Нызамнын кайталаныуы 17 bob

Патша ҳаққында қағыйдалар (14-20).

1 «Ҳәр қандай кемшилиги бар ири мал ямаса майда малды Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық қылмаңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийе буннан жеркенеди.
2 Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берип атырған қалаларының биринде Оның нәзеринде жаўызлық болған ис қылып, келисимине қыянет ететуғын бир еркек ямаса ҳаял шықса
3 ҳәм буйрықларыма қарамастан, басқа қудайларға хызмет етсе, сол қудайларға, қуяшқа ҳәм айға ямаса басқа да аспан денелерине табынса,
4 кейин бул ҳаққында сизлерге хабар жетсе, еситкенлериңизди жақсылап тексериңлер. Егер де Израил халқының арасында шынында да сондай жеркенишли ис исленгени дәлилленсе,
5 онда сол еркекти ямаса ҳаялды қала дәрўазасының сыртына алып шығып, тас боран қылып өлтириңлер.
6 Деген менен, өлимге ҳүким етилген адам еки ямаса үш адамның гүўалығы менен өлтирилиўи тийис, бирақ бир адамның гүўалығына тийкарланып өлтирилмесин.
7 Сол гүна ислеген адамға биринши болып гүўалар тас ылақтырсын, соннан кейин пүткил халық тас боран қылсын. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.
8 Егер қалаңызда абайсыздан ямаса қастан адам өлтириўшилик, ҳуқық таласыў ҳәм бир-биреўге зорлық қылыў туўрысындағы даўларды шешиўиңиз қыйын болса, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жерине барыңлар.
9 Сол жерде сизлер лебийли руўханийлер ҳәм сол ўақытта хызмет етип атырған қазылар менен мәсләҳәтлесиңлер. Олар ҳүким шығарып, өз қарарын сизлерге мәлим қылады.
10 Жаратқан Ийениң таңлаған жеринен олардың сизлерге айтатуғын қарарын муқыятлы түрде орынлаңлар.
11 Олар түсиндирип берген нызамды ҳәм шығарған ҳүкимди толығы менен орынлаўыңыз тийис. Олар жәриялаған қарардан оңға да, солға да шығып кетпеңлер.
12 Ким де ким өз басымшылық қылып, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында хызмет етип атырған руўханийге ҳәм қазыға қулақ салмаса, ол адам өлтирилсин. Усылай етип, Израилдан жаўызлықты жоқ қылыңлар.
13 Пүткил халық бул ўақыяны еситип қорқады ҳәм және өз басымшылық қылмайтуғын болады».
14 «Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге беретуғын елге барып, ол жерди мүлик етип, жайласып алғаннан кейин: „Әтирапымыздағы халықлар сыяқлы бизлер де өзлеримизге патша сайлайық“, – деп айтарсыз.
15 Сонда сизлер сайлайтуғын патша Қудайыңыз Жаратқан Ийе тәрепинен таңланатуғын адам болыўы тийис. Сайлайтуғын патшаңыз Израил халқынан болсын. Өз халқыңыздан болмаған жат жерли адамды патша қылып қоймаңлар.
16 Патшаның көп аты болмасын, және де ат сатып алыў ушын адамларды Мысырға жибермесин. Өйткени Жаратқан Ийе сизлерге: „Ол жерге қайтып бармаңлар“, – деген еди.
17 Сайлайтуғын патшаңыз көп ҳаял алмасын, болмаса, ол Жаратқан Ийеден жүз бурып кетеди. Және де, ол өзи ушын көп муғдарда гүмис ҳәм алтын жыйнамасын.
18 Ол патшалық тахтқа отырғанда, лебийли руўханийлер сақлап қойған усы Нызамнан бир көширмени өзи ушын жаздырып алсын.
19 Сол Нызамның көширмеси ҳәмме ўақытта патшаның қасында болсын. Патша оны ҳәр күни өмири даўамында оқысын. Солай етип, ол Қудайы Жаратқан Ийеден қорқып, усы Нызамның барлық сөзлерине ҳәм қағыйдаларына әмел қылыўды үйренсин.
20 Ол өзин туўысқанларынан жоқары санамасын ҳәм Жаратқан Ийениң буйрықларынан оңға да, солға да бурылмасын. Сонда өзи де, урпағы да Израилдың үстинен узақ жыллар даўамында патшалық етеди».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.