Матта 28 bob

Ийсаның қайта тирилиўи (1-10), Сақшылардың хабары (11-15), Уллы тапсырма (16-20).

1 Яҳудийлердиң дем алыс күни өткеннен соң, екшемби күни таң сәҳәрде магдалалы Мәриям ҳәм басқа Мәриям қәбирди көриўге келди.
2 Бирден жер қатты силкинип, Қудайдың периштеси аспаннан түсип келди де, қәбирдиң аўзындағы тасты домалатып алып таслап, оның үстине отырды.
3 Периштениң түси жылдырымдай болып, кийими қардай аппақ еди.
4 Сақшылар оннан қатты қорқып қалтырасты ҳәм өли сыяқлы болып, жаны қалмады.
5 Периште ҳаялларға: – Қорқпаңлар! Атанақ ағашқа шегеленген Ийсаны излеп келгенлериңизди билемен.
6 Ол бул жерде жоқ. Өзиниң айтқанындай, Ол қайта тирилди. Барып, Оның жатқан жерин көриңлер.
7 Ҳәзир тез Оның шәкиртлерине барып: «Ийса өлимнен қайта тирилипти! Ол сизлерден бурын Галилаға барады. Оны сол жерде көресизлер!» – деп айтып барыңлар. Мениң сизлерге айтатуғыным усы, – деди.
8 Ҳаяллар биресе қорқысып, биресе қатты қуўанысып, қәбирден тез шықты да, Оның шәкиртлерине хабарды жеткизиў ушын асығып жуўырып кетти.
9 Күтилмегенде Ийса олардың алдынан шығып: – Ассалаўма әлейкум! – деди. Олар жақынлап келди де, Ийсаның аяғын қушақлап, Оған табынды.
10 Сонда Ийса оларға: – Қорқпаңлар! Мениң туўысқанларыма барып айтыңлар, Галилаға барсын. Олар Мени сол жерде көреди, – деди.
11 Ҳаяллар жолда жүргенде сақшылардың гейбиреўлери қалаға барып, болған ўақыяның барлығын бас руўханийлерге айтып берди.
12 Бас руўханийлер ақсақаллар менен жыйналысып кеңести де, әскерлерге көп ақша берип:
13 – «Түнде бизлер уйықлап атырғанымызда шәкиртлери келип, Оны урлап алып кетти», – деп айтыңлар.
14 Егер бул хабар ҳәкимниң қулағына жетсе, бизлер оның менен келисип, сизлерди ҳәр қандай бәледен сақлап қаламыз, – деди.
15 Әскерлер ақшаны алып, олардың үйретиўи бойынша иследи. Ал усы сөз яҳудийлердиң арасында бүгинги күнге дейин кең тарқалған.
16 Он бир шәкирти Галилаға, Ийсаның өзлерине айтқан таўына барды.
17 Олар Ийсаны көргенде, Оған табынды, бирақ гейбиреўлери гүманланды.
18 Сонда Ийса олардың қасына келип: – Маған аспанда да, жерде де пүткил бийлик берилген.
19 Сонлықтан да барып, барлық миллетлерди Маған шәкирт қылыңлар: оларды Әкениң, Улдың ҳәм Мухаддес Руўхтың аты менен шомылдырып,
20 Мениң сизлерге буйырғанларымның ҳәммесин орынлаўды оларға үйретиңлер. Минекей, Мен дүньяның ақырына дейин ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге боламан! – деди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.