Нызамнын кайталаныуы 22 bob

Неке ҳадаллығына байланыслы қағыйдалар (13-30).

1 «Егер де бир израиллы туўысқаныңыздың адасқан сыйырын ямаса қойын көрсеңиз, өзиңизди көрмегенге салмаңлар. Оны өз ийесине апарып бериңлер.
2 Егер де малдың ийеси сеннен узақта болса ямаса кимниң малы екенин билмесең, оны өзиңниң үйиңе алып бар. Малдың ийеси малын излеп келген ўақытта, оған қайтарып бересең.
3 Туўысқаныңның ешегин, кийимин ямаса басқа да жойтқан нәрселерин таўып алғаныңызда да анық солай ислеңлер. Өзиңизди көрмегенге салмаңлар.
4 Және де, израиллы бир туўысқаныңыздың ешеги ямаса сыйыры жолда қулап жатырғанын көрип қалсаңыз, оны көрмегенге салмаңлар. Оларды аяққа турғызыў ушын туўысқаныңызға жәрдем бериңлер.
5 Ҳаяллар еркектиң кийимин, еркеклер ҳаял адамның кийимин киймесин. Қудайыңыз Жаратқан Ийе бундай қылғанлардан жеркенеди.
6 Жол-жөнекей теректе ямаса жерде бир қустың уясына дус келип қалсаңыз, қус мәйек басып атырған ямаса палапанлары менен отырған болса, қусты палапанлары менен бирге қосып алмаңлар.
7 Өзиңизге тек ғана палапанларын алыўыңызға болады, бирақ анасын босатып жибериңлер. Сонда сизлер абадан турмысқа ерисип, өмириңиз узақ болады.
8 Таза үй салғаныңызда, төбесин жийеклеп, қоршаў ислеп шығыңлар. Сонда үйиңиздиң төбесинен биреў жерге қулап, өлип қалса, шаңарағыңыз буған жуўапкер болмайды.
9 Жүзимзарыңызға жүзимнен басқа егин екпеңлер. Болмаса, еккен туқымыңыз да, жүзимзарыңыз да ҳарам болып, өзлериңиз қоллана алмайсыз.
10 Жерди сүриў ушын ешек пенен өгизди бир гүндеге қоспаң.
11 Жүн ҳәм зығырдан араластырылып тоқылған кийим киймең.
12 Кийимиңиздиң етеклериниң төрт мүйешине шашақ ислетип, тиктирип қойыңлар».
13 «Егер биреў үйленип, қыз бенен жатқаннан кейин, оны унатпай қалса
14 ҳәм оны айыплап: „Бул қызға үйлендим, бирақ оның менен жатқанымда, ол қыз болмай шықты“, – деп жаман атлы қылса,
15 қыздың ата-анасы қызының пәклигин дәлиллейтуғын төсектеги қызлық белгини алып, ақсақалларға көрсетиў ушын қала дәрўазасына алып барсын.
16 Қыздың әкеси ақсақалларға былай десин: „Қызымды мына жигитке узатқан едим. Ал кейин ол қызымды унатпай қалыпты.
17 Енди болса, қызыңыз қыз болып шықпады, деп жалған айыплап атыр. Бирақ мынаў қызымның пәклигин дәлиллейтуғын қызлық белгиси!“ Кейин қыздың ата-анасы қызының қызлық белгиси бар төсекти ақсақаллардың көз алдында жайып, көрсетсин.
18 Қала ақсақаллары үйленген жигитти әкелдирип, сабалап жазаласын.
19 Және де, ақсақаллар сол жигитке айыбы ушын жүз шекел гүмис төлетсин. Жигит израиллы пәк бир қызды жаман атлы қылғаны ушын, гүмисти қыздың әкесине берсин. Қыз сол жигиттиң ҳаялы болып қалсын ҳәм жигит өмири даўамында қыз бенен ажырасыў ҳуқықына ийе емес.
20 Ал егер де сол адамның айтқанлары дурыс болып, қыздың пәклигиниң дәлили болмаса,
21 қызды әкесиниң үйиниң есигине алып барсын. Қала халқы сол қызды тас боран қылып өлтирсин. Өйткени ол әкесиниң үйинде жасаған ўақтында бузықлық қылып, Израилда жеркенишли ис қылды. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.
22 Егер де бир адам басқа биреўдиң ҳаялы менен жатқан жеринен усланса, онда еркек те, ҳаял да өлтирилсин. Усылай етип, Израилдан жаўызлықты жоқ қылыңлар.
23 Егер бир адам қалада басқа биреў менен атастырылып қойылған бир қызды ушыратып қалып, оның менен жатса,
24 екеўи де қала дәрўазасының қасына алып барылсын ҳәм тас боран қылып өлтирилсин. Себеби қыз қаланың ишинде болса да жәрдем сорап, даўыслап бақырмады, ал еркек болса, басқа биреўдиң болажақ ҳаялының абырайын төкти. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.
25 Егер де бир адам атастырылып қойылған бир қызды далада ушыратып қалып, оны услап алып зорласа, онда тек сол зорлаған адам ғана өлтирилсин.
26 Қызға ҳеш нәрсе қылмаңлар. Өйткени қыздың өлимге ылайық ҳеш қандай айыбы жоқ. Бул биймәлел биреўге ҳүжим қылып, оны өлтирген адамның исине уқсайды.
27 Себеби ол адам атастырылған қызды ашық далада услап алған, ал қыз болса, жәрдем сорап, бақырған. Деген менен, қутқаратуғын ҳеш ким болмаған.
28 Егер де бир адам атастырылмаған бир пәк қызды ушыратып, оны услап алса ҳәм оның менен жатқан жеринен усланса,
29 қыз бенен жатқан адам қыздың әкесине елиў шекел гүмис берсин. Ол қызды зорлағаны ушын, оған үйленсин ҳәм өмири даўамында қыз бенен ажырасыў ҳуқықына ийе емес.
30 Ҳеш ким әкесиниң ҳаялына үйленбесин, усылай ислеп, әкесин шерменде қылмасын».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.