2 Петр 1 bob

Сәлемнама (1-2), Шақырылыў ҳәм таңлап алыныў (3-11), Мухаддес Жазыўларға дыққат аўдарыңлар! (12-21).

1 Ийса Масихтың қулы ҳәм елшиси Симон Петрден, Қудайымыз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масихтың ҳақлығы арқалы бизлер алған қымбатлы исенимге тең исенимди сыйға алғанларға сәлем!
2 Қудайды ҳәм Ийемиз Ийсаны ҳақыйқаттан билип барыўыңыз арқалы сизлерге мийрим ҳәм тынышлық мол-мол етип берилсин!
3 Қудайлық қүдиретке ийе Ийса Масих Өзин билиўимиз арқалы жасаўымыз ҳәм Қудайдың жолы менен жүриўимиз ушын бизлерге керекли болған ҳәмме нәрсени берди. Ол бизлерди Өз уллылығын ҳәм ийгилигин алыўымыз ушын шақырды.
4 Қудай Өз уллылығы ҳәм ийгилиги арқалы бизлерге жүдә үлкен ҳәм қымбатлы ўәделер берди. Солай етип, бул ўәделер себепли сизлер дүньядағы жаман қәлеўлерден қутылып, қудайлық тәбиятқа шерик боласызлар.
5 Сонлықтан сизлер бар күшиңизди сарп етип, исенимиңизге жақсылықты, жақсылыққа билимди,
6 билимге нәпсини тыйыўды, нәпсини тыйыўға сабырлылықты, сабырлылыққа Қудайға бағышланыўды,
7 Қудайға бағышланыўға туўысқанлық сүйиспеншиликти, туўысқанлық сүйиспеншиликке сүйиспеншиликти қосып арттырыңлар.
8 Егер бул жақсы қәсийетлер сизлерде бар болып, артып атырған болса, онда Ийемиз Ийса Масихты билиўде табыссыз ҳәм жемиссиз болмайсыз.
9 Бул жақсы қәсийетлерге ийе болмаған адам узақты көре алмайтуғын соқыр адам болғаны. Ол бурынғы гүналарынан тазаланғанын умытқан адам демек.
10 Сонлықтан ҳәй туўысқанларым, Қудайдың сизлерди шақырғаны ҳәм таңлап алғаны ҳақыйқат екенин көрсетиў ушын, еле де күшғайрат салыңлар. Усылай ислесеңиз, ҳеш қашан сүрникпейсиз.
11 Солай етип, Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масихтың мәңгилик Патшалығына кириў жолы сизлерге кең ашылады.
12 Сол себептен сизлер буларды билип, өзиңиздеги ҳақыйқатты беккем тутсаңлар да, мен усыларды сизлерге ҳәмме ўақыт еслетип турыўға таярман.
13 Бул денеде жасаған ўақтымда ядыңызда болған нәрселерди еслетип турыўды дурыс деп таптым.
14 Өйткени Ийемиз Ийса Масихтың маған билдириўи бойынша, бул денеден айырылатуғын ўақтымның жақын екенин билемен.
15 Мен бул дүньядан кеткенимнен соң да буларды ҳәмме ўақыт еслеп тура алыўыңыз ушын, жан-тәним менен тырысаман.
16 Бизлер Ийемиз Ийса Масихтың қүдиретин ҳәм қайта келиўин сизлерге мәлим еткенимизде, ядтан ойлап табылған аңызларға тийкарланбадық. Ал Оның уллылығын өз көзлеримиз бенен көрген едик.
17 Себеби қүдиретли ҳәм уллы Қудайдан Ийсаға: «Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман», – деген саза еситилгенде, Ол Қудай Әкеден даңқ ҳәм салтанат алды.
18 Оның менен бирге мухаддес таўда болғанымызда, аспаннан келген усы сазаны бизлер де еситтик.
19 Және бизлерде еле де исенимлирек болған пайғамбарлардың сөзлери бар. Таң атып, таң жулдызы жарқырағандай, жүреклериңиз толық түсиник алатуғын күнге дейин қараңғы жерде нурын шашқан шыраға уқсаған пайғамбарлардың сөзлерине дыққат аўдарсаңыз, жақсы қыласызлар.
20 Алды менен мынаны билип қойыңлар: Мухаддес Жазыўда болған ҳеш бир пайғамбаршылық сөзин ҳеш кимге өз бетинше түсиндириўге болмайды.
21 Өйткени ҳеш бир пайғамбаршылық сөзи адамның қәлеўи менен айтылған емес. Ал Мухаддес Руўх тәрепинен басқарылған адамлар Қудайдың сөзлерин айтқан.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.