Нызамнын кайталаныуы 29 bob

Моаб елиндеги дүзилген келисимниң шәртлери (1-29).

1 Жаратқан Ийе израиллылар менен Хореб таўында дүзген келисиминен тысқары, Моабта израиллылар менен келисим дүзиўди Муўсаға буйырды. Бул келисим төмендегиден ибарат:
2 Муўса пүткил Израил халқын бир жерге жыйнап, оларға былай деди: «Жаратқан Ийениң Мысырда көз алдыңызда фараонға, оның хызметкери менен халқына не ислегенлерин көрдиңиз.
3 Оның жиберген уллы апатларын, белгилерин ҳәм қүдиретли кәраматларын өз көзиңиз бенен көрдиңиз.
4 Деген менен, Жаратқан Ийе усы күнге дейин сизлерге түсинетуғын жүрек, көретуғын көз ҳәм еситетуғын қулақ бермеди.
5 Ол сизлерди қырық жыл шөлде алып жүрди. Сонда сизлердиң үст кийимиңиз де, аяқ кийимиңиз де тозбады.
6 Жегениңиз нан емес, ишкениңиз шарап ямаса басқа да өткир ишимлик емес еди. Булардың барлығын Оның Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенин түсиниўиңиз ушын қылды.
7 Усы жерге келгенимизде, Хешбон патшасы Сихон менен Башан патшасы Ог бизлерге қарсы урыс ашты. Бирақ оларды жеңилиске ушыраттық.
8 Олардың жерлерин ийелеп, Рубен, Гад урыўларына ҳәм Менашше урыўының ярымына мүлик етип бердик.
9 Енди ҳәр бир исиңизде табыслы болыўыңыз ушын, усы келисим шәртлерин муқыятлы түрде орынлаңлар.
10 Бүгин ҳәммеңиз – урыў басшыларыңыз, ақсақалларыңыз, қадағалаўшыларыңыз, пүткил Израил еркеклери, балаларыңыз, ҳаялларыңыз ҳәм араңызда жасап атырған отыныңызды шабатуғын ҳәм суўыңызды тасыйтуғын келгиндилер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында турыпсыз
11 .
12 Бүгин Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлер менен дүзетуғын келисиминиң күшке миниўи ушын, оны ант ишип тастыйықлаў ушын усы жерде турыпсыз.
13 Солай етип, Ол ата-бабаларыңыз Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа ант ишип, сизлерге ўәде бергениндей, бүгиннен баслап, Ол сизлерди Өз халқы етип белгилесин ҳәм сизлердиң Қудайыңыз болсын.
14 Мине, Жаратқан Ийе ант пенен дүзетуғын келисимин усы жерде бизлер менен бирге Оның алдында турған тек ғана сизлер менен емес, ал еле дүньяға келмеген әўладларыңыз бенен де дүзип атыр
15 .
16 Мысырда қалай жасағанымызды, басқа халықлардың жерлеринен қалай өтип келгенимизди өзлериңиз де билесиз.
17 Олардың ағаштан, тастан, гүмистен ҳәм алтыннан исленген жеркенишли бутларын көрдиңиз.
18 Абайлы болыңлар, сизлердиң араңызда сол халықлардың қудайларына табыныў ушын, Қудайымыз Жаратқан Ийеден жүз буратуғын еркек ямаса ҳаял, тийре ямаса урыў болмасын. Араңызда бундай зәҳәр ҳәм ашшы мийўе беретуғын тамыр болмасын.
19 Араңызда ҳеш бир адам усы келисимдеги нәлетлерди еситип турып, кеўлинде: „Өз қәлеўим бойынша жасасам да, бахытлы боламан“, – деп ойламасын. Бундай пикир ҳәммеңиздиң басыңызға апат алып келеди.
20 Жаратқан Ийе бундай адамды кеширмейди. Жаратқан Ийениң ғәзеби ҳәм қызғанышы ол адамға қарсы лаўлап жанады. Усы китапта жазылған барлық нәлетлер оның басына жаўып, Жаратқан Ийе оның атын жер жүзинен өширип таслайды.
21 Усы Нызам китабында жазылған келисимдеги барлық нәлетлер бойынша, Жаратқан Ийе оны Израил урыўларының арасынан жазалаў ушын айырып алады.
22 Келешек әўладлар, балаларыңыз ҳәм узақ елден келген жат жерли адамлар Жаратқан Ийениң усы елге жиберген апатларын ҳәм кеселликлерди көреди.
23 Пүткил елди отлы күкирт ҳәм дуз күйдирип таслайды. Жерге ҳеш нәрсе егип те болмайды, ҳеш нәрсе өсип те шықпайды, ҳеш қандай шөп те көгермейди. Елиңиз Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзебинен жер менен жексен болған Содом, Гомора, Адма ҳәм Себойым сыяқлы болып қалады.
24 Пүткил халықлар: „Жаратқан Ийе бул елге не ушын бундай қылды? Бундай ғәзептиң төгилиўиниң себеби неде екен?“ – дейди.
25 Сонда оларға мынадай жуўап болады: „Бул халық ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийениң келисиминен бас тартты. Жаратқан Ийе оларды Мысырдан алып шыққанда, олар менен усы келисимди дүзген еди.
26 Олар өзлери танымаған, Жаратқан Ийе өзлерине үлес қылып бермеген басқа қудайларға хызмет етип, табынып кетти.
27 Сол себепли Жаратқан Ийениң ғәзеби қайнап, усы китапта жазылған барлық нәлетлерди усы елге жаўдырды.
28 Ол қатты ашыўланып, күшли ғәзеби менен оларды өз елинен суўырып алып, бүгин көрип турғаныңыздай, басқа елге ылақтырып жиберди. Олар бүгинге дейин сол еллерде жасап атыр“.
29 Жасырын қылмыслар Қудайымыз Жаратқан Ийеге тийисли. Бирақ ашылған қылмысларды усы нызамның шәртлери бойынша жазалаў мәңгиге бизлерге ҳәм урпақларымызға тапсырылған».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.