Нызамнын кайталаныуы 31 bob
1 Муўса пүткил Израил халқына жоқарыдағы сөзлерди айтып болғаннан кейин,
2 былай деди: «Ҳәзир мен бир жүз жигирма жастаман. Буннан былай, мен сизлерге басшылық ете алмайман. Оннан қала берсе, Жаратқан Ийе маған: „Иордан дәрьясының арғы жағына өтпейсең“, – деп айтқан еди.
3 Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң басшылығында Иорданның арғы жағына өтесиз. Ол сол жерде жасайтуғын халықларды жоқ қылады. Сизлер олардың еллерин мүлик етип, ийелеп аласыз. Жаратқан Ийениң сөзи бойынша Ешуа сизлерге басшылық қылады.
4 Жаратқан Ийе амор халқының патшалары Сихон менен Огты өлтирип, олардың елин жоқ қылғанындай, усы халықларды да жоқ қылады.
5 Жаратқан Ийе оларды сизлерге тәслим қылады. Оларға мен сизлерге буйырғанымдай ислеңлер.
6 Күшли ҳәм батыр болыңлар! Олардан қорқып, сескенип жүрмеңлер. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер менен бирге барады. Ол сизлерди тәрк етпейди ҳәм таслап кетпейди».
7 Соннан кейин, Муўса Ешуаны шақырып алып, пүткил израиллылардың алдында оған былай деди: «Күшли ҳәм батыр бол! Себеби сен Жаратқан Ийе ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен елге бул халық пенен бирге барасаң ҳәм елди мүлик етип, оларға сен бересең.
8 Жаратқан Ийениң Өзи сениң алдыңда жүрип, саған яр болады. Ол сени тәрк етпейди ҳәм таслап кетпейди. Қорқпа ҳәм қәўетерленбе».
9 Муўса усы нызамды жазып, Жаратқан Ийениң Келисим сандығын алып жүрген лебийли руўханийлерге ҳәм Израил халқының барлық ақсақалларына берди.
10 Кейин Муўса оларға былай деп буйырды: «Ҳәр жетинши жылдың, қарызлар кешип жиберилетуғын жылдың ақырында, Қос байрамында усы нызамды оқыңлар.
11 Қудайыңыз Жаратқан Ийениң таңлаған жеринде, Оның алдында жыйналған пүткил Израил халқына усы нызамды оқып бериңлер.
12 Барлық еркеклерди, ҳаялларды, балаларды ҳәм қалаларыңызда жасап атырған келгиндилерди жыйнаң. Солай етип, олардың ҳәр бири оны еситип, үйренип алсын ҳәм Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқсын. Усы нызамның барлық сөзлерин муқыятлы түрде орынласын.
13 Нызамды билмейтуғын урпақларыңыз да еситсин. Солай етип, сизлер мүлик ететуғын Иордан дәрьясының арғы жағындағы елде, олар өмири даўамында Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқыўды үйренсин».
14 Жаратқан Ийе Муўсаға: «Сениң өлимиң жақынлап қалды, Ешуаны шақыр ҳәм екеўиңиз де Ушырасыў шатырына келиң. Мен оған орынлайтуғын ўазыйпаларын тапсыраман», – деди. Муўса менен Ешуа Ушырасыў шатырына барып турды.
15 Кейин Жаратқан Ийе минара сыяқлы булт ишинде көринди. Булт шатырдың кирер аўзының алдында турды.
16 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: «Жақында өлип, ата- бабаларыңа қосыласаң. Ал бул халық өзлери киретуғын елде Маған опасызлық қылады, сол елдиң қудайларына ерип, хызмет етип кетеди. Олар Меннен бас тартып, олар менен дүзген келисимимди бузады.
17 Сонда Мен оларға ғәзепленип, таслап кетемен ҳәм олардан жүзимди жасыраман. Олар басқаларға аңсат олжа болып қалады. Басларына сансыз қайғылар ҳәм апатлар келген күни, олар: „Усы қайғылардың басымызға түсиўи Қудайымыз бизлер менен бирге болмағаны ушын емес пе?“ – дейди.
18 Басқа қудайларға ерип, қылған жаўызлықлары ушын, сол күни Мен сөзсиз олардан жүзимди жасыраман.
19 Енди өзлериңиз ушын мына жырды жазып алың, оны израиллыларға үйретиң ҳәм олар ядлап алсын. Солай етип, бул жыр израиллыларға қарсы Мениң гүўалығым болсын.
20 Мен ата-бабаларына ант ишкенимдей, оларды сүт ҳәм пал ағып турған елге алып киремен. Олар ишип-жеп тойынып, семиреди де, басқа қудайларға ереди ҳәм оларға хызмет етип кетеди. Олар Мени көзге илмей бас тартып, келисимимди бузады.
21 Ал басларына сансыз қайғы ҳәм апатлар түскенде, бул жыр оларға қарсы гүўалық болады. Себеби олардың әўладлары бул жырды умытпайтуғын болады. Мен беремен деп ант ишкен елге оларды алып келмесимнен алдын, олардың қандай нийетлери бар екенин билемен».
22 Сол күни Муўса усы жырды жазып алып, израиллыларға үйретти.
23 Жаратқан Ийе Нун улы Ешуаға мынадай буйрық берди: «Күшли ҳәм батыр бол! Сен Израил халқын Мен оларға беремен деп ант ишкен елге алып барасаң. Мен сениң менен бирге боламан».
24 Муўса нызамның барлық сөзлерин ақырына дейин орама китапқа жазып болғаннан кейин,
25 Жаратқан Ийениң Келисим сандығын алып жүрген лебийлилерге мына буйрықты берди:
26 «Мына Нызам китабын алып, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Келисим сандығының жанына қойың. Бул ол жерде сизлерге қарсы гүўалық болып турсын.
27 Себеби мен сизлердиң қозғалаңшы ҳәм қайсар екениңизди жақсы билемен. Бүгин мен сизлердиң араңызда тири болғанымның өзинде Жаратқан Ийеге қарсы шығып атырсыз, ал өлгенимнен кейин, буннан да бетер боласыз.
28 Енди урыўларыңыздың барлық ақсақалларын ҳәм қадағалаўшыларын маған шақырып келиңлер. Оларға усы сөзлерди айтайын. Аспан ҳәм жер оларға қарсы гүўа болсын.
29 Мениң өлимимнен соң, сизлердиң азғырылыўға түсетуғыныңызды, сизлерге буйырған жолдан шығып кететуғыныңызды билемен. Ўақыттың өтиўи менен бахытсызлыққа дуўшар боласыз. Өйткени сизлер Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, Оның ғәзебин келтиресиз».
30 Соннан кейин, Муўса пүткил Израил жәмийетине мына жырды ақырына дейин айтып берди: