1 Петр 4 bob

Қудай ушын жасаў (1-11), Масихый болып азап шегиў (12-19).

1 Солай етип, Масих денеси менен азап шекти. Сизлер де Масихта болған ойлар менен өзлериңизди азап шегиўге таярлаңлар. Себеби денеси азап шегип атырған адам гүна ислеўди тоқтатады.
2 Буннан былай, дүньядағы өмириңиздиң қалған бөлегинде адамның жаман қәлеўлери бойынша емес, ал Қудайдың ерки бойынша жасаңлар.
3 Сизлердиң өткен өмириңизде исенбейтуғын адамларға жағатуғын әдетлерди ислеп жасағаныңыз жетер! Сол ўақытлары сизлер бузықшылыққа, жаман қәлеўлерге, мәскүнемликке, айшы-әширетке, нәпсиқаўлыққа ҳәм жеркенишли бутпаразлыққа берилип, өмир сүрген едиңлер.
4 Енди болса, исенбейтуғынлар сизлердиң олар менен бирликте усындай нәпсиқумарлықта қатнаспағаныңыз себепли ҳайран болып, сизлерди мазақ етип атыр.
5 Бирақ олар буның ушын тирилер менен өлилерди ҳүким етиўге таяр турған Қудай алдында жуўап береди.
6 Сол себепли, өлилердиң денеси басқалар қатары өлип жазаланса да, руўхы Қудай сыяқлы жасаўы ушын, Хош Хабар өлилерге де жәрияланды.
7 Ҳәмме нәрсениң ақыры жақын. Сонлықтан дуўа етиў ушын ақыл менен ис тутып, сергек болыңлар!
8 Ең баслысы, бир-бириңизди шын жүректен сүйиңлер. Өйткени сүйиспеншилик көп гүналарды жуўады.
9 Наразылық билдирмей, бир-бириңизге миймандос болыңлар.
10 Ҳәр бириңиз жақсы хызметши сыпатында Қудайдың сизлерге мийримлилик пенен берген ҳәр түрли руўхый сыйларын қоллана отырып, бир-бириңизге хызмет етиңлер.
11 Адамлар алдында сөйлеген адам Қудайдың сөзине сай сөйлесин. Басқаларға хызмет ететуғын адам Қудайдың берген күши менен хызмет етсин. Усылайынша, Ийса Масих арқалы Қудай ҳәр бир исте алғыслансын. Уллылық ҳәм қүдирет мәңгиге Масихтики. Аўмийин.
12 Сүйикли туўысқанларым, сизлерди сынаў ушын келетуғын аўыр азапты таң қаларлық нәрсе деп, ҳайран болмаңлар.
13 Керисинше, Масихтың азапларына шерик болғаныңызға қуўаныңлар. Солай етип, Масих салтанат пенен келгенде, қуўанып шадланасызлар.
14 Масихтың аты ушын масқараланып атырған болсаңыз, сизлер бахытлысызлар! Себеби Қудайдың уллы Руўхы үстиңизде болады.
15 Және ҳеш бириңиз адам өлтириўши, уры, жаманлық ислеўши ямаса басқалардың жумысына араласып, кесент беретуғын болып, азап шекпесин.
16 Бирақ сизлер масихый болғаныңыз ушын азап шегип атырған болсаңыз, уялмаңлар. Ал бул ат пенен аталатуғыныңыз ушын Қудайды алғыслаңлар.
17 Өйткени ҳүким шығарылатуғын ўақыт жетип келди. Ҳүким шығарыўды Қудай Өз шаңарағынан баслайды. Егер бул Қудайдың шаңарағы болған бизлерден басланса, Қудайдың Хош Хабарына қулақ аспайтуғынлардың ақыры қандай болады?
18 «Егер ҳақ адам зорға қутқарылса, Қудайсыз ҳәм гүнакар адамға не болады?».
19 Сонлықтан Қудайдың еркине бойсынып, азап шеккенлер жақсылық ислеп, жанларын исенимли Жаратқанға тапсырсын.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.