Матта 5 bob

Таўдағы ўаз (1-2), Ҳақыйқый бахытлылық (3-12), Дуз ҳәм жақтылық (13-16), Мухаддес Нызам туўралы (17-20), Ғәзеп туўралы (21-26), Неке ҳадаллығын бузыў ҳәм ажырасыў туўралы (27-32), Ант ишиў туўралы (33-37), Өш алыў туўралы (38-42), Душпанларыңызды сүйиңлер! (43-48).

1 Ийса халықты көрип, бир таўға шықты. Ол отырғаннан кейин, шәкиртлери қасына келди.
2 Ийса оларға былай деп тәлим бере баслады:
3 – Руўхый жарлы болғанлар бахытлы! Аспан Патшалығы олардики!
4 Қайғырып жүргенлер бахытлы! Олар жубаныш табады.
5 Кишипейиллилер бахытлы! Олар жер жүзине ийелик етеди.
6 Ҳақлыққа мүтәж болғанлар бахытлы! Қудай оларды толық қанаатландырады.
7 Мийрим-шәпәәтлилер бахытлы! Олар мийрим-шәпәәт алады.
8 Пәк кеўиллилер бахытлы! Олар Қудайды көреди.
9 Жарастырыўшылар бахытлы! Олар Қудайдың балалары деп аталады.
10 Ҳақлық ушын қуўдаланғанлар бахытлы! Аспан Патшалығы олардики.
11 Адамлар сизлерди Мен себепли хорласа, қуўдаласа, ҳәр түрли өтирик сөзлер менен жаманласа, сизлер бахытлысызлар!
12 Қуўаныңлар ҳәм шадланыңлар! Өйткени сизлердиң аспандағы сыйыңыз үлкен. Сизлерден бурынғы пайғамбарларды да усылай қуўдалаған.
13 – Сизлер – дүньяның дузысызлар. Бирақ дуз өз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? Онда ол ҳеш нәрсеге жарамайды, тек шығарып тасланып, адамлардың аяғы астында басылып қалады.
14 Сизлер – дүньяның нурысызлар. Таў басына салынған қала жасырын болып қалмайды.
15 Сондай-ақ шыраны жаққаннан соң, оны ыдыстың астына емес, ал шыра қойғышқа қояды, сонда ол үйдегилердиң ҳәммесине өз жақтысын түсиреди.
16 Сол сыяқлы, сизлердиң нурыңыз адамлардың алдында жарқырай берсин. Адамлар сизлердиң жақсы ислериңизди көрип, аспандағы Әкеңизди даңққа бөлесин!
17 – Сизлер Мени Мухаддес Нызамды ямаса пайғамбарлардың Жазыўларын бийкар етиўге келди, деп ойламаңлар. Мен бийкар етиў ушын емес, ал орынлаў ушын келдим.
18 Сизлерге шынын айтып турман: аспан менен жер жойылмағанша, Мухаддес Нызамның бир ҳәриби де, бир ноқаты да жойылмайды, барлығы да орынланыўы тийис.
19 Солай етип, ким де ким усы буйрықлардың ең киши биреўин бузып, адамларға да солай үйретсе, ол Аспан Патшалығында ең киши болып саналады. Ал ким де ким оларды орынлап, адамларға үйретсе, ол Аспан Патшалығында уллы болып саналады.
20 Мениң сизлерге айтатуғыным: егер сизлердиң ҳақлығыңыз диний муғаллимлер менен парисейлердикинен артық болмаса, сизлер Аспан Патшалығына кирмейсиз.
21 – «Адам өлтирме! Ким де ким адам өлтирсе, ол ҳүким етилиўге тийисли», – деп бурынғыларға айтылғанды еситкенсиз.
22 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким туўысқанына бийкарға ғәзепленсе, ол ҳүким етилиўге тийисли. Ким де ким туўысқанын масқаралап, оған: «Ақылсыз адамсаң!» десе, жоқарғы кеңес тәрепинен ҳүким етилиўге тийисли. Ал ким де ким туўысқанына: «Ақмақ!» десе, дозақ отына түсиўге тийисли.
23 Сонлықтан егер де сен қурбанлығыңды қурбанлық шалынатуғын орынға алып келгениңде, жақын адамыңның саған өкпели екени сол жерде есиңе түссе,
24 қурбанлығыңды сол жердиң алдында қалдырып, әўели жақын адамыңа барып, оның менен жарасып ал! Соңынан қайтып келип, қурбанлығыңды Қудайға бер.
25 Сен даўласың менен бирге ҳүким етилиўге баратырған ўақтыңда, оның менен тезирек жарасып ал. Олай етпесең, ол сени қазының алдына апарады, қазы сени сақшыға тапсырып, қаматып таслайды.
26 Саған шынын айтаман: соңғы тийиниңди төлеп таўыспағаныңша, ол жерден шыға алмайсаң.
27 – Сизлер: «Неке ҳадаллығын бузба!» – дегенди еситкенсиз.
28 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким басқа бир ҳаялға бузық нийет пенен қараса, ол әлле қашан-ақ, кеўлинде оның менен неке ҳадаллығын бузған болады.
29 Егер сени оң көзиң азғырса, оны ойып тасла. Себеби пүткил денеңниң дозаққа түскенинен гөре, бир мүшеңниң жоқ болғаны саған жақсырақ болады.
30 Егер сени оң қолың азғырса, оны шаўып тасла. Пүткил денеңниң дозаққа түскенинен гөре, бир мүшеңниң жоқ болғаны саған жақсырақ болады.
31 Тағы да: «Ким де ким өз ҳаялы менен ажыраспақшы болса, оған талақ хат берсин», – делинген.
32 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким неке ҳадаллығын бузбаған ҳаялынан ажырасса, ҳаялының неке ҳадаллығын бузыўына себепкер болады. Сондай-ақ ким де ким күйеўинен ажырасқан бир ҳаялды алса, ол неке ҳадаллығын бузады.
33 – Тағы да сизлер: «Антыңды бузба, Қудай алдында антыңды орынла!» – деп бурынғыларға айтылғанды еситкенсиз.
34 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ҳеш ўақытта ант ишпе! Аспан менен де ант ишпе, өйткени ол – Қудайдың тахты.
35 Жер менен де ант ишпе, себеби ол – Оның аяқ басары. Ерусалим менен де ант ишпе, өйткени ол – уллы Патшаның қаласы.
36 Өз басың менен де ант ишпе, себеби сен бир тал шашыңды да ағарта ямаса қарайта алмайсаң.
37 Сизлердиң: «аўа» сөзиңиз «аўа» ямаса «яқ» сөзиңиз «яқ» болсын, буннан басқасы шайтаннан.
38 – Сизлер: «Көзге көз, тиске тис», – дегенди еситкенсиз.
39 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: жаман адам менен қарсыласпаңлар. Биреў бетиңниң оң жағына урса, оған бетиңниң сол жағын да тут.
40 Биреў сениң менен даўласып көйлегиңди алғысы келсе, оған шапаныңды да шешип бер.
41 Биреў сени өзи менен бирге бир шақырым жер жүриўге мәжбүрлесе, оның менен бирге еки шақырым жүр.
42 Сеннен сорағанға бер, сеннен қарызға алайын дегеннен аяма.
43 – Сизлер: «Жаныңдағы адамды сүй, душпаныңды жек көр» , – дегенди еситкенсиз.
44 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: душпанларыңызды сүйиңлер, сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын дуўа етиңлер.
45 Сонда аспандағы Әкеңиздиң балалары боласызлар. Өйткени Ол жаманлардың үстине де, жақсылардың үстине де, Өз қуяшының нурын төгеди ҳәм ҳақ адамлардың үстине де, наҳақлардың үстине де, жаўынын жаўдырады.
46 Егер сизлер өзлериңизди сүйгенлерди ғана сүйсеңлер, қандай сыйлық аласызлар? Салықшылар да солай ислемей ме?
47 Сизлер туўысқанларыңыз бенен ғана сәлемлессеңлер, онда қандай өзгешеликлериңиз бар? Бутқа табыныўшылар да солай ислемей ме?
48 Солай етип, аспандағы Әкеңиздиң минсиз болғаны сыяқлы, сизлер де минсиз болыңлар!


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.