Нызамнын кайталаныуы 19 bob

Паналайтуғын қалалар (1-14) Сан 35:9-34; Ешу 20:1-9. Гүўалар ҳаққында (15-21).

1 «Қудайыңыз Жаратқан Ийе жерлерин сизлерге берип атырған халықларды жоқ қылғанда, сизлер сол жерлерди мүлик етип алып, қалаларына ҳәм үйлерине жайласып аласыз.
2 Сонда елди үш бөлимге бөлиңлер. Ҳәр бир бөлимнен бир пана қаладан ажыратыңлар. Сол қалаларға баратуғын жоллар салыңлар, солай етип, адам өлтирип қойған адам сол қалалардың бирине қашып, паналасын
3 .
4 Сондай жағдай басына түскен адамға байланыслы қағыйда мынадай: егер бир адам алдыннан жаўызлық қылыў нийети болмай, абайсызда биреўди өлтирип қойса, онда ол сол жерге қашып қутылыўы мүмкин.
5 Мысалы: бир адам биреў менен бирге ағаш таярлаўға тоғайға барып, ағаш шабыў ушын балтасын көтергенде, балтаның темири сабынан шығып кетсе ҳәм қасындағы адамға тийип кетип, оны өлтирип алса, онда усындай абайсызда адам өлтирип қойған адам сол пана қалалардың бирине қашып, жанын қутқарып қалсын.
6 Болмаса, өлген адамның өшин алыўшы әменгер ашыўланып, қанхордың изинен қуўыўы мүмкин ҳәм пана қалаға баратуғын жол узақ болғаны ушын, оған жетип алып, оны өлтириўи мүмкин. Деген менен, өлтирген адам өлимге ылайықлы емес, себеби өлген адамға оның алдын ала қаслығы болмаған.
7 Сизлерге үш қаланы өзлериңиз ушын айырып қойыңлар, деп буйырғанымның себеби усы еди.
8 Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйип, ҳәмме ўақытта Оның жолларынан жүриң, деп сизлерге буйрық бердим. Егер де, сизлер усы буйрықлардың биреўин де қалдырмай орынласаңыз, Қудайыңыз Жаратқан Ийе ата-бабаларыңызға ишкен анты бойынша жер шегараларыңызды кеңейтеди ҳәм ўәде қылған пүткил елди сизлерге береди. Сонда сизлер айырып қойған үш қалаңызға және үш пана қала қосыңлар
9 .
10 Солай етип, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип беретуғын елде айыпсыз адамның қаны төгилмесин. Айыпсыз адамның төгилген қаны ушын айыплы болып қалмаңлар.
11 Бирақ бир адам биреўге қаслық етип, буққыда жатса ҳәм ҳүжим етип, оны өлтирсе, кейин ол сол қалалардың биреўине қашып барса,
12 онда сол жынаятшы жасаған қаладағы ақсақаллар оның изинен адам жиберип, оны қайтарып алып келсин. Жынаятшы өлген адам ушын өшин алыўшының қолына тапсырылсын. Солай етип, ол өлтирилиўи керек.
13 Ондай адамды аяп отырмаңлар. Айыпсыз қанды төгиў гүнасынан Израилды тазалаңлар. Сонда абадан турмыс кеширесиз.
14 Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елде қоңсыңыздың бурыннан белгиленген жер шегарасын жылжытыўшы болмаңлар».
15 «Биреўди қандай да жынаят ямаса гүна ислеген, деп айыплаў ушын бир гүўа жетерли емес. Бул еки ямаса үш адамның гүўалығы менен тастыйықланыўы керек.
16 Егер де бир адам жалған гүўалық берип, биреўди жаўыз нийетте айыпласа,
17 онда екеўи де Жаратқан Ийениң алдына, сол ўақытта хызмет етип атырған руўханийлердиң ҳәм қазылардың алдына келсин.
18 Қазылар сол мәселени жақсылап тексерип шықсын. Егер сол гүўаның туўысқанына қарсы жалған гүўалық берип атырғаны анықланса,
19 туўысқанына қарсы ойлаған жаўыз нийетин өзине қайтарыңлар. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.
20 Басқалар усы болған ўақыяны еситип, қорқады ҳәм усындай жаўызлықты ҳеш ким ислемейтуғын болады.
21 Жалған гүўалық берген адамды аяп отырмаңлар: жанға жан, көзге көз, тиске тис, қолға қол ҳәм аяққа аяқ».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.