Нызамнын кайталаныуы 16 bob
1 «Абиб айында Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамын байрамлаңлар. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе Абиб айында, түнде сизлерди Мысырдан алып шықты.
2 Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өз атын орналастырыў ушын таңлайтуғын жеринде майда ҳәм ири малларыңыздан Қутқарылыў қурбанлықларын шалыңлар.
3 Қурбанлықтың гөши менен бирге ашытқы салынған нан жемеңлер. Жети күн даўамында ашытқысыз нан, яғный қыйын күнлерде жейтуғын нан жеўиңиз керек. Себеби сизлер Мысырдан асығып шығып кеткениңизде, ашытқысыз нан жеген едиңлер. Усы нанды жеп, өмириңиз даўамында Мысырдан шыққан күниңизди еслеп жүресизлер.
4 Жети күн даўамында елиңиздиң ҳеш бир жеринде ашытқы болмасын. Байрамның биринши күни кеште қурбанлық қылған малларыңыздың гөшинен таңға дейин аўысып қалмасын.
5 Қутқарылыў қурбанлықларын Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге беретуғын қалалардың ҳәммесинде соймаңлар.
6 Ал оны тек ғана Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өз атын орналастырыў ушын таңлайтуғын жеринде сойыңлар. Буны күн бататуғын ўақытта, Мысырдан шыққан мезгилде сойыңлар.
7 Оның гөшин Қудайыңыз Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жеринде писирип жеңлер ҳәм таң атқанда өз шатырларыңызға қайтыңлар.
8 Алты күн ашытқысыз нан жеңлер. Жетинши күни Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арнап, салтанатлы жыйналыс қылыңлар. Сол күни ҳеш қандай жумыс ислемеңлер».
9 «Егинди орып баслаған ўақыттан баслап, жети ҳәпте санаңлар.
10 Кейин Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арналған Ҳәптелер байрамын байрамлаңлар ҳәм сол ўақытта Оның сизлерге берген берекетине жараса, ықтыярлы садақаларыңызды бериңлер.
11 Сизлер ул-қызларыңыз, қул ҳәм шорыларыңыз, қалаларыңызда жасайтуғын лебийлилер, араңызда жасайтуғын келгиндилер ҳәм жетим-жесирлер менен бирге Өз атын орналастырыў ушын таңлайтуғын жеринде, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында шадланыңлар.
12 Мысырда қул болғаныңызды умытпаңлар ҳәм усы қағыйдалардың биреўин де қалдырмай орынлаңлар».
13 «Қырманыңыздан дәниңизди жыйнап, жүзимиңизди сығып шарабын алғаннан кейин, жети күн даўамында Қос байрамын байрамлаңлар.
14 Сизлер ул-қызларыңыз, қул ҳәм шорыларыңыз, қалаларыңызда жасайтуғын лебийлилер, келгиндилер ҳәм жетим-жесирлер менен бирге усы байрамда шадланыңлар.
15 Қудайыңыз Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жеринде жети күн даўамында Оған арнап байрам өткериңлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийе зүрәәтиңиздиң барлығын ҳәм қол урған ҳәр бир исиңизди берекетлейди. Сонлықтан, үлкен қуўанышқа бөлениңлер.
16 Солай етип, барлық еркеклериңиз жылына үш мәрте: Ашытқысыз нан байрамында, Ҳәптелер байрамында ҳәм Қос байрамында Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында болыўы ушын, Оның таңлайтуғын жерине келсин. Ҳеш ким Жаратқан Ийениң алдына қуры қол келмесин.
17 Ҳәр бириңиз Қудайыңыз Жаратқан Ийениң өзлериңизди берекетлегенине жараса сыйлар алып келиңлер».
18 «Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге беретуғын қалаларында ҳәр бир урыў ушын қазылар ҳәм қадағалаўшыларды тайынлаңлар. Олар халықты әдиллик пенен ҳүким етсин.
19 Олар ҳүким еткенде, әдилликти бурмаламасын, еки жүзлилик қылмасын ҳәм пара алмасын. Себеби пара дана адамның көзин соқыр қылып қояды ҳәм ҳақты наҳаққа шығарады.
20 Өмир сүриўиңиз ушын ҳәм Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берип атырған елди мүлик етип алыўыңыз ушын әдилликке, тек ғана әдилликке умтылыңлар.
21 Қудайыңыз Жаратқан Ийе ушын қуратуғын қурбанлық орынның қасына кийели ағаш орнатпаңлар!
22 Кийели тас та орнатпаңлар! Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе булардан жеркенеди».