1 Юхан 3 bob

Қудайдың балалары (1-10), Бир-биримизди сүйейик! (11-24).

1 Қараңлар, Қудайдың балалары деп аталыўымыз ушын, Әке бизлерди қандай уллы сүйиспеншилик пенен сүйди! Ҳақыйқаттан да, бизлер Қудайдың балаларымыз. Дүнья Әкени билмегенликтен, бизлерди де билмей атыр.
2 Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, бизлер енди Қудайдың балаларымыз. Бирақ қандай болатуғынымыз еле бизлерге көрсетилмеди. Масих келгенде, Ол сыяқлы болатуғынымызды билемиз. Өйткени Оның қандай екенин көремиз.
3 Масихтан усылай үмит еткен ҳәр бир адам Ол пәк болғаны сыяқлы, өзин пәклейди.
4 Гүна ислеген ҳәр бир адам нызамсызлық ислеген болады. Себеби гүнаның өзи – нызамсызлық.
5 Ал Масихтың гүналарымызды алып таслаў ушын келгенин билесизлер. Оның Өзинде гүна жоқ.
6 Оның менен жасайтуғын адам гүна ислемейди. Гүна ислеўди даўам етип атырған адам Оны көрмеген де, билмеген де.
7 Перзентлерим! Ҳеш кимге өзлериңизди алдатпаңлар. Масихтың ҳақ болғаны сыяқлы, ҳақ ис ислеген адам да ҳақ.
8 Гүна ислей беретуғын адам шайтаннан. Өйткени шайтан бастан баслап гүна ислеп киятыр. Сонлықтан Қудайдың Улы шайтанның ислерин жоқ қылыў ушын келди.
9 Қудайдан туўылған ҳәр бир адам гүна ислемейди, себеби Қудайдың туқымы онда болады. Ол Қудайдан туўылғанлықтан, гүна ислеўди даўам ете алмайды.
10 Қудайдың балалары менен шайтанның балаларын мынадан айырыўға болады: ҳақ ис ислемеген ҳәм туўысқанын сүймеген адам Қудайдан емес.
11 Сизлер әзелден еситкен хабар бул: бир-биримизди сүйейик!
12 Шайтанға тийисли болып, өз туўысқанын өлтирген Каинға уқсамайық. Ол не ушын туўысқанын өлтирди? Өйткени өзиниң ислери жаўыз, ал туўысқанының ислери ҳақ еди.
13 Ҳәй, туўысқанларым, дүнья сизлерди жек көрип атырған болса, ҳайран қалмаңлар.
14 Бизлер өзлеримиздиң өлимнен өмирге өткенимизди билемиз, себеби туўысқанларымызды сүйемиз. Ким де ким туўысқанын сүймесе, ол өли болып қала береди.
15 Туўысқанын жек көрген ҳәр бир адам – адам өлтириўши. Ҳеш бир адам өлтириўшиниң мәңгилик өмирге ийе емес екенин билесизлер.
16 Сүйиспеншиликтиң не екенин Масихтың бизлер ушын Өз жанын бергенинен билемиз. Сонлықтан бизлер де туўысқанларымыз ушын өз жанымызды бериўимиз шәрт.
17 Ким де ким дүнья-малға бай бола тура, туўысқанының жоқшылықта жасап атырғанын көрсе де тас баўырлық етсе, қалайынша ондай адамда Қудайдың сүйиспеншилиги болады?
18 Перзентлерим, тек сөз ямаса тил менен емес, ал ис ҳәм ҳақыйқатлық пенен сүйейик.
19 Ҳақыйқатқа тийисли екенимизди усы арқалы билемиз.
20 Егер кеўлимиз бизлерди айыплап атырған болса да, Қудай алдында кеўлимиз тыныш болады. Өйткени Қудай кеўлимизден уллы ҳәм Ол ҳәмме нәрсени биледи.
21 Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, егер кеўлимиз бизлерди айыпламаса, онда Қудайдың алдында батыр боламыз
22 ҳәм Оннан не сорасақ та аламыз. Себеби бизлер Оның буйрықларын орынлап, Оған унайтуғын нәрселерди ислеп атырмыз.
23 Оның буйрығы бул: Улы Ийса Масихтың атына исенип, Оның бизлерге буйырғанындай, бир-биримизди сүйиўимиз тийис.
24 Қудайдың буйрықларын орынлаған адам Қудайда, Қудай да онда болады. Оның бизлерде екенин Оның бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы билемиз.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.