақытта Петр сыртта, ҳәўлиде отырған еди. Оның қасына бир шоры қыз келип: – Сен де галилалы Ийса менен бирге едиң-ғо, – деди.
70 Бирақ ол ҳәммениң алдында танып: – Сениң не айтып турғаныңды түсинбеймен, – деди.
71 Ол дәрўазаға қарай баратырғанда оны басқа бир шоры қыз көрип, сол жердегилерге: – Мына адам Насыралы Ийса менен бирге болған-ғо, – деди.
72 Ол ант ишип: – Мен ол Адамды танымайман, – деп және танды.
73 Бираздан кейин, сол жерде турғанлар Петрге жақынлап келип, оған: – Шынында да, сен солардың бирисең. Бул сениң сөйлегениңнен анық билинип тур-ғо, – деди.
74 Сонда Петр: – Шынын айтып турман, мен ол Адамды танымайман, – деп ант ишип, өзин өзи ғарғай баслады. Сол ўақытта-ақ қораз шақырды.
75 Сонда Ийсаның: «Қораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзи Петрдиң есине түсти. Ол сыртқа шығып кетип, өкирип жылады.