Нызамнын кайталаныуы 18 bob

Руўханийлердиң үлеси (1-8). Басқа халықлардың жеркенишли үрп-әдетлеринен сақланыў (9-13). Пайғамбар жибериў ҳаққында (14-22).

1 «Лебийли руўханийлер, пүткил Лебий урыўы менен бирге басқа израиллылар сыяқлы үлес те, мүлик те алмайды. Оларға тийисетуғын үлес Жаратқан Ийеге берилетуғын сыйлар болып, олар солардан жейди.
2 Туўысқанлары арасында олардың мүлки болмайды. Жаратқан Ийениң лебийлилерге ўәде бергениндей, Оның Өзи олардың ырысқы-несийбесин береди.
3 Мал ямаса қой қурбанлық етилгенде, руўханийлерге тийисли пай мыналардан ибарат: малдың алдынғы сан жилиги, жағы ҳәм асқазаны.
4 Дәниңиздиң, таза шарабыңыздың, зәйтүн майыңыздың биринши өнимин ҳәм қойларыңыздың биринши қырқылған жүнлерин руўханийге бериң.
5 Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе Лебий урыўы Өзиниң алдында турып, Жаратқан Ийениң аты менен мәңги хызмет етиўи ушын, оларды пүткил урыўларыңыздың ишинен таңлап алды.
6 Егер бир лебийли Израилдағы өзи жасап атырған қаладан Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жерине өз қәлеўи менен барса,
7 сол жерде Жаратқан Ийениң алдында хызмет етип атырған лебийли туўысқанлары сыяқлы ол да Қудайы Жаратқан Ийениң аты менен хызмет етиўине болады.
8 Ол ата- бабаларының мийрасынан қалған затты сатып, өз пайдасына алған болса да, басқа лебийлилер менен бирдей өзине тийисли үлесин алыўы керек».
9 «Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берип атырған жерине киргениңизде, ол жердеги халықлардың жеркенишли ислерин үйренбеңлер.
10 Сизлердиң араңызда өз улын ямаса қызын отта қурбанлық қылатуғын, пал ашатуғын, адамның келешегин болжайтуғын, белгилерди жорыйтуғын, сыйқыршылық қылатуғын,
11 зикир салатуғын, әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғын ямаса өлилер менен тиллесип, мәсләҳәт алатуғын бирде бир адам болмасын.
12 Себеби Жаратқан Ийе сондай ислейтуғынлардан жеркенеди. Қудайыңыз Жаратқан Ийе усындай жеркенишли ислери себепли сол халықларды сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарып атыр.
13 Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында минсиз болыңлар».
14 «Сизлер елин алып атырған сол халықлар болжаўшылар менен палкерлердиң үгит-нәсиятына қулақ салады. Бирақ Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң булай ислеўиңизге рухсат бермейди.
15 Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер ушын араңыздан, өз туўысқанларыңыздан мен сыяқлы бир пайғамбар шығарады. Оған қулақ салыңлар.
16 Сизлер Хореб таўында жыйналған күни Қудайыңыз Жаратқан Ийеден өзлериңиз мынадай деп тилеген едиңиз: „Қудайымыз Жаратқан Ийениң даўысын екинши мәрте еситпейик, сол уллы отты да басқа көрмейик, болмаса өлип қаламыз“.
17 Сонда Жаратқан Ийе маған былай деди: „Олардың айтқанлары дурыс.
18 Олар ушын өзлериниң арасынан сен сыяқлы бир пайғамбар шығараман. Мен оның аўзына Өз сөзлеримди саламан ҳәм ол Мен айт деп буйырғанларымның ҳәммесин оларға жеткереди.
19 Ол Мениң атымнан сөйлейди, оған қулақ салмаған адамды Мен Өзим жуўапкершиликке тартаман.
20 Бирақ бир пайғамбар Мен буйырмаған сөзди Мениң атымнан сөйлеўге жүрексинсе ямаса басқа қудайлардың атынан сөйлесе, ол өлиўи тийис“.
21 Сизлер: „Жаратқан Ийениң айтқанын ямаса айтпағанын қаяқтан билемиз?“ – деп ойлаўыңыз мүмкин.
22 Егер де бир пайғамбар Жаратқан Ийениң атынан сөйлесе, бирақ айтқан сөзлери орынланбаса ямаса әмелге аспаса, онда сол сөзди Жаратқан Ийе айтпаған болады. Пайғамбар өз атынан сөйлеген, оннан қорқпаңлар»


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.