Нызамнын кайталаныуы 23 bob
1 «Туқым бези езилген ямаса жынысый ағзасы кесилген адам Жаратқан Ийениң жәмийетине кирмейди.
2 Некесиз туўылған бала Жаратқан Ийениң жәмийетине кирмейди, ҳәттеки, оның кейинги оныншы әўладына дейин Жаратқан Ийениң жәмийетине кире алмайды.
3 Аммон ямаса моаб халқынан болған адам Жаратқан Ийениң жәмийетине кирмейди. Ҳәттеки, олардың оныншы әўладына дейин Жаратқан Ийениң жәмийетине ҳасла кире алмайды.
4 Өйткени Мысырдан шығып киятырғаныңызда, олар жолда сизлерди нан ҳәм суў менен күтип алмады. Және де, Арам-Наҳарайымдағы Петор қаласынан болған Беор улы Биламды сизлерди нәлетлеў ушын жаллаған еди.
5 Деген менен, Қудайыңыз Жаратқан Ийе Биламға қулақ салыўды қәлемеди. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди сүйгени ушын, нәлетти жарылқаўға айландырды.
6 Өмириңиз даўамында олардың тынышлығы ҳәм ийгилиги ушын ҳәрекет етпеңлер.
7 Эдомлылардан болса, жеркенбеңлер, олар сизлердиң туўысқаныңыздур. Мысырлылардан да жеркенбеңлер. Өйткени олардың жеринде сизлер келгинди болып жасаған едиңлер.
8 Олардан туўылған үшинши әўлад Жаратқан Ийениң жәмийетине кире алады».
9 «Душпанларыңыз бенен урысыў ушын орда қурғаныңызда, ҳәр қандай ҳарамылықтан сақ болыңлар.
10 Егер араңызда бир адамның түнде урығы ағып, ҳарам болса, ол ордадан шығып кетсин ҳәм сол жерде қалсын.
11 Ол кешке қарай жуўынып алсын, күн батқаннан кейин ордаға қайтыўына болады.
12 Орданың сыртында дәретке шығатуғын жериңиз болсын.
13 Қурал- жарағыңыздың арасында жер қазыў ушын бир белше болсын. Дәретке шығарда, шуқыр қазып, кейин оны көмип таслаң.
14 Ордаңызды пәк сақлаңлар, себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди қутқарып, душпанларыңызды сизлерге тәслим қылыў ушын, ордада сизлер менен бирге жүреди. Егер де Жаратқан Ийе араңызда қандай да әдепсиз ислерди көрсе, Ол сизлерден жүз бурады».
15 «Хожайынынан қашып, Израилдан пана излеп келген қулды хожайынына қайтарып берип жибермеңлер.
16 Ол сизлердиң араңызда, өзи унатқан жерде, қәлеген қалалардың биринде жасасын. Оған жаўызлық қылмаңлар.
17 Бутханаларда бузықлық пенен шуғылланатуғын израиллы ҳеш қандай ҳаял ямаса еркек болмасын.
18 Қудайыңыз Жаратқан Ийе бузықлық пенен шуғылланатуғын ҳаял ҳәм еркеклерден жеркенеди. Олардың ис ҳақысын Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Ибадатханасына ўәде бойынша берилетуғын сый етип алып келмеңлер.
19 Израиллы туўысқаныңызға пулды, нанды ямаса басқа да затларыңызды қарызға бергениңизде, оннан үстеме талап қылмаңлар.
20 Басқа жат жерли адамнан үстеме алыўыңызға болады, бирақ израиллы туўысқаныңыздан алмаңлар. Сонда сизлер мүлик етип алыў ушын баратырған елде, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди.
21 Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қандай да бир ўәде берсеңиз, оны кешиктирмей орынлаңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерден ўәдеңизди орынлаўыңызды талап қылады. Егер ўәдеңизди орынламасаңыз, өзлериңизге гүна арттырып аласыз.
22 Егер ўәде бермеген болсаңыз, гүналы болмайсыз.
23 Ал аўзыңыздан шыққан ўәдеңизди сөзсиз орынлаңлар. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийеге өз қәлеўиңиз бенен ўәде бердиңиз.
24 Туўысқаныңыздың жүзимзарлығына киргениңизде, жүзимнен тойғаныңызша жеўиңизге болады, бирақ оннан ыдысыңызға терип алмаңлар.
25 Туўысқаныңыздың егислигине киргениңизде, қолыңыз бенен масағын үзип алыўыңызға болады, бирақ оның егинлерин орып алмаңлар».