1 Юхан 2 bob
1 Ҳәй, балаларым! Мен буларды сизлерге гүна ислемеўиңиз ушын жазып атырман. Бирақ егер биримиз гүна ислеп қойсақ, Әкениң алдында Жақлаўшымыз, ҳақ болған Ийса Масих бар.
2 Ол бизлердиң гүналарымыздың кеширилиўи ушын қурбан болды. Ол тек бизлердиң емес, ал пүткил дүньяның гүналары ушын бағышланған қурбанлық болды.
3 Егер Қудайдың буйрықларын орынласақ, Оны билетуғынымызды усы арқалы билип аламыз.
4 «Оны билемен» деп, Оның буйрықларын орынламаған адам өтирикши, онда ҳақыйқатлық жоқ.
5 Бирақ Қудайға деген сүйиспеншилик Оның сөзин орынлаған адамда ҳақыйқаттан кәмал табады. Қудай менен бирге екенимизди усы арқалы билип аламыз.
6 «Қудай менен биргемен» деген адам Ийса сыяқлы жасаўы шәрт.
7 Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, сизлерге жаңа буйрықты емес, әзелден өзлериңиз қабыл еткен ески буйрықты жазып атырман. Бул ески буйрық – сизлер еситкен Қудайдың сөзи.
8 Бирақ сизлерге және жаңа буйрық та жазып атырман. Буның ҳақыйқат екени Масих ҳәм сизлер арқалы көринип атыр. Себеби қараңғылық өтип баратыр, ал ҳақыйқый нур әлле қашан жарқырап тур.
9 «Нурдаман» деп, туўысқанын жек көретуғын адам еле қараңғылықта болады.
10 Туўысқанын сүйген адам нурда жасайды ҳәм онда сүрнигиўге себеп болмайды.
11 Бирақ, туўысқанын жек көриўши қараңғылықта болады. Ол қараңғылықта жүрип, қаяққа баратырғанын билмейди. Өйткени қараңғылық оның көзлерин соқыр еткен.
12 Балаларым, сизлерге жазып атырман. Себеби Ийсаның аты арқалы гүналарыңыз кеширилди.
13 Әкелер, сизлерге жазып атырман. Өйткени сизлер ең бастан бар Болғанды билесизлер. Жаслар, сизлерге жазып атырман. Себеби сизлер шайтанды жеңдиңиз. Балаларым, сизлерге жаздым. Өйткени сизлер Әкени билесизлер.
14 Әкелер, сизлерге жаздым. Себеби сизлер ең бастан бар Болғанды билесизлер. Жаслар, сизлерге жаздым. Өйткени сизлер күшлисиз ҳәм сизлерде Қудайдың сөзи болып, Сизлер шайтанның үстинен жеңиске еристиңиз.
15 Дүньяны ҳәм дүньядағы нәрселерди сүймеңлер. Ким де ким дүньяны сүйсе, онда Әкеге деген сүйиспеншилик жоқ.
16 Себеби дүньяда болған ҳәр бир нәрсе: денениң қәлеўлери, көздиң қәлеўлери ҳәм өмирдеги менменлик Әкеден емес, дүньядан.
17 Дүнья ҳәм оның қәлеўлери өтип кетеди, бирақ Қудайдың еркин орынлаған адам мәңги жасайды.
18 Балаларым, бул соңғы ўақыт. Масихқа қарсы турыўшының келетуғынын еситкениңиздей, әлле қашан көп Масихқа қарсы турыўшылар пайда болды. Соңғы ўақыт болғанын усыннан билемиз.
19 Олар арамыздан шықты, бирақ бизлерге тийисли емес еди. Егер бизлерге тийисли болғанда, бизлер менен бирге қалар еди. Олардың кеткени арқалы олардың ҳеш бириниң бизлерге тийисли емес екени мәлим болды.
20 Ал сизлер мухаддес болған Масихтан Мухаддес Руўхты алғанлықтан, ҳәммеңиз ҳақыйқатты билесизлер.
21 Мен сизлерге ҳақыйқатты билмегениңиз ушын емес, ал ҳақыйқатты ҳәм ҳеш қандай жалғанның ҳақыйқаттан емес екенин билгениңиз себепли жазып атырман.
22 Ийсаның Масих екенин тән алмаған адам өтирикши болмаса, онда ким өтирикши? Әкени ҳәм Улды тән алмаған адам – Масихқа қарсы турыўшы.
23 Ийсаның Масих екенин тән алмаған адам өтирикши болмаса, онда ким өтирикши? Әкени ҳәм Улды тән алмаған адам – Масихқа қарсы турыўшы.
24 Әўел бастан еситкен сөзиңизди өзлериңизде сақлаңлар. Егер әўел бастан еситкен сөзиңиз сизлерде болса, сизлер де Ул ҳәм Әке менен бирге боласызлар.
25 Масихтың Өзи бизлерге ўәде еткен мәңгилик өмир – усы.
26 Буларды сизлерди азғырмақшы болып атырғанлар ҳаққында жазып атырман.
27 Бирақ сизлер Масихтың Мухаддес Руўхына ийесиз. Сизлерде Мухаддес Руўх болғанлықтан, сизлерге ҳеш кимниң үйретиўиниң ҳәжети жоқ. Масихтың Мухаддес Руўхы сизлерге ҳәммесин үйретеди. Оның тәлими ҳақыйқый, жалған емес. Оның сизлерге үйреткени сыяқлы, Масих пенен жасаңлар.
28 Аўа, балаларым, енди Масих пенен қарым-қатнаста болып, Ол келгенде, Оның алдында уятқа қалмаўымыз ушын мәрт боламыз.
29 Қудайдың ҳақ екенин билсеңиз, ҳақ ис қылған ҳәр бир адамның да Оннан туўылғанын билиң.