Нызамнын кайталаныуы 3 bob
1 «Солай етип, бизлер Башанға қарай жол алдық. Башан патшасы Ог бизлер менен урысыў ушын барлық ләшкерлерин алып, Эдрейде алдымыздан шықты.
2 Жаратқан Ийе маған: „Огтан қорқпа! Өйткени оның өзин, ләшкерлерин ҳәм пүткил елин саған тәслим қыламан. Амор халқының Хешбонда жасаған патшасы Сихонға не ислеген болсаң, оған да соны ислейсең“, – деди.
3 Солай етип, Қудайымыз Жаратқан Ийе Башан патшасы Огты ҳәм оның ләшкерлерин бизлерге тәслим қылды. Олардың ҳеш бирин аман қалдырмай, ҳәммесин қырып тасладық.
4 Қолға киргизбеген бирде бир қала қалдырмай, Огтың барлық алпыс қаласын, Башандағы оның патшалығына кирген барлық Аргоб үлкесин қолға киргиздик.
5 Бул қалалардың ҳәммеси бийик дийўаллар, дәрўазалар ҳәм дәрўазаларды қулыплап қоятуғын тәмбилер менен беккемленген еди. Булардан басқа дийўаллар менен қоршалмаған көп аўыллар да бар еди.
6 Хешбон патшасы Сихонға ислегенимиздей, олардың ҳәммесин жоқ қылдық. Ҳәр бир қаланы еркек, ҳаял ҳәм балалары менен бирге пүткиллей жоқ қылдық.
7 Олардың барлық ҳайўанларын ҳәм мал-мүликлерин өзлеримизге олжа етип алдық.
8 Солай етип, сол ўақытта бизлер Арнон сайынан Хермон таўына дейин созылған Иордан дәрьясының күншығыс жағасындағы жерлерди амор халқының еки патшасының қолынан тартып алдық.
9 Хермон таўын сидонлылар Сирйон таўы, ал амор халқы Сенир таўы деп атайды.
10 Сол тегисликтеги барлық қалаларды, пүткил Гиладты, Огтың патшалығына тийисли Салка менен Эдрей қалаларына дейин созылған барлық Башанды қолға киргиздик».
11 Рефа халқынан тек ғана Башан патшасы Ог тири қалған еди. Огтың Рабба қаласындағы жататуғын орны темирден еди, әпиўайы өлшемде бул орынның узынлығы тоғыз, ени төрт шығанақ еди.
12 «Сонда бизлер қолға киргизген сол жерлерден Арнон сайының шетинде жайласқан Ароер қаласының арқа тәрепин, Гилад таўлы үлкесиниң жартысын ҳәм ол жердеги қалаларды Рубен ҳәм Гад урыўларына бердим.
13 Менашше урыўының жартысына болса, Гиладтың қалған бөлегин ҳәм Огтың патшалығына тийисли Башанды бердим. Башандағы Аргоб үлкеси рефа халқының ели деп есапланатуғын еди.
14 Менашше урыўынан болған Яир пүткил Аргоб үлкесин ийелеп алды. Бул үлке гешурлылар менен маахалылардың шегараларына дейин созылған еди. Яир Башан деп аталған бул үлкени өзиниң аты менен атады ҳәм ол жерлер бүгинге дейин Яирге тийисли қалалар деп аталады.
15 Менашше урыўынан болған Махирдиң урпағына Гиладты бердим.
16 Рубен ҳәм Гад урыўларына Гиладтан Арнон сайына дейин созылған жерлерди бердим. Арнон сайының ортасы олардың қубла шегарасы, бир бөлеги аммонлардың шегарасы болған Яббоқ дәрьясы арқа шегарасы болды.
17 Олардың батыстағы шегарасы болса, Иордан тегислигиндеги Иордан дәрьясы бойлап, арқадағы Киннерет көлинен қубладағы Өли теңизге дейин ҳәм оның шығысындағы Писга таўының жанбаўырларына дейин созылған еди.
18 Сонда мен сизлерге былай деп буйрық бердим: „Қудайыңыз Жаратқан Ийе усы Иордан дәрьясының шығыс тәрепиндеги жерди сизлерге мүлик етип берди. Енди сизлердиң барлық урысқа жарамлы адамларыңыз қуралланып, дәрьядан кесип өтсин. Олар израиллы туўысқанларының алдында жүрсин.
19 Ал ҳаялларыңыз бенен балаларыңыз мен сизлерге берген қалаларда қалсын. Малларыңыз көп екенин билемен, олар да қалаларыңызда қала берсин.
20 Жаратқан Ийе сизлерге рәҳәт бергениндей, туўысқанларыңыз да рәҳәтке ериссин ҳәм Қудайыңыз Жаратқан Ийе берип атырған Иордан дәрьясының арғы тәрепиндеги жерди ийелеп алыўына жәрдем бериң. Соннан кейин, ҳәр бириңиз өзлериңизге берилген усы жерге қайтып келиўиңизге болады“».
21 «Сол ўақытта мен Ешуаға: „Қудайың Жаратқан Ийениң бул еки патшаға не ислегенин өз көзиң менен көрдиң. Жаратқан Ийе сен басып өтетуғын сол барлық патшалықларды да сондай аўҳалға салады.
22 Олардан қорқпа! Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер ушын урысады“, – дедим.
23 Кейин мен Жаратқан Ийеге былай деп жалбарындым:
24 „Қудай Ийе, уллылығыңды ҳәм қүдиретли қолыңды Өз қулыңа көрсетип басладың. Аспанда да, жерде де Сениң әжайып ҳәм уллы ислериңди ислей алатуғын басқа ҳеш қандай қудай жоқ!
25 Маған рухсат бер, мен Иордан дәрьясынан өтип, арғы жағадағы әжайып елди, сол сулыў таўлы үлкени ҳәм Лебанон таўларын көрейин“.
26 Бирақ Жаратқан Ийе сизлер себепли маған ғәзепленип, жалбарыныўыма қулақ салмады. Ол маған былай деди: „Жетер, болды! Маған бул ҳаққында артық сөз айтпа.
27 Писга таўына шық. Батысқа, арқаға, қублаға ҳәм шығысқа көз таслап, жақсылап өз көзиң менен көрип ал. Себеби сен Иордан дәрьясының арғы жағасына өтпейсең.
28 Ешуаға хызметти тапсыр. Оны жигерлендирип, руўхландыр. Өйткени бул халық Иордан дәрьясының арғы жағасына Ешуаның басшылығы астында өтеди. Сен көретуғын жерлерди халыққа ол мүлик етип, алып береди“.
29 Солай етип, бизлер Бейт-Пеордың қарсы алдындағы ойпатлықта тоқтадық».