1 Юхан 5 bob
1 Ийсаның Масих екенине исенетуғын ҳәр бир адам Қудайдан туўылған. Әкени сүйген ҳәр бир адам Оның балаларын да сүйеди.
2 Қудайды сүйип, Оның буйрықларын орынлағанымыздан Қудайдың балаларын сүйетуғынымызды билемиз.
3 Өйткени Қудайдың буйрықларын орынлағанымыз Оны сүйетуғынымызды аңлатады. Оның буйрықлары аўыр емес.
4 Себеби Қудайдан туўылған ҳәр бир адам дүньяны жеңеди. Дүнья үстинен жеңиске ерискен бизлердиң исенимимиз болады.
5 Ийсаның Қудайдың Улы екенине исенетуғын адамнан басқа, ким дүньяны жеңе алады?
6 Бул – суў ҳәм қан менен келген Ийса Масих. Ол тек суў менен емес, ал суў ҳәм қан менен келди. Және де, гүўалық бериўши Мухаддес Руўх. Өйткени Мухаддес Руўх – ҳақыйқат.
7 Гүўалық беретуғынлар үшеў:
8 Мухаддес Руўх, суў ҳәм қан. Булардың үшеўиниң гүўалығы бир.
9 Бизлер адамның гүўалығын қабыл етемиз, ал Қудайдың гүўалығы оннан да уллы. Себеби бул – Қудайдың Өз Улы туўралы берген гүўалығы.
10 Қудайдың Улына исенетуғын адамның өзинде усы гүўалық бар. Ал Қудайға исенбейтуғын адам Қудайды өтирикши қылған болады. Өйткени Қудайдың Өз Улы туўралы берген гүўалығына исенбейди.
11 Сол гүўалық мынаў: Қудай бизлерге мәңгилик өмир берди ҳәм бул өмир Оның Улында.
12 Қудайдың Улына ийе болған адам өмирге ийе болады, Қудайдың Улына ийе болмаған адам өмирге ийе емес.
13 Мен буларды Қудайдың Улына исенген сизлерге мәңгилик өмирге ийе екениңизди билиўиңиз ушын жазып атырман.
14 Бизлерде Оған деген мынадай батыллық бар: Қудайдың еркине сай не сорасақ та, Ол бизлерди еситеди.
15 Егер не сорасақ та, Оның еситетуғынын билетуғын болсақ, Оннан сорағанларымызды алатуғынымызды да билемиз.
16 Егер ким де ким туўысқанының өлимге апармайтуғын гүна ислегенин көрсе, дуўа етсин. Қудай оған өмир береди. Буны өлимге апармайтуғын гүна ислегенлер ҳаққында айтып атырман. Өлимге апаратуғын гүна да бар. Бул ушын дуўа етсин, деп атырғаным жоқ.
17 Ҳәр қандай жаманлық – гүна, бирақ өлимге апармайтуғын гүна да бар.
18 Қудайдан туўылған адам гүна ислеўди даўам етпейтуғынын билемиз. Себеби оны Қудайдың Улы сақлайды ҳәм шайтан оған қол тийгизе алмайды.
19 Өзлеримиздиң Қудайға тийисли екенимизди ҳәм пүткил дүнья шайтанның қол астында екенин билемиз.
20 Және де, Қудайдың Улы келип, ҳақыйқый Қудайды билиўимиз ушын ақылой бергенин де билемиз. Бизлер ҳақыйқый Қудайда, яғный Оның Улы Ийса Масихтамыз. Ол – ҳақыйқый Қудай ҳәм мәңгилик өмир.
21 Перзентлерим, өзлериңизди бутлардан сақлаңлар!