Яқып 4 bob

Қудайға бойсыныңлар! (1-10), Бир-бириңизди жаманламаңлар! (11-12), Мақтаншақлық ҳаққында (13-17).

1 Араңыздағы урыс ҳәм жәнжеллер қаяқтан келип шығады? Денелериңиздиң мүшелеринде урысып атырған қәлеўлериңизден емес пе?
2 Бир нәрсени қәлейсизлер, бирақ ерисе алмайсызлар. Сонлықтан адам өлтиресизлер. Күншиллик етесизлер, бирақ қәлегениңизге ерисе алмағанлықтан, жәнжеллесип урысасызлар. Сизлер Қудайдан сорамағаныңыз ушын, алмай атырсызлар.
3 Сорасаңыз да алмай атырсызлар. Себеби жаман нийет пенен, өз нәпсиңизге пайдаланыў ушын сорап атырсызлар.
4 Ҳәй, опасызлар! Дүнья менен дос болыўдың Қудайға душпанлық екенин билмейсизлер ме? Дүньяның досты болыўды қәлеген адам өзин Қудайға душпан қылады.
5 Мухаддес Жазыўда: «Қудайдың бизлерге салған Мухаддес Руўхы бизлердиң Қудайға садық болыўымызды қатты қәлейди», – деп босқа айтылған деп ойлайсызлар ма?
6 Деген менен, Қудайдың бизлерге беретуғын мийрими және де уллырақ. Сонлықтан Мухаддес Жазыўда: «Қудай менменлерге қарсы турады, Бирақ кишипейиллилерге Өз мийримин береди» , – делинген.
7 Солай етип, Қудайға бойсыныңлар! Шайтанға қарсы турыңлар, сонда ол сизлерден қашып кетеди.
8 Қудайға жақынласыңлар, сонда Ол да сизлерге жақынласады. Ҳәй, гүнакарлар, қолларыңызды гүнадан тазалаңлар! Ҳәй, еки ойлылар, жүреклериңизди пәклеңлер!
9 Қайғырыңлар, аза тутып, жылаңлар! Күлкиңиз азаға, қуўанышыңыз қайғыға айлансын.
10 Ийемиздиң алдында өзлериңизди пәс тутыңлар, Ол сизлерди мәртебели қылады.
11 Туўысқанларым, бир-бириңизди жаманламаңлар! Өз туўысқанын жаманлайтуғын ямаса ҳүким ететуғын адам Мухаддес Нызамға қарсы сөйлеп, оны ҳүким еткен болады. Егер сен Мухаддес Нызамды ҳүким етсең, онда Мухаддес Нызамды орынлаўшы емес, ал оны ҳүким етиўши боласаң.
12 Нызам шығарыўшы ҳәм ҳүким етиўши – жалғыз Қудай. Тек ғана Ол қутқарыўға ҳәм набыт қылыўға қүдиретли. Ал туўысқаныңды ҳүким ететуғындай, сен ким болыпсаң?
13 Енди «Бүгин ямаса ертең пәлен қалаға кетемиз, ол жерде бир жыл қалып, саўда-сатық ислеп, пайда көремиз», – дейтуғынлар, тыңлаңлар!
14 Сизлер ертең не болатуғынын билмейсизлер-ғо. Өмириңиздиң өзи не? Ол аз ўақыт көринип, кейин жоқ болатуғын пуў.
15 Оның орнына: «Егер Ийемиз қәлесе, жасаймыз ҳәм мынаны я ананы ислеймиз», – деп айтыўыңыз тийис.
16 Бирақ сизлер менменсип мақтанасызлар. Ҳәр қандай мақтаншақлық – жаўызлық.
17 Солай етип, ким де ким жақсылық ислеўди билсе де, оны ислемесе, гүна қылған болады.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.