1 «Егер сизлердиң араңыздан бир пайғамбар ямаса түсинде аян көретуғын биреў пайда болып, ол: „Бир нышан ямаса кәрамат көрсетемен“, – деп айтса,
2 усы айтқан нышан ҳәм кәраматларды ислеп, кейин ол адам: „Келиңлер, сизлер танымаған басқа қудайлардың изине ерип, оларға хызмет қылайық“, – десе,
3 сизлер сол пайғамбардың ямаса түсинде аян көриўшиниң сөзлерине қулақ салмаңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өзин шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен сизлердиң сүйетуғыныңыз ямаса сүймейтуғыныңызды билиў ушын, сынап атырған болады.
4 Сизлер тек ғана Қудайыңыз Жаратқан Ийениң изинен жүрип, Оннан қорқыңлар. Оның буйрықларына бойсынып, сөзлерине қулақ салыңлар. Жаратқан Ийеге хызмет етип, Оған садық қалыңлар.
5 Ал сол пайғамбар ямаса түсинде аян көретуғын адам өлтирилиўи тийис. Себеби ол үгитлеп, Мысыр елинен алып шыққан, Мысырдағы қуллықтан азат еткен Қудайыңыз Жаратқан Ийеге сизлерди қарсы қоймақшы болды. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйырған жолынан шығарып, азғырмақшы болды. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.
6 Ҳәттеки, бир анадан туўылған туўысқаныңыз ямаса ул-қызыңыз, сүйген ҳаялыңыз ямаса ең жақын достыңыз сизлерди өзиңиз де, ата- бабаларыңыз да танымаған басқа қудайларға табыныўға қупыя түрде үгитлеўи мүмкин.
7 Олардың бири сизлерди әтирапыңыздағы алыс-жақын жерде жасап атырған, дүньяның бир шетинен екинши шетине дейин жасайтуғын халықлардың қудайларына сыйыныўды үгитлеўи мүмкин.
8 Бирақ сизлер буған ыразы болып, оған қулақ салмаңлар. Ондай адамға реҳимлилик көрсетпеңлер, оны қорғамаңлар.
9 Ондай адамды сөзсиз өлтирип таслаңлар. Оны өлтириў ушын биринши болып сен қолыңды көтер, кейин пүткил халық қол көтерсин.
10 Оны тас боран қылып өлтириңлер. Себеби ол сизлерди Мысыр елиндеги қуллықтан алып шыққан Қудайыңыз Жаратқан Ийеден жүз бурдырып, азғырыўға ҳәрекет етти.
11 Сонда пүткил Израил халқы бул ҳаққында еситип, қорқады. Буннан кейин, араңызда ҳеш ким усыған уқсаған жаўыз ис қылмайтуғын болады.
12 Егер де Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге жасаўыңыз ушын берип атырған қалалардың биринде,
13 жаман адамлар шығып: „Жүриңлер, өзлериңиз танымайтуғын басқа қудайларға табынайық“, – деп қала турғынларын азғырғанын еситсеңиз,
14 онда олар ҳаққында сорастырып, жақсылап тексериң. Егер сол жеркенишли ўақыя шынында да жүз берген болса, еситкенлериңиз дәлилленсе,
15 сол қаланың пүткил турғынларынан баслап, ҳайўанларына дейин қылыштан өткизиңлер. Сол қаланы ҳәм ондағы барлық затларды пүткиллей жоқ қылыңлар.
16 Қаладан алынған олжалардың барлығын қала майданына жыйнаңлар. Қаланы ҳәм сол жердеги барлық олжаны Қудайыңыз Жаратқан Ийеге толығы менен жандырылатуғын қурбанлық етип жағып жибериңлер. Сол қала мәңгиге қарабақанаға айланған ҳалында қалсын, ол ҳеш қашан қайта тикленбесин.
17 Жоқ қылынатуғын затлардан ҳеш биреўин де өзлериңизге алмаңлар. Сонда Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби қайтып, Ол ата-бабаларыңызға ант ишкениндей, сизлерге мийрим-шәпәәт, реҳим көрсетип, сизлерди көбейтеди.
18 Соның ушын, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салыңлар, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған буйрықларға бойсынып, Оның нәзеринде дурыс болған ислерди ислеңлер».