Яқып 3 bob

Тилди тыйыў ҳаққында (1-18).

1 Ҳәй, туўысқанларым! Көплериңиз муғаллим бола бермеңлер. Себеби бизлердиң, муғаллимлердиң аўырырақ ҳүким алатуғынымызды билесизлер.
2 Ҳәммемиз көп қәте ислеймиз. Егер ким де ким сөйлегенде қәте қылмаса, ол пүткил денесин бойсындыра алатуғын минсиз адам болғаны.
3 Бизлерге бойсыныўы ушын, атлардың аўызларына суўлық салып, олардың пүткил денесин басқара аламыз.
4 Кемелер де соншелли үлкен болып, күшли самаллар менен жүрсе де, кемешиниң қәлеген жерине жүдә кишкене руль менен бурылады.
5 Сол сыяқлы, тил де денениң кишкене бир мүшеси болса да, көп мақтанады. Кишкене бир ушқын соншелли үлкен тоғайды жандырып жибере алады.
6 Тил – бул от, денемиздиң мүшелери арасында бир жаманлық дүньясы. Ол пүткил денемизди ипласлайды ҳәм өмиримизди жандырады. Оның өзи де дозақ отында жанады.
7 Ҳәр түрли ҳайўанлар, қуслар, жер баўырлаўшылар ҳәм теңиз жаныўарлары адам тәрепинен қолға үйретилген ҳәм қолға үйретилмекте.
8 Бирақ тилди ҳеш бир адам бойсындыра алмайды. Ол тоқтатып болмайтуғын жаманлық болып, өлтириўши зәҳәрге толы.
9 Тилимиз бенен Ийемизди, Әкемизди алғыслаймыз. Сол тилимиз бенен Қудайға уқсатып жаратылған адамларды ғарғаймыз да.
10 Бир аўыздан ҳәм мақтаў, ҳәм ғарғыс шығады. Туўысқанларым, бундай болмаўы керек.
11 Бир булақтан ҳәм душшы, ҳәм ашшы суў шыға ма?
12 Туўысқанларым! Әнжир ағашы зәйтүн ямаса жүзим ағашы әнжир бере ала ма? Ашшы булақ та душшы суў бере алмайды.
13 Араңызда дана ҳәм түсимпаз адам ким? Бундай адам өз даналығын жақсы жүрис-турысы арқалы көрсетип, кишипейиллик пенен жақсы ислер ислеўи тийис.
14 Бирақ егер жүрегиңизде ашшы күншиллик ҳәм менменлик бар болса, онда мақтанбаңлар, ҳақыйқатқа қарсы жалған сөйлемеңлер.
15 Бундай «даналық» жоқарыдан түспеген. Бундай «даналық» дүньядан, адам тәбиятынан, шайтаннан.
16 Өйткени қай жерде күншиллик ҳәм менменлик бар болса, сол жерде тәртипсизлик ҳәм ҳәр түрли жаманлық болады.
17 Бирақ жоқарыдан түскен даналық бириншиден пәк, соңынан татыў, мүләйим, бойсыныўшы, мийрим-шәпәәтке ҳәм жақсы жемислерге толы. Ол әдалатсыз ҳәм еки жүзли емес.
18 Тынышлық пенен туқым сеўип, тынышлық орнатыўшылар ҳақлық жемисин жыйнап алады.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.