Нызамнын кайталаныуы 30 bob

Қайта тиклениўдиң ҳәм жарылқаўдың шәртлери (1-20).

1 «Мен сизлерге айтқан усы барлық жарылқаўлар ямаса нәлетлер басыңызға түскенде, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди тарқатып жиберген халықлардың арасында усыларды есиңизге түсиресиз.
2 Сол ўақытта бүгин сизлерге буйырғанымдай, сизлер ҳәм урпақларыңыз Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қайтып, шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен Оған қулақ салсаңыз,
3 Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге реҳим қылып, бурынғы абаданшылығыңызды тиклейди. Сизлерди арасына тарқатып жиберген халықлардың ишинен қайтадан жыйнап алады.
4 Дүньяның басқа шетине сүргин болсаңыз да, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди жыйнап, қайтарып алып келеди.
5 Сизлерди ата- бабаларыңыздың мүлик етип алған елине алып келеди. Сол жерди мүлик етип алғаныңызда, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге жақсылық алып келеди ҳәм сизлерди ата-бабаларыңыздан да гөре көбейтеди.
6 Сизлердиң ҳәм урпақларыңыздың жүреклерин өзгертеди. Сонда Оны шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен сүйип, өмирге ийе боласыз.
7 Қудайыңыз Жаратқан Ийе барлық нәлетлерди сизлерди жек көрип, қуўдалаған душпанларыңыздың үстине жаўдырады.
8 Сизлер Жаратқан Ийениң сөзине және қулақ салып, бүгин мен сизлерге берип атырған буйрықлардың ҳәммесине әмел қыласыз.
9 Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди қол урған ҳәр бир исиңизде табыслы қылады. Сизлер үбирли- шүбирли боласыз, малларыңыз көбейеди ҳәм жерлериңиздиң өними мол болады. Жаратқан Ийениң ата-бабаларыңыздан қаншелли кеўли толған болса, сизлерден де соншелли кеўли толады ҳәм сизлерди табысқа еристиреди.
10 Бирақ Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салың, усы Нызам китабында жазылған Оның буйрықларына, қағыйдаларына әмел қылып, шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен Жаратқан Ийеге қайтың.
11 Бүгин мен сизлерге берип атырған буйрық сизлер ушын қыйын емес ямаса сизлер жетип бара алмайтуғындай узақта емес.
12 Сизлер: „Бизлер буйрықты тыңлап, оны орынлаўымыз ушын, ким аспанға шығып, оны алып келеди?“ – деп айтатуғындай, ол аспанда емес.
13 Сизлер: „Бизлер буйрықты тыңлап, оны орынлаўымыз ушын, ким теңиздиң арғы жағына барып, оны алып келеди?“ – деп айтатуғындай, ол теңиздиң арғы жағында да емес.
14 Керисинше, Қудайдың сөзи сизлерге жүдә жақын, орынлаўыңыз ушын, ол сизлердиң аўзыңызда ҳәм жүрегиңизде.
15 Мине, бүгин мен сизлердиң алдыңызға өмир менен ийгиликти, өлим менен жаўызлықты қойып атырман.
16 Бүгин мен сизлерге Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйиўди, Оның жолы менен жүриўди, буйрықларына, қағыйдаларына ҳәм нызамларына әмел қылыўды буйыраман. Сонда сизлер аман жасайсыз, көбейесиз ҳәм мүлик етиў ушын баратырған елде Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди жарылқайды.
17 Бирақ, егер де сизлер жүрегиңизди басқа жаққа бурып, буларға қулақ салмай, жолдан азғырылсаңыз ҳәм басқа қудайларға табынып, хызмет етсеңиз,
18 онда сизлерге сөзсиз жоқ болатуғыныңызды билдиремен. Иордан дәрьясынан өтип, мүлик етип алатуғын елде көп жасамайсыз.
19 Бүгин мен сизлерге өмир ямаса өлимди, жарылқаў ямаса нәлетти таңлаў мүмкиншилигин бердим. Буған аспан менен жерди сизлерге қарсы гүўа етип қояман. Өмирди таңлаң, сонда сизлер де, балаларыңыз да жасайсыз.
20 Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйиң, Оның сөзине қулақ салып, Оған садық болың. Өйткени Ол сизлердиң өмириңиздур. Жаратқан Ийе ата- бабаларыңыз Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқыпқа беремен, деп ант ишкен елде сизлердиң өмириңиз узақ болады».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.