1 Петр 5 bob
1 Араңыздағы жәмәәт ақсақалларына олардай жәмәәт ақсақалы болған мен, Масихтың шеккен азапларының гүўасы ҳәм Ол қайтып келгенде ашық көринетуғын салтанатының шериклеси сыпатында мыналарды өтиниш етемен:
2 Қудайдың сизлерге тапсырған сүриўин мәжбүрий түрде емес, ал шын кеўилден, Қудайдың еркине сай қылып бағыңлар. Буны ақша ушын пайдакүнемлик пенен емес, ал өз қәлеўиңиз бенен ислеңлер.
3 Өзлериңизге тапсырылған адамларға үстемлик етпей, сүриўге үлги болыңлар.
4 Солай етсеңиз, бас Шопан келгенде, мәңги уллылықтың тажын аласызлар.
5 Ҳәй жаслар, сол сыяқлы сизлер де ақсақалларға бойсыныңлар. Ҳәммеңиз бир-бириңиз бенен кишипейил қатнаста болыңлар. Себеби: «Қудай менменлерге қарсы турады, Бирақ кишипейиллилерге Өз мийримин береди».
6 Сонлықтан өзлериңизди Қудайдың қүдиретли қолы астында пәс тутыңлар. Сонда белгиленген ўақыт келгенде, Ол сизлерди мәртебели етеди.
7 Барлық ғам-тәшиўишлериңизди Оған тапсырыңлар. Өйткени Ол сизлерге ғамхорлық қылады.
8 Сақ ҳәм сергек болыңлар. Душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арысландай болып гезип жүр.
9 Исенимде беккем болып, шайтанға қарсы турыңлар. Себеби дүньяның басқа жерлериндеги туўысқанларыңыздың бирдей азап шегип атырғанынан хабарыңыз бар.
10 Пүткил мийримниң тийкары болған Қудай сизлерди Ийса Масих арқалы Өзиниң мәңгилик салтанатына шақырды. Қысқа ўақыт азап шеккениңизден соң, Ол сизлерди Өзи жетилистиреди, беккемлейди, күш-қуўат береди ҳәм тыянақлы қылады.
11 Қүдирет мәңгиге Оныки болсын! Аўмийин.
12 Мен сизлерге усы қысқаша хатымды өзим исенимли туўысқаным деп есаплайтуғын Силаға жаздырып атырман. Сизлерди жигерлендирип, бул хатта айтқанларымның Қудайдың ҳақыйқый мийрими екени ҳаққында гүўалық беремен. Усы мийрим менен беккем турыңлар.
13 Сизлер менен бирге таңланған Бабилондағы исениўшилер жәмәәти ҳәм тутынған улым Марк сизлерге сәлем айтып атыр.
14 Бир-бириңизди сүйиспеншилик пенен сүйип, сәлемлесиңлер. Масихқа тийисли болған сизлердиң ҳәммеңизге тынышлық яр болсын!