Яқып 1 bob

Сәлемнама (1), Сынаў ҳәм азғырыў (2-18), Тыңлаў ҳәм орынлаў (19-27).

1 Мен, Қудайдың ҳәм Ийемиз Ийса Масихтың қулы Яқыптан, жер жүзине тарқалып кеткен Қудайдың халқына сәлем!
2 Ҳәй, туўысқанларым, түрли сынаўларға ушырағаныңызда оны үлкен қуўаныш пенен қабыл етиңлер.
3 Себеби исенимиңиздиң сыналыўынан сабырлық пайда болатуғынын билесизлер.
4 Ҳеш бир кемшиликсиз, жетилискен ҳәм минсиз адамлар болыўыңыз ушын толық сабырлық етиңлер.
5 Егер араңыздағы бириңиздиң даналығы кем болса, ҳәммеге сақыйлық пенен, айыпламай беретуғын Қудайдан сорасын. Қудай оған береди.
6 Бирақ ҳеш гүманланбастан, исеним менен сорасын. Өйткени гүманланған адам самал менен шайқатылып тынышсызланған теңиз толқынына уқсайды.
7 Өзиниң пүткил жолларында турақсыз болған,
8 бундай еки ойлы адам Ийемизден бир нәрсе аламан, деп ойламасын.
9 Төмен жасайтуғын туўысқан Қудайдың өзине берген мәртебеси менен мақтансын.
10 Ал бай туўысқан өз пәслиги менен мақтансын. Себеби бай адам даладағы гүл сыяқлы солып қалады.
11 Қуяш шығып, жәзийрама ыссысы менен шөпти қуўратып таслайды. Оның гүли төгилип, көркиниң гөззаллығы жоғалады. Бай адам да усылай өз ислери менен солып жоқ болады.
12 Сынаўға шыдаған адам бахытлы! Өйткени ол сынаўдан өткеннен соң, Қудайдың Өзин сүйетуғынларға ўәде еткен өмир тажын алады.
13 Азғырылыўға түскенде ҳеш ким: «Мен Қудай тәрепинен азғырылып атырман», – демесин. Себеби Қудай жаманлық пенен азғырыла алмайды ҳәм Оның Өзи де ҳеш кимди азғырмайды.
14 Бирақ ҳәр ким өзиниң жаман қәлеўлерине берилип, алданып азғырылады.
15 Кейин сол қәлеў ҳәмледар болып, гүнаны туўады. Ал гүна жетилисип, өлимди туўады.
16 Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, алданбаңлар!
17 Ҳәр қандай жақсы ҳәм минсиз сый жоқарыдан, нурлар Әкеси болған Қудайдан келеди. Онда ҳеш қандай өзгерис ямаса өзгериўши көлеңке жоқ.
18 Оның жаратқанларының арасында биринши мийўелери болыўымыз ушын, Ол Өз қәлеўи бойынша бизлерди ҳақыйқат сөзи менен өмирге еристирди.
19 Сүйикли туўысқанларым, мынаны есте сақлаңлар: ҳәр бир адам еситиўде шаққан, сөйлеўде ақырын, ғәзеплениўде де ақырын болсын.
20 Өйткени адамның ғәзеби Қудайдың талап еткен ҳақлығын иске асыра алмайды.
21 Сонлықтан ҳәр қандай ипласлықты ҳәм ҳәмме жерди жайлап кеткен жаманлықты таслап, өзлериңизде егилген, жанларыңызды қутқара алатуғын Қудайдың сөзин кишипейиллик пенен қабыл етиңлер.
22 Сөзди тек тыңлаўшылар болып, өз-өзиңизди алдамаңлар, оны орынлаўшылар болыңлар.
23 Егер ким де ким сөзди тыңлап, оны орынламаса, ол өз тәбийғый келбетин айнада көрген адамға уқсайды.
24 Себеби ол өзин көрип болып, кетип қалады ҳәм қандай екенин дәрҳал умытады.
25 Бирақ азатлық бериўши минсиз нызамға анықлап қарайтуғын ҳәм ол бойынша жасайтуғын адам умытшақ тыңлаўшы болмай, оны ис жүзинде қолланады. Бундай адам өз ислери менен бахытлы болады.
26 Өзин диншил деп есаплап, тилин тыймаған адам өзин өзи алдаған болады. Оның диншиллиги бос.
27 Әкемиз Қудайдың алдында пәк ҳәм қәтесиз диншиллик бул – жетим-жесирлерге қыйын күнлеринде жәрдем етип, өзин дүньяның напәкликлеринен сақлаў.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.