Лука 7 bob

Римли жүзбасының исеними (1-10), Жесир ҳаялдың баласының тирилиўи (11-17), Ийса ҳәм Шомылдырыўшы Яқыя (18-35), Ийса ҳәм гүнакар ҳаял (36-50).

1 Ийса Өзин тыңлап турған халыққа ҳәмме сөзин айтып болғаннан соң, Капарнаҳумға кетти.
2 Сол жерде бир римли жүзбасының қәдирлейтуғын хызметшиси аўырып, өлим төсегинде жатырған еди.
3 Жүзбасы Ийса туўралы еситип, Ол келип, хызметшиме шыпа бермес пе екен деп, өтиниш етиў ушын, Оған яҳудийлердиң ақсақалларын жиберди.
4 Олар Ийсаның қасына келди де, қатты өтиниш етип: – Ол Сениң жәрдем бериўиңе минәсип.
5 Себеби ол халқымызды жақсы көреди, бизлерге мәжилисхана да салып берди, – деди.
6 Ийса олар менен бирге кетти. Ол үйге жақынлап қалғанда, жүзбасы Оған досларын жиберип, былай деп айтқызды: – Әўере болмай-ақ қой, Ийем! Сениң шаңарағыма келиўиңе мен ылайықлы емеспен.
7 Сонлықтан өзимниң Саған барыўымды да минәсип көрмедим. Тек бир сөз айтсаң болды, хызметшим жазылып кетеди.
8 Өйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, өзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине: «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди. Қулыма: «мынаны исле» десем, ислейди.
9 Бул сөзлерди еситкен Ийса таң қалды ҳәм изине ерип киятырған халыққа бурылып: – Сизлерге айтатуғыным: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим, – деди.
10 Жиберилгенлер үйге қайтып келгенде, аўырыў хызметшиниң жазылып кеткенин көрди.
11 Арадан көп өтпей, Ийса Наин деген қалаға келди. Оның менен шәкиртлери ҳәм көп халық бирге жүрди.
12 Ийса қала дәрўазасына жақынлағанда, бир жесир ҳаялдың жалғыз баласының өлигин көтерип шығарып атыр еди. Қаланың көп адамлары ҳаял менен бирге жүрип киятыр еди.
13 Ийемиз ҳаялды көргенде жаны ашып: – Жылама! – деди.
14 Ийса жақынлап келип, табытқа қолын тийгизгенде, табыт көтерип киятырғанлар тоқтап қалды. Ол: – Ҳәй жас жигит, саған айтаман: орныңнан тур! – деди.
15 Өли тикейип отырды да, сөйлей баслады. Ийса оны анасына тапсырды.
16 Ҳәммени қорқыныш бийлеп: – Арамызда уллы пайғамбар пайда болды. Қудай Өз халқына жәрдемге келди, – деп Қудайға алғыс айтты.
17 Ийса туўралы бул хабар пүткил Яҳудия үлкесине ҳәм дөгеректеги жерлерге жайылды.
18 Шәкиртлери Яқыяға болып өткен ўақыялар ҳаққында хабарлады.
19 Яқыя шәкиртлериниң екеўин шақырып алып: «Келетуғын Қутқарыўшы Сенбисең ямаса басқа биреўди күтиўимиз керек пе?» – деп сораў ушын, оларды Ийемизге жиберди.
20 Олар Ийсаға келип: – Шомылдырыўшы Яқыя бизлерди: «Келетуғын Қутқарыўшы Сен бе ямаса басқасын күтейик пе?» – деп сораў ушын, Саған жиберди, – деди.
21 Сол ўақытта Ийса аўырыў менен кеселлерге ҳәм жаўыз руўхларға шалынған көплеген адамларға шыпа берип, көп соқырлардың көзин ашқан еди.
22 Ийса оларға жуўап берип: – Барыңлар, еситип-көргенлериңизди Яқыяға билдириңлер. Соқырлардың көрип, ақсақ болғанлардың жүрип, мақаў кесел болғанлардың тазаланып, гереңлердиң еситип, өлгенлердиң тирилип, Хош Хабардың жарлыларға жәрияланып атырғанын айтып бериңлер.
23 Маған гүмансыз исенгенлер бахытлы! – деди.
24 Яқыяның жиберген адамлары қайтып кеткеннен соң, Ийса халыққа Яқыя туўралы былай деп айта баслады: – Сизлер шөл далаға нени көриўге бардыңлар? Самал тербеткен қамысты ма?
25 Нени көриўге бардыңлар? Жипек кийим кийген бир адамды ма? Бирақ ҳасыл кийим кийип, байлықта жасайтуғынлар патша сарайларында болады-ғо.
26 Солай етип, нени көриўге бардыңлар? Пайғамбарды ма? Аўа, Мениң сизлерге айтатуғыным: ол – пайғамбардан да уллы.
27 Бул адам ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Мине, Мен Сеннен бурын Өз хабаршымды жиберемен, ол Сениң баратуғын жолыңды алдыңнан таярлап қояды».
28 Сизлерге айтатуғыным: ҳаялдан туўылғанлардың арасында Шомылдырыўшы Яқыядан уллы адам жоқ. Бирақ Қудай Патшалығындағы ең кишкене адам да оннан уллы.
29 Буны еситкен пүткил халық, ҳәтте, салықшылар да Қудайдың ҳақлығын мойынлады. Себеби олар Яқыяның қолынан шомылдырылған еди.
30 Бирақ парисейлер менен нызам муғаллимлери Қудайдың оларға арнаған еркин қабыл алмады. Өйткени олар Яқыяның қолынан шомылдырылыўдан бас тартқан еди.
31 Ийса және: – Ҳәзирги әўладтың адамларын кимге уқсатайын, олар кимлерге мегзейди?
32 Олар базарда бир-бирине қышқырысып: «Сизлерге сыбызғы шерттик, бирақ сизлер ойнамадыңлар! Сизлерге жоқлаў айттық, бирақ сизлер жыламадыңлар!» – деп отырған балаларға уқсайды.
33 Себеби Шомылдырыўшы Яқыя келип, нан да жемеди, шарап та ишпеди. Ал сизлер оны: «Жин урған», – дейсизлер.
34 Адам Улы келип, жеп те, ишип те жүр, сизлер Оны: «Мине, тамақсаў ҳәм арақхор адам, Ол салықшылар менен гүнакарлардың досты», – дейсизлер.
35 Ал Қудайдың даналығы оны қабыл ететуғынлардың ҳәммеси арқалы ақланады, – деди.
36 Парисейлердиң бири Ийсаны аўқатқа мирәт етти. Ийса парисейдиң үйине кирип, дастурхан әтирапына отырды.
37 Сол қалада жасаўшы бир гүнакар ҳаял Ийсаның парисейдиң үйинде, дастурхан басында отырғанын билип, ишинде әтир майы бар мәрмер ыдыс алып келди.
38 Ол артта, Ийсаның аяқ бетинде турып жылап, көз жасларын Ийсаның аяқларына төге баслады ҳәм оларды шашлары менен сүртти. Оның аяқларын сүйип, ийис май менен майлады.
39 Ийсаны мирәт еткен парисей буны көрип, ишинен: – Егер Ол пайғамбар болса, Оған қолын тийгизип турған ҳаялдың кимлигин ҳәм оның қандай ҳаял екенин билер еди. Ол – гүнакар ҳаял-ғо, – деди.
40 Ийса оған: – Симон, саған айтатуғын бир аўыз сөзим бар, – деди. – Айта бер, Устаз! – деди Симон.
41 Ийса оған: – Бир қарыз бериўшиниң еки қарыздары бар екен: биреўиниң бес жүз, екиншисиниң елиў динар қарызы болыпты.
42 Бирақ олардың төлейтуғын ҳеш нәрсеси болмағанлықтан, ол екеўиниң де қарызынан кешипти. Қәне, айтшы, олардың қайсысы оны көбирек сүйеди? – деди.
43 Симон: – Мениң ойымша: қарызы көбирек кеширилгени, – деп жуўап берди. – Дурыс айтасаң, – деди Ийса оған.
44 Соңынан ҳаялға бурылып, Симонға: – Бул ҳаялды көрип турсаң ба? Үйиңе келгенимде, сен Маған аяқларымды жуўатуғын суў да бермедиң. Ал ол көз жаслары менен аяқларымды жуўып, шашлары менен сүртти.
45 Сен Мени сүймедиң, ал ол Мен келгеннен бери аяқларымды тоқтамастан сүйип атыр.
46 Сен басыма май да жақпадың, ал ол аяқларыма ийис май жақты.
47 Сонлықтан саған айтатуғыным: оның көп гүналары кеширилди. Сүйиспеншилигиниң күшли болыўының себеби – сол. Ким аз кеширилсе, сол аз сүйеди, – деди.
48 Соңынан ҳаялға: – Гүналарың кеширилди, – деди.
49 Сонда Ийса менен бирге дастурхан басында отырғанлар өз ара: – Гүналарды да кеширетуғын бул ким өзи? – дести.
50 Ал Ийса ҳаялға: – Исенимиң сени қутқарды, тынышлық пенен бара бер, – деди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.