Матта 7 bob

Басқаларды ҳүким етпеңлер! (1-6), Сораңлар, излеңлер, есикти қағыңлар (7-12), Тар қапыдан кириңлер (13-14), Терек мийўесинен билинер (15-23), Ақыллылық ҳәм ақылсызлық (24-29).

1 – Басқаларды ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсизлер.
2 Өйткени сизлер басқаларды қалай ҳүким етсеңлер, Қудай да сизлерди солай ҳүким етеди. Қандай өлшем менен өлшеп берсеңлер, Қудай да сизлерге сондай өлшем менен өлшеп береди.
3 Сен неге туўысқаныңның көзиндеги шөпти көрип турып, өз көзиңдеги қаданы сезбейсең?
4 Өз көзиңде қада бола тура, қалай: «Қәне, көзиңдеги шөпти шығарып алайын», – деп туўысқаныңа айтасаң?
5 Ҳәй, еки жүзли! Дәслеп өз көзиңдеги қаданы шығар, сонда анық көрип, туўысқаныңның көзиндеги шөпти шығара аласаң.
6 Мухаддес затты ийтлерге бермеңлер, ҳинжи-маржанларыңызды шошқалардың алдына тасламаңлар. Оларды аяқлары менен басқылап, айланып келип сизлерди тилкимлеп таслайды.
7 – Сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады.
8 Себеби сораған ҳәр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады.
9 Сизлердиң араңызда улы нан сораса, тас беретуғын адам бар ма?
10 Я болмаса, балық сораса, оған жылан беретуғын бар ма?
11 Өзлериңиз жаман бола тура, балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, онда аспандағы Әкеңиз Өзинен сорағанларға қаншелли көп ийгиликлер береди!
12 Солай етип, ҳәмме исте адамлардың сизлерге не ислегенин қәлесеңлер, сизлер де оларға соны ислеңлер. Мухаддес Нызамның да, пайғамбарлардың Жазыўларының да мәниси усы.
13 – Тар қапыдан кириңлер. Өйткени набыт болыўға апаратуғын қапы кең, жол да үлкен, оның менен жүретуғынлар көп.
14 Ал өмирге апаратуғын қапы тар, жол да киши, оны табатуғынлар аз.
15 – Жалған пайғамбарлардан сақ болыңлар! Олар қой терисин жамылып сизлерге келеди, бирақ ишлеринде олар жыртқыш қасқырлар.
16 Сизлер оларды мийўесинен билесизлер. Шеңгелден жүзим ямаса ошағаннан әнжир жыйнай аласыз ба?
17 Ҳәр бир жақсы терек жақсы мийўе береди, жаман терек жаман мийўе береди.
18 Жақсы терек жаман мийўе, жаман терек жақсы мийўе бере алмайды.
19 Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады.
20 Солай етип, сизлер оларды мийўесинен билесизлер.
21 Маған: «Ийем! Ийем!» дегенниң ҳәр бири емес, тек аспандағы Әкемниң еркин орынлаўшы Аспан Патшалығына киреди.
22 Заманның ақырғы күнинде көбиси Маған: «Ийем! Ийем! Бизлер Сениң атың менен пайғамбаршылық етип, Сениң атың менен жинлерди қуўып шығармадық па? Сениң атың менен көп кәраматлар ислемедик пе?» – дейди.
23 Сонда Мен оларға: «Мен сизлерди ҳеш қашан таныған емеспен, Меннен аўлақ кетиңлер, ҳәй, нызамды бузыўшылар!» – деп ашық айтаман.
24 – Солай етип, Мениң усы сөзлеримди тыңлап, оларды орынлаўшылардың ҳәр бири өз үйин жар тас үстине салған ақыллы адамға уқсайды.
25 Жаўын жаўып, дәрьялар тасып, самал есип, бул үйди соққылады, бирақ ол жар тас үстине салынғанлықтан қуламады.
26 Ал Мениң усы сөзлеримди тыңлап, оларды орынламаўшылардың ҳәр бири өз үйин шеге қум үстине салған ақылсыз адамға уқсайды.
27 Жаўын жаўып, дәрьялар тасып, самал есип, бул үйди суў басқанда, ол қулап, қатты қыйралды.
28 Ийса усы сөзлерди айтып болғанда, халық Оның тәлимине таң қалды.
29 Себеби Ол диний муғаллимлер сыяқлы емес, ал Өз бийлиги менен адамларға тәлим берди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.