Нызамнын кайталаныуы 28 bob

Жарылқаўлар (1-14). Нәлетлер (15-68).

1 «Егер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзине қулақ салып, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған Оның барлық буйрықларын муқыятлы түрде орынласаңыз, Ол сизлерди жер жүзиндеги пүткил халықлардан жоқары қылады.
2 Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзин тыңласаңыз, үстиңизге мына берекетлер жаўады ҳәм берекетли боласыз:
3 Қалада да, атызда да берекетли боласыз.
4 Үбирли-шүбирли болып жарылқанасыз. Жериңиздиң зүрәәти мол болады, малларыңыздың төллери – пада ҳәм сүриўлериңиздиң бузаўлары менен қозылары көп болады.
5 Дән себетлериңиз ҳәм қамыр табақларыңыз берекетли болады.
6 Үйде де, дүзде де ҳәр бир исиңиз берекетли болады.
7 Жаратқан Ийе сизлерге ҳүжим қылған душпанларыңызды жеңилиске ушыратады. Олар сизлерге бир тәрептен ҳүжим етсе, сизлерден тумлы- тусқа қашып кетеди.
8 Жаратқан Ийениң буйрығы менен ғәллеханаңыз толы болады. Қол урған ҳәр бир исиңизди Жаратқан Ийе берекетлейди. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берип атырған елде сизлерди жарылқайды.
9 Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларына әмел қылып, Оның жоллары менен жүрсеңиз, Жаратқан Ийе сизлерге ант ишкениндей, сизлерди Өзиниң мухаддес халқы қылады.
10 Жер жүзиндеги барлық халықлар сизлердиң Жаратқан Ийеге тийисли екениңизди көрип, сизлерден қорқатуғын болады.
11 Жаратқан Ийе сизлерге беремен деп, ата- бабаларыңызға ант ишкен елде молшылықта жасаўыңызды тәмийинлейди. Үбирли-шүбирли боласыз, малларыңыздың төллери көбейеди ҳәм жериңиздиң зүрәәти мол болады.
12 Жаратқан Ийе елиңизге өз ўақтында жаўын жаўдырыў ушын аспандағы бай ғәзийнесин ашады ҳәм қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди. Көп халықларға қарыз бересиз, өзлериңиз болса, қарыз алмайтуғын боласыз.
13 Бүгин мен сизлерге жеткерип атырған Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларын тыңлап, оларды муқыятлы түрде орынласаңыз, Ол сизлерди қуйрық емес, ал бас қылады. Сизлер төменде емес, ал жоқарыда боласыз.
14 Бүгин мен сизлерге жеткерип атырған буйрықлардан оңға да, солға да шығып кетпеңлер, басқа қудайларға ерип, оларға табынбаңлар».
15 «Бирақ, егер де Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзине қулақ салмай, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған Оның барлық буйрықларын ҳәм қағыйдаларын муқыятлы түрде орынламасаңыз, мына нәлетлер басыңызға түседи:
16 Қалада да, атызда да нәлетли боласыз.
17 Дән себетлериңиз ҳәм қамыр табақларыңыз нәлетли болады.
18 Ул-қызға зар болып, жериңиз зүрәәтсиз, сыйырларыңыз ҳәм сүриўлериңиз көбеймей, нәлетий боласыз.
19 Үйде де, дүзде де ҳәр бир исиңиз нәлетий болады.
20 Жаратқан Ийеден жүз бурып, жаўызлық ислегениңиз ушын, қол урған ҳәр бир исиңизде Ол сизлерди нәлетке ҳәм бәле-қадаға дуўшар қылады. Исиңиз оңынан келмейди. Ақырында, тез арада үстиңизге апат жаўып, пүткиллей жоқ боласыз.
21 Сизлер мүлик етиў ушын баратырған елиңизге Жаратқан Ийе иллет жиберип, сизлерди жоқ қылады.
22 Ол сизлерди өкпе кеселлигине, ысытпа ҳәм қалтыратпаға дуўшар қылады. Соның менен бирге, жаздың саратан ыссысын ҳәм қурғақшылық жиберип, егинлериңизди қуўратып таслайды ҳәм кеселлендиреди. Сизлер өлип кеткениңизше, усы апатлар изиңизден қалмайды.
23 Төбеңиздеги аспан қола сыяқлы, аяғыңыздың астындағы жер темир сыяқлы болып қалады.
24 Сизлер жоқ болып кетпегениңизше, Жаратқан Ийе аспаннан жаўынның орнына елиңизге шаң-тозаң жаўдырады.
25 Жаратқан Ийе сизлерди душпанларыңызға тәслим етеди. Сизлер оларға бир тәрептен ҳүжим етсеңиз, олардан тумлы-тусқа қашып кетесиз. Жер жүзиндеги барлық патшалықлар сизлердиң аянышлы аўҳалыңызды көрип, ҳүрейлери ушып кетеди.
26 Өликлериңиз барлық қусларға ҳәм жабайы ҳайўанларға жем болады, оларды қуўып жиберетуғын ҳеш ким болмайды.
27 Жаратқан Ийе мысырлыларға жиберген даўасы жоқ шыйқанлар, қотыр жаралар ҳәм қышымаларға сизлерди дуўшар етеди.
28 Соның менен бирге, Ол сизлерди жинлилик, соқырлық, естен айырылыў бәлелери менен жазалайды.
29 Соқыр адам түнде сыйпаланып жүргениндей, сизлер күндизги ўақыт сыйпаланып жүресиз. Ислеген ҳәр бир исиңизде табыссыз боласыз, үзликсиз езилип, тоналасыз ҳәм сизлерди қутқаратуғын ҳеш ким болмайды.
30 Бир қыз бенен некеден өтесиз, бирақ оны басқа биреў зорлайды. Үй саласыз, бирақ оның ишине кирип, жасай алмайсыз. Жүзим бағын отырғызасыз, бирақ жүзиминен жей алмайсыз.
31 Малыңыз көз алдыңызда сойылады, бирақ гөшинен жей алмайсыз. Ешегиңизди сизлерден зорлап тартып алады ҳәм қайтарып бермейди. Қой-ешкилериңиз душпанларыңызға бериледи. Сизлерди қутқаратуғын ҳеш ким болмайды.
32 Ул-қызларыңыз көз алдыңызда басқа халықларға қул етип бериледи. Қолыңыздан ҳеш нәрсе келмегенликтен, ҳәр күни олардың қайтып келиўин күтип, жолына көз тигип, көзлериңиз талады.
33 Сизлер танымайтуғын бир халық келип, жериңиздиң зүрәәтин ҳәм барлық мийнетиңиздиң мийўесин жейди. Өмириңиз бойы жәбирленип, езилесиз.
34 Усыларды көзлериңиз бенен көрип, ақыл-есиңизден айырыласыз.
35 Жаратқан Ийе сизлерди басыңыздан аяғыңыздың ушына дейин даўасы жоқ жара ҳәм шыйқанлар менен қаплайды.
36 Жаратқан Ийе сизлерди ҳәм өзлериңизге тайынлаған патшаңызды өзлериңиз де, ата-бабаларыңыз да танымайтуғын бир халыққа сүргинге айдатып жибереди. Ол жерде ағаштан ҳәм тастан исленген басқа қудайларға табынып, хызмет етесиз.
37 Жаратқан Ийе сизлерди сол басқа халықларға алып барғанда, олар басыңызға түскен апатты көрип, ҳүрейлери ушып кетеди. Олар сизлерди әпсана қылып, масқаралап жүреди.
38 Атызларыңызға көп туқым егесиз, бирақ аз зүрәәт аласыз. Себеби зүрәәтиңизди шегиртке жеп кетеди.
39 Жүзим бағын отырғызып, тәрбиялайсыз, бирақ оның шарабын ишпейсиз, жүзимин термейсиз. Өйткени оларды қурт жеп кетеди.
40 Елиңиздиң ҳәмме жеринде зәйтүн бағы болса да, оның майын үстиңизге жаға алмайсыз. Себеби зәйтүн ағашларының мийўелери төгилип қалады.
41 Сизлер ул-қызлы боласыз, бирақ өзлериңизге буйырмайды, оларды сүргин қылып алып кетеди.
42 Барлық мийўе ағашларыңыздың мийўелерин ҳәм жериңиздиң зүрәәтин шегирткелер жеп кетеди.
43 Сизлердиң араңызда жасап атырған келгиндилердиң жағдайы жоқарылап күшейеди, ал сизлер болса, төменлейсиз.
44 Олар сизлерге қарыз беретуғын болады, ал сизлер болса, оларға қарыз бере алмайсыз. Олар бас, ал сизлер қуйрық боласыз.
45 Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салмай, Оның берген буйрықларына ҳәм қағыйдаларына әмел қылмасаңыз, усы нәлетлер басыңызға жаўып, сизлерди жоқ қылмағанша, изиңизден қалмай, жетип алады.
46 Бул нәлетлер сизлер ҳәм урпағыңыз ушын, Қудай берген жазаның мәңги белгиси болып қалады.
47 Себеби ҳәмме нәрсе молшылық ўақытта, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге шадлы ҳәм қуўанышлы түрде хызмет етпедиңиз.
48 Соның ушын, Жаратқан Ийе сизлерге жиберген душпанларға қуллық етесиз, аш, суўсыз ҳәм жалаңаш қалып, ҳәмме нәрсеге мүтәж боласыз. Жаратқан Ийе сизлерди жоқ етпегенше, мойныңызға темир мойынтырық салып қояды.
49 Жаратқан Ийе сизлерге қарсы узақтан, дүньяның басқа шетинен бир халықты төменге тасланып атырған бүркиттей етип жибереди. Сизлер олардың тилин түсинбейсиз+.
50 Бул халық қорқынышлы болып, жасы үлкенлерге реҳим, жасы кишилерге мийрим-шәпәәт көрсетпейди.
51 Олар сизлерди жоқ қылмағанша, малларыңыздың төллерин ҳәм жериңиздиң зүрәәтин жейди. Сизлерге дән де, шарап та, зәйтүн майын да, сыйырларыңыздың бузаўларын да, қойларыңыздың қозыларын да қалдырмайды. Сонда сизлер жоқ болып кетесиз.
52 Олар Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берип атырған елдеги барлық қалаларды қамал қылады. Сизлер исенген бийик ҳәм беккем дийўаллар жер менен жексен болады.
53 Душпаныңыз қамал қылып, қысқыға алғанда, сизлер өз перзентлериңизди, Қудайыңыз Жаратқан Ийе өзлериңизге берген ул- қызларыңызды жейсиз.
54 Араңыздағы ең мүләйим, ең нәзик адам да туўысқанына, ҳаялына ҳәм аман қалған балаларына жаны ашымай,
55 өзи жеп отырған баласының гөшин қызғанып, олардың ҳеш бири менен бөлиспейди. Өйткени сизлерди душпаныңыз қамал қылып, қысқыға алғаны себепли қалаларыңызда ҳеш қандай аўқат қалмайды.
56 Араңыздағы ең мүләйим, ең нәзик ҳаял, мүләйимлиги ҳәм нәзиклигинен аяғын жерге басыўды қәлемейтуғын ҳаял сүйикли күйеўине, өз ул-қызына жаны ашымай,
57 аш болғанлықтан, туўған баласын ҳәм баласының жолдасын жасырынша жеп, олар менен бөлиспейди. Себеби душпаныңыз сизлерди қамал қылып, қысқыға алғанлықтан, усындай қыйын аўҳалда қалып қоясыз.
58 Усы китапта жазылған нызамның барлық сөзлерин муқыятлы түрде орынламай, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң уллы ҳәм айбатлы атынан қорқпасаңыз,
59 Ол сизлерди ҳәм урпағыңызды қорқынышлы, уллы ҳәм үзликсиз апатларға, және де, аўыр ҳәм даўасыз кеселликлерге дуўшар қылады.
60 Сизлерди қорқынышқа салған Мысырдағы барлық кеселликлерди сизлерге және жибереди ҳәм олардан ҳеш қашан шыпа таба алмайсыз.
61 Сизлер жоқ болып кетпегениңизше, Жаратқан Ийе усы Нызам китабында жазылмаған ҳәр түрли аўырыўлар менен апатларды басыңызға дөндиреди.
62 Сизлер аспандағы жулдызлар сыяқлы көп едиңиз, бирақ Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салмағаныңыз ушын, саныңыз азайып қалады.
63 Жаратқан Ийе сизлерге жақсылық қылып, көбейткенинен қаншелли сүйсинген болса, сизлерди қулатып, жоқ еткенде де, соншелли сүйсинеди. Мүлик етип алыў ушын баратырған елден сизлерди суўырып, ылақтырып жибереди.
64 Жаратқан Ийе сизлерди дүньяның арғы шетинен берги шетине дейин, барлық халықлардың арасына тарқатып жибереди. Ол жерде өзлериңиз де, ата-бабаларыңыз да танымаған ағаштан ҳәм тастан исленген басқа қудайларға табынасыз.
65 Бирақ сол халықлардың арасында тынышлығыңыз да, дем алатуғын бир жериңиз де болмайды. Ол жерде Жаратқан Ийе сизлерге титиреген жүреклер, үмитсизлик ҳәм үмитсиз көзлер береди.
66 Өмириңиз қыл үстинде турғандай болып, күни-түни өлимнен қорқып жасайсыз.
67 Түнде жүрегиңизди бийлеп алған қорқыныш себепли „Қәнекей, азан болғанда ма еди!“ дейсиз, ал азанда өз көзиңиз бенен көретуғын ўақыялар себепли „Қәнекей, кеш болғанда ма еди!“ дейсиз.
68 Жаратқан Ийе сизлерге Мысырға қайтып бармайсыз, деп айтқан болса да, Ол сизлерди кемелер менен Мысырға қайтадан жибереди. Ол жерде сизлер өзлериңизди душпанларыңызға қул ҳәм шоры қылып сатыўға ҳәрекет етесиз, бирақ сизлерди сатып алатуғын қарыйдар болмайды».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.