Юхан 8 bob

Бузықшылықта усланған ҳаял (1-11), Ийса – дүньяның нуры (12-30), Ибрайымның урпақлары (31-47), Ийса ҳәм Ибрайым (48-59).

1 Ал Ийса Зәйтүн таўына кетти.
2 Таң атқанда, Ол және Ибадатханаға қайтып барды. Пүткил халық Оның қасына келди ҳәм Ийса отырып, оларға тәлим бере баслады.
3 Сонда диний муғаллимлер менен парисейлер Ийсаның алдына бузықшылық ислеп атырғанда усланған бир ҳаялды алып келди. Ҳаялды ортаға турғызып:
4 – Устаз! Бул ҳаял бузықшылық ислеп атырғанда усланды.
5 Муўса Нызамда бизлерге бундай ҳаялларды тас пенен урыўды буйырған. Сен не дейсең? – деди.
6 Олар бул сөзлерди Ийсаны сынап, Оны айыплайтуғын бир сылтаў табыў ушын айтты. Бирақ Ийса еңкейип, бармағы менен жерге жазып отыра берди.
7 Олар сораўларын даўам ете бергеннен соң, Ийса түргелип: – Араңызда ким гүнасыз болса, сол биринши болып ҳаялға тас атсын, – деди.
8 Соңынан және еңкейип, жерге жаза берди.
9 Олар бул сөзлерди еситкенде, жасы үлкенлеринен баслап, бирим-бирим кете баслады. Ақырында жалғыз Ийса менен ортада турған ҳаял қалды.
10 Ийса орнынан турып, ҳаялға: – Ҳаял! Олар қаяқта? Ҳеш ким сени айыпламады ма? – деди.
11 – Ҳеш ким, Мырза! – деп жуўап берди ҳаял. Ийса оған: – Мен де сени айыпламайман, бар, буннан былай гүна ислеме, – деди.
12 Ийса және халыққа былай деди: – Мен – дүньяның нурыман. Ким де ким Маған ерсе, қараңғылықта жүрмейди, ал өмир нурына ийе болады.
13 Сонда парисейлер Ийсаға: – Сен Өзиң ҳаққында Өзиң гүўалық берип атырсаң. Сениң гүўалығың ҳақыйқат емес, – деди.
14 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Мен Өзим ҳаққында Өзим гүўалық берсем де, гүўалығым ҳақыйқат. Өйткени Мен қаяқтан келгенимди ҳәм қаяққа кететуғынымды билемен. Ал сизлер Мениң қаяқтан келгенимди ҳәм қаяққа кететуғынымды билмейсизлер.
15 Сизлер адамның ойпикири менен ҳүким етесизлер, ал Мен ҳеш кимди ҳүким етпеймен.
16 Егер Мен ҳүким етсем де, Мениң ҳүкимим әдил. Себеби Мен жалғыз емеспен. Мен ҳәм Мени Жиберген Әкем екеўмиз бирге ҳүким етемиз.
17 Сизлердиң Мухаддес Нызамыңызда: «Еки адамның гүўалығы дурыс», – деп жазылған-ғо.
18 Мен Өзим ҳаққында Өзим гүўалық беремен ҳәм Мени жиберген Әкем де гүўалық береди.
19 Сонда олар Ийсадан: – Сениң Әкең қаяқта? – деп сорады. Ийса оларға: – Сизлер Мени де, Мениң Әкемди де билмейсизлер. Егер Мени билгениңизде, Әкемди де билер едиңлер, – деди.
20 Ийса бул сөзлерди Ибадатханада тәлим берип атырып, садақа қутысының қасында айтты. Бирақ ҳеш ким Оны усламады, өйткени Оның ўақты еле келмеген еди.
21 Ийса оларға және: – Мен кетип баратырман. Сизлер Мени излейсизлер. Бирақ өз гүналарыңыз бенен өлесизлер. Мениң баратуғын жериме сизлер келе алмайсызлар, – деди.
22 Сонда яҳудий басшылары өз ара: – Ол Өзин Өзи өлтирежақ па екен? Неге: «Мениң баратуғын жериме сизлер келе алмайсызлар», – деп атыр? – дести.
23 Ийса оларға былай деди: – Сизлер төменненсиз, Мен жоқарыданман. Сизлер бул дүньядансыз, ал Мен бул дүньядан емеспен.
24 Сонлықтан Мен: «Сизлер өз гүналарыңыз бенен өлесизлер», – деген едим. Себеби Мениң Сол екениме исенбесеңлер, өз гүналарыңыз бенен өлесизлер.
25 Сонда олар Ийсадан: – Сен кимсең? – деп сорады. Ийса оларға: – Бастан-ақ сизлерге ким туўралы айтқан болсам, анық Солман.
26 Сизлер туўралы айтатуғын ҳәм сизлерди ҳүким ететуғын көп нәрселерим бар. Мени Жиберген ҳақыйқат ҳәм Мен Оннан не еситсем, дүньяға соны сөйлеймен, – деди.
27 Олар Ийсаның Әке ҳаққында айтып турғанын түсинбеди.
28 Солай етип, Ийса былай деди: – Адам Улын жоқары көтергениңизде, Мениң Сол екенимди ҳәм Өзлигимнен ҳеш нәрсе ислемегенимди, ал Әкемниң Маған үйреткенлерин айтқанымды билип аласызлар.
29 Мени Жиберген Мениң менен бирге, Ол Мени жалғыз қалдырмады. Өйткени Мен ҳәмме ўақыт Оған унайтуғын ислерди ислеймен.
30 Ийса бул сөзлерди айтқанда, Оған көп адамлар исенди.
31 Сол ўақытта Ийса Өзине исенген яҳудийлерге: – Егер Мениң сөзлерим бойынша жасасаңлар, ҳақыйқый шәкиртлерим боласызлар.
32 Сизлер ҳақыйқатты билип аласызлар, ҳақыйқат сизлерди азат қылады, – деди.
33 – Бизлер – Ибрайымның урпағымыз. Ҳеш қашан ҳеш кимге қул болмағанбыз. Неге: «Азат боласызлар», – деп атырсаң? – деди олар.
34 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: гүна ислейтуғын ҳәр бир адам – гүнаның қулы.
35 Қул үйде мәңги қалмайды, ул мәңги қалады.
36 Сонлықтан егер Ул сизлерди азат қылса, ҳақыйқаттан азат боласызлар.
37 Сизлердиң Ибрайымның урпағы екениңизди билемен. Бирақ Мени өлтириўди қәлейсизлер, себеби Мениң сөзим кеўлиңизден жай алмайды.
38 Мен Әкемнен көргенимди айтаман. Ал сизлер әкеңизден еситкениңизди ислейсизлер.
39 Олар Ийсаға жуўап берип: – Бизлердиң бабамыз Ибрайым-ғо, – дести. Ийса оларға: – Егер сизлер Ибрайымның урпақлары болғаныңызда, Ибрайымның ислерин ислер едиңлер.
40 Бирақ енди Мени, Қудайдан еситкен ҳақыйқатты сизлерге айтқан Адамды өлтирежақсызлар. Ибрайым бундай исти ислемеди.
41 Сизлер өз әкеңиздиң ислерин қылып атырсызлар, – деди. – Бизлер некесиз туўылған жоқпыз. Бизлердиң бир ғана Әкемиз бар, Ол – Қудай, – деп жуўап берди олар.
42 Ийса оларға былай деди: – Егер Қудай сизлердиң Әкеңиз болғанда, Мени сүйер едиңлер. Өйткени Мен Қудайдан келдим ҳәм усы жердемен. Мен Өзлигимнен келгеним жоқ, Мени Ол жиберди.
43 Неге айтқанларыма түсинбейсизлер? Себеби Мениң сөзимди тыңлай алмайсызлар.
44 Сизлер өз әкеңиз шайтаннансыз, сизлер оның тилеклерин орынлаўды қәлейсизлер. Ол бастан-ақ адам өлтириўши еди. Ол ҳақыйқат тәрепинде турмаған, өйткени онда ҳақыйқатлық жоқ. Ол өтирик сөйлеген ўақытта өз тәбиятына тән сөйлейди. Себеби ол өтирикши ҳәм өтириктиң әкеси.
45 Бирақ Мен ҳақыйқатты айтып турғанлықтан, Маған исенбей атырсызлар.
46 Қайсы бириңиз Мени гүналы деп, айыплай аласыз? Егер ҳақыйқатты айтып турған болсам, неге Маған исенбей атырсызлар?
47 Ким Қудайдан болса, Қудайдың сөзлерин тыңлайды. Ал сизлер Қудайдан болмағанлықтан тыңламай атырсызлар.
48 Яҳудийлер Ийсаға жуўап берип: – Сен самариялысаң ҳәм Сени жин урған, деп айтқанымыз дурыс емес пе? – деди.
49 Ийса жуўап берип былай деди: – Мени жин урған жоқ. Бирақ Мен Әкемди ҳүрмет қыламан, ал сизлер Мени масқаралап атырсызлар.
50 Мен Өзиме уллылық излемеймен. Уллылығымды излеўши ҳәм ҳүким етиўши Биреў бар.
51 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким сөзлеримди орынласа, ол ҳеш қашан өлим көрмейди.
52 Яҳудийлер Ийсаға: – Сени жин урғанын енди билдик. Ибрайым ҳәм пайғамбарлар өлип кетти. Ал Сен: «Ким де ким Мениң сөзлеримди орынласа, ол ҳеш қашан өлим көрмейди», – деп атырсаң.
53 Сен бизлердиң бабамыз Ибрайымнан уллымысаң? Ол да, пайғамбарлар да өлип кеткен. Сен Өзиңди ким деп санайсаң? – деди.
54 Ийса жуўап берип былай деди: – Егер Мен Өзимди Өзим уллыласам, Мениң уллылығым пуш болады. Мени уллылайтуғын, сизлер «Қудайымыз» деп атайтуғын Мениң Әкем.
55 Сизлер Оны билмейсизлер, ал Мен Оны билемен. Егер Оны билмеймен, десем, сизлер сыяқлы өтирикши боламан. Бирақ Мен Оны билемен ҳәм Оның сөзин орынлайман.
56 Бабаңыз Ибрайым Мениң келетуғын күнимди көретуғынына қуўанды ҳәм көрип шадланды.
57 Яҳудийлер Ийсаға: – Сен еле елиў жасқа да толғаның жоқ-ғо. Сен Ибрайымды көрдиң бе? – деди.
58 Ийса оларға: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Ибрайым туўылмастан бурын Мен бар едим, – деди.
59 Сонда олар Ийсаға ылақтырыў ушын тас алды. Бирақ Ийса олардан жасырынып, Ибадатханадан шығып кетти.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.