Нызамнын кайталаныуы 14 bob
1 «Сизлер – Қудайыңыз Жаратқан Ийениң балаларысыз. Марҳумға аза тутқаныңызда, денелериңизди тилип, шашыңыздың алдын қыйдырмаңлар.
2 Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң мухаддес халқысыз. Жаратқан Ийе жер жүзиндеги барлық халықлардың арасынан сизлерди Өз ғәзийнеси сыпатында таңлап алды».
3 «Сизлер жеркенишли саналатуғын ҳайўанлардың гөшин жемеңлер.
4 Мына ҳайўанлардың гөшин жеўиңизге болады: сыйыр, қой, ешки,
5 суўын, жейран, қызыл антилопа, таў ешкиси, жабайы өгиз, ақ антилопа ҳәм таў қошқары.
6 Туяқлары терең етип екиге айырылған аша туяқлы ҳәм гүйис қайтаратуғын ҳайўанлардың ҳәммесин жеўиңизге болады.
7 Бирақ бул ҳайўанлардан тек мыналардың гөшин жеўиңизге болмайды: түйе, қоян ҳәм даман. Булар гүйис қайтарады, бирақ аша туяғы жоқ. Сонлықтан олар сизлер ушын ҳарам болады.
8 Шошқа аша туяқлы болғаны менен, ол гүйис қайтармайды. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады. Усы ҳайўанлардың гөшин жемеңлер ҳәм олардың өлигине де қол тийгизбеңлер.
9 Суўда жасайтуғын қалашлы ҳәм қабыршақлы жаныўардың гөшин жеўиңизге болады.
10 Бирақ қалашсыз ҳәм қабыршақсыз ҳайўанлардың ҳеш бирин жемеңлер. Булар сизлер ушын ҳарам саналады.
11 Ҳадал саналатуғын барлық қусларды жеўиңизге болады.
12 Гөшин жеўге болмайтуғын қуслар мыналар: бүркит, күшеген, қара қус,
13 шайқус, лашын ҳәм оның түрлери,
14 ғарғаның барлық түрлери,
15 үки, батпақ байыўлысы, шағала ҳәм қаршығаның түрлери,
16 үй байыўлысы, қулақлы жапалақ, ақ қуў,
17 узақша, сипа, қарабай,
18 ләйлек ҳәм қутанның түрлери, өпепек ҳәм жарғанат.
19 Қанатлы шыбын-ширкейлер сизлер ушын ҳарам саналады. Олардың ҳеш бирин жемеңлер.
20 Бирақ қанатлы шыбын-ширкейлердиң базылары ҳадал болып, оларды жеўиңизге болады.
21 Ҳарам өлип қалған ҳайўанның гөшин жемеңлер. Ондай өли ҳайўанды жеўи ушын қалаңызда жасап атырған келгинди биреўге бериўиңизге ямаса басқа бир жат жерли адамға сатыўыңызға болады. Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң мухаддес халқысыз. Ылақты өз анасының сүтине писирмеңлер».
22 «Ҳәр жылы атызларыңызда жетистирилетуғын барлық өнимлердиң оннан бирин айырып қойыңлар.
23 Дәниңиздиң, таза шарабыңыздың, зәйтүн майыңыздың оннан бирин, ири ҳәм майда малларыңыздың биринши туўылған төллерин Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өз атын орналастырыў ушын таңлайтуғын жеринде, Оның алдында жеңлер. Солай ислеп, ҳәмме ўақытта Оннан қорқыўды үйренесиз.
24 Ал егер де, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өз атын орнатыў ушын таңлайтуғын жери узақ болып, Қудайыңыз Жаратқан Ийе берекетлеп берген өниминен оннан бирин сол жерге алып барыўға мүмкиншилигиңиз болмаса,
25 онда сол затларды гүмиске алмастырыңлар. Гүмисти Қудайыңыз Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жерине алып барыңлар.
26 Сол гүмиске қәлеген нәрсени: ири ямаса майда мал, шарап, өткир ишимлик ямаса кеўлиңиз күсеген басқа бир нәрсе сатып алып, өз шаңарағыңыз бенен бирге Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында ишип-жеп, шадланыңлар.
27 Қалаларыңызда жасап атырған лебийлилерди умытып қалдырмаңлар. Себеби олардың өзлерине тийисли үлес жери жоқ.
28 Ҳәр үшинши жылдың ақырында, сол жылы алған өнимиңиздиң барлық оннан бир бөлегин алып, өз қалаңызға жыйнап, сақлап қойыңлар.
29 Солай етип, үлес жери болмаған лебийлилер, және де, қалаларыңызда жасап атырған келгиндилер, жетим ҳәм жесирлер келип, соннан ишип-жеп тойсын. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди».