Елшилер 11 bob

Петрдиң болған ўақыяны түсиндириўи (1-18), Антиохиядағы исениўшилердиң жәмәәти (19-30).

1 Елшилер менен Яҳудиядағы туўысқанлар басқа миллетлердиң де Қудайдың сөзин қабыл еткенин еситти.
2 Сонлықтан Петр Ерусалимге келгенде, сүннетли исениўшилер оны айыплап:
3 – Сен сүннетсиз адамлардың үйине барып, олар менен бирге ас ишипсең! – деди.
4 Сонда Петр сөз баслап, болған ўақыяны избе-излик пенен айтып берди:
5 – Мен Яффа қаласында дуўа етип отырған едим. Айрықша жағдайға түсип, бир аян көрдим: дастурханға уқсаған бир нәрсе төрт мүйеши асылған ҳалында аспаннан түсип, мениң жаныма дейин келди.
6 Көзлеримди тигип, дастурханға дыққат пенен қарадым. Дастурханның ишинде жер жүзинде жасаўшы төрт аяқлы жаныўарларды, жабайы ҳайўанларды, жер баўырлаўшыларды ҳәм аспан қусларын көрдим.
7 Сонда маған бир даўыстың: «Петр, тур. Сойып же», – дегенин еситтим.
8 «Яқ, Ийем! Аўзыма ҳеш қашан ҳарам ямаса патас нәрсе алғаным жоқ», – дедим.
9 Даўыс аспаннан екинши мәрте еситилип: «Қудайдың ҳадаллағанын сен ҳарам деме!» – деди.
10 Бул үш мәрте тәкирарланды. Соңынан ҳәммеси және аспанға алынды.
11 Тап сол ўақытта Кесариядан маған жиберилген үш адам мен болып атырған үйдиң алдында турған еди.
12 Мухаддес Руўх маған ҳеш екиленбей олар менен кетиўди айтты. Бул алты туўысқанымыз да мениң менен бирге шығып, сол адамның үйине бардық.
13 Ол бизлерге қалайынша бир периштени көргенин айтып берди. Периште оның үйинде пайда болып, өзине: «Яффаға адам жоллап, Петр деп аталатуғын Симонды шақырт.
14 Ол саған сени ҳәм пүткил хожалығыңды қутқаратуғын сөзлерди айтады», – депти.
15 Мен сөйлей баслағаннан-ақ, ең баста бизлердиң үстимизге түскендей, олардың үстилерине де Мухаддес Руўх түсти.
16 Сонда Ийемиздиң мына сөзлери ядыма түсти: «Яқыя суў менен шомылдырды, ал сизлер Мухаддес Руўх пенен шомылдырыласызлар».
17 Солай етип, Қудай Ийемиз Ийса Масихқа исенетуғын бизлерге берген сыйын оларға да берсе, Қудайға қарсы шығатуғындай мен ким болыппан?
18 Бул сөзлерди еситип, олар тынышланды. Қудайды алғыслап былай деди: – Демек, Қудай басқа миллетлерге де тәўбе етип, мәңгилик өмирге ийе болыў мүмкиншилигин берипти.
19 Степан өлтирилген күннен басланған қуўдалаў себепли тарқалған исениўшилер Феникия, Кипр ҳәм Антиохияға шекем барды. Олар Қудайдың сөзин тек яҳудийлерге жәриялайтуғын еди.
20 Бирақ, олардың арасынан кипрлы ҳәм киренели айырым адамлар Антиохияға барып, греклерге де Ийемиз Ийса туўралы Хош Хабарды жәриялап жүрди
21 Ийемиздиң қүдирети олар менен бирге болғанлықтан, көп адамлар исенип, Ийемиздиң жолына түсти.
22 Бул ҳаққында хабар Ерусалимдеги исениўшилердиң жәмәәтине жетип барғанда, олар Барнабаны Антиохияға жиберди.
23 Барнаба сол жерге келгенде, Қудайдың мийримин көрип қуўанды. Олардың ҳәммесине Ийемизге шын кеўилден садық болыңлар, деп ақылнәсият берди.
24 Өйткени ол Мухаддес Руўхқа толған, исеними күшли, жақсы адам еди. Солай етип, көп адамлар Ийемизге алып келинди.
25 Сонда Барнаба Саулды излеў ушын Тарсусқа кетти.
26 Оны таўып, Антиохияға әкелди. Солай етип, Барнаба менен Саул толық бир жыл сол жердеги исениўшилер жәмәәти менен бирге жыйналып, көп адамларға тәлим берди. Усы Антиохия қаласындағы шәкиртлер биринши мәрте масихыйлар деп аталды.
27 Сол күнлери Ерусалимнен Антиохияға бир неше пайғамбарлар келди.
28 Олардан Агабус атлы биреўи орнынан турып, пүткил жер жүзинде ашлық болатуғынын Мухаддес Руўхтан илҳамланып, болжап айтты. Бул ашлық Клавдий патшаның заманында болды.
29 Сонда шәкиртлер Яҳудияда жасайтуғын туўысқанларға қолларынан келгенинше ақшалай жәрдем бериўге қарар етти.
30 Олар жыйналған ақшаларды исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларына Барнаба ҳәм Саул арқалы жиберип, усы қарарды орынлады.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.