Нызамнын кайталаныуы 25 bob

Басқа нызамлар (11-22).

1 «Еки адамның арасында жәнжел шықса, олар қазылардың алдына барсын. Қазылар сол еки адамның арасындағы даўды қарап шықсын ҳәм айыпсызды ақлап, ал айыплы адамды жазаға тартсын.
2 Егер де айыплы адам сабаўға ылайықлы болса, қазы оны жерге жатқарсын ҳәм өзиниң көз алдында айыбына жараса сабатсын.
3 Айыплы адам қырықтан артық сабалмасын. Егер қырықтан асып кетсе, онда туўысқаныңыз сизлердиң көз алдыңызда хорланып қалады.
4 Түйек айдап атырған өгиздиң аўзын буўып тасламаңлар.
5 Егер бирге жасап атырған ағалы-инилилердиң бири перзентсиз қайтыс болса, марҳумның ҳаялы жат адамға турмысқа шықпасын. Марҳумның туўысқаны жесир қалған ҳаялға үйленсин ҳәм өзиниң қәйинлик ямаса қайнағалық ўазыйпасын орынласын.
6 Сол ҳаял туўған туңғыш ул марҳумның атын даўам етсин. Солай етип, марҳумның аты Израил халқынан өшип кетпейди.
7 Бирақ сол адам марҳум ағасының ямаса инисиниң жесир қалған ҳаялына үйлениўден бас тартса, жесир ҳаял қала дәрўазасына барып, ақсақалларға былай деп айтсын: „Марҳум күйеўимниң туўысқаны оның атын Израил халқының арасында даўам еттириўди қәлемей, өз ўазыйпасын орынлаўдан бас тартып атыр“.
8 Сонда қаланың ақсақаллары сол адамды шақырып алып, оның менен сөйлессин. Егер ол адам: „Оған үйлениўди қәлемеймен“, – деп турып алса,
9 жесир ҳаял марҳум күйеўиниң туўысқанының қасына келсин. Ҳаял қала ақсақалларының көз алдында оның бир аяқ кийимин шешип алып, жүзине түкирип: „Туўысқанының әўладын тиклеўди қәлемеген адамға усындай исленеди“, – деп айтсын.
10 Усыдан кейин, сол адамның әўлады Израилда „Аяқ кийими шешилген“, деп аталатуғын болады».
11 «Еки адам бир-бири менен төбелесип атырғанда, биреўиниң ҳаялы келип, урып атырған адамнан күйеўин айырып алыў ушын, сол адамның жынысый ағзасынан усласа,
12 онда ҳаялдың қолын шаўып таслаңлар. Оны аяп отырмаңлар.
13 Дорбаңызда биреўи аўыр, екиншиси жеңил еки түрли тәрези таслар болмасын.
14 Үйиңизде биреўи үлкен, екиншиси кишкене сыйымлылық өлшейтуғын ыдыслар болмасын.
15 Тәрези тасларыңыз да, сыйымлылық өлшейтуғын ыдысларыңыз да ҳадал ҳәм дурыс болсын. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берип атырған жеринде өмириңиз узақ болады.
16 Қудайыңыз Жаратқан Ийе сондай наҳақлық қылатуғынлардан жеркенеди.
17 Сизлер Мысырдан шыққаннан кейин амалек халқының сизлерге не ислегенин умытпаңлар.
18 Сизлер жолдан шаршап, ҳәлсизленип қалғаныңызда, олар Қудайдан қорқпай сизлерге ҳүжим қылып, артыңызда қалған барлық ҳәлсирегенлерди өлтирген еди.
19 Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елде әтирапыңыздағы барлық душпанларыңызды жеңип, тынышлыққа ерискениңизде, амалек халқын жоқ қылып, олардың атын жер жүзинен өширип таслаңлар. Буны умытпаңлар!»


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.