Нызамнын кайталаныуы 32 bob
1 «Ҳәй, аспан, қулақ сал, мен айтайын, Ҳәй, жер жүзи аўзымнан шыққан сөзлерди тыңла!
2 Тәлимим жаўындай жаўсын, Сөзлерим шық яңлы түссин, Майса шөплерге түскен жаўын тамшысындай, От-шөплерге қуятуғын мол жаўындай болсын.
3 Жаратқан Ийениң атын жәриялайман, Мақтаңлар Қудайымыздың уллылығын!
4 Ол мениң қорғаўшы жартасымдур, Оның ислери минсиздур, Барлық жоллары әдилдур. Наҳақлық қылмайтуғын садық Қудайдур. Ол әдил ҳәм ҳақыйқатдур.
5 Бирақ бул бузық ҳәм турақсыз әўлад, Оған садық қалмады. Соның ушын, Оның балалары емесдур. Бул олардың шерменделигидур.
6 Жаратқан Ийениң жақсылығын усылай қайтарасыз ба, Ҳәй, ақмақ ҳәм ақылсыз халық? Ол сизлерди жаратып, пишим берген, Әкеңиз болған Жаратыўшыңыз емес пе?!
7 Әййемги заманды еслең, Өткен урпақларды ойлаң, Әкеңизден сораң, ол сизлерге айтып берер, Ғаррылар сизлерге баянлап берер.
8 Қудай Таала халықларға үлес жерлерин берип, Адамзатты миллетлерге бөлип тарқатқанда, Халықлардың шегаралары, Иләҳий барлықлардың санына қарай белгиленди.
9 Ал Жаратқан Ийениң үлеси Өз халқыдур, Яқып урпағы Оның пайына түскен мүлкидур.
10 Жаратқан Ийе Израилды шөлден, Ызғырған қула дүзден таўып алды, Оны орап алып, ғамхорлық қылды, Көзиниң қарашығындай етип қорғады.
11 Ининдегилерин оятып атырған, Өз палапанларын дөгереклеп айланған, Қанатларын жайып, палапанларын көтерген, Қанатлары үстинде оларды алып жүрген бүркиттей,
12 Жаратқан Ийе жалғыз Өзи Израилды алып жүрди, Жат қудайдың ҳеш қандай жәрдемисиз.
13 Израилды жердиң таўлы үлкесине отырғызды, Атыздың өними менен тойдырды. Оны жартастан аққан пал менен, Таслы жерден шыққан зәйтүн майы менен тәмийинледи.
14 Сыйырлардың қатығы, ешкилердиң сүти менен, Семиз қозылар, Башанның ең жақсы қошқар ҳәм текелери менен, Ең сапалы бийдай менен оны тәмийинледи. Жүзимнен исленген қызыл қандай шарабынан ишкизди.
15 Ешурун семирди де, өжетленип тепкиленди, Қарны тойды ҳәм май байлап, жылтырап кетти, Өзин жаратқан Қудайды таслап кетип, Қутқарыўшы жартасын менсинбеди.
16 Басқа қудайларға табынып, Қудайдың қызғанышын оятты, Жеркенишли бутлары менен Оны ғәзепке миндирди.
17 Олар қудай болмаған жинлерге, Өзлери танымаған басқа қудайларға, Ата-бабалары қорқпаған, кейин пайда болған, Таза қудайларға қурбанлық берди.
18 Сени туўған Жартасты еслемедиң, Сени дүньяға келтирген Қудайды умытып кеттиң.
19 Жаратқан Ийе буларды көрип, олардан жүз бурды, Өйткени Өз ул-қызлары Оның ғәзебине тийди.
20 Ол былай деди: „Бул халықтан жүзимди жасыраман, Олардың ақыбети не болатуғынын көремен. Себеби олар турақсыз нәсил, опасыз балалардур.
21 Олар қудай болмаған бутлары менен, Мениң қызғанышымды оятты, Жарамсыз бутлары менен Мениң ғәзебиме тийди. Мен де халық болмаған бир халық пенен, Олардың қызғанышын оятаман. Ақылсыз бир халық пенен, олардың ғәзебине тийемен.
22 Себеби сизлерге қарсы ғәзебим оттай лаўлап, Өлилер мәканының түпкирине дейин жанып кетти, Ол жер жүзин ҳәм оның өнимлерин күйдирип жоқ етеди, Таўлардың негизги тырнақларын жандырып жибереди.
23 Олардың басына апат жаўдыраман, Оқларымды оларға қарсы толық жумсайман.
24 Ашлық олардың диңкесин қуртады, Ысытпа кеселлиги жанып күйдиреди, Оба олардың жанын алады. Жыртқыш ҳайўанларды жиберемен оларға қарсы, Жер баўырлаўшылар зәҳәрин шашады.
25 Көшелерде жигит ҳәм қызларды қылыш өлтиреди, Үйлеринде қорқыныш бийлик қылады, Емизиўли бала да, ақ шашлы ғаррылар да аман қалмайды.
26 Оларды тас-талқан етер едим, Адамлардың арасынан олардың атларын өширип таслар едим.
27 Бирақ душпанлар мақтанып жүрмесин, Олар надурыс түсинбесин, дедим. Булардың барлығын ислеген Жаратқан Ийе емес, Бизлер өзлеримиз жеңиске еристик, – деп ойламасын дедим“.
28 Израил ақылын жойтқан халықдур, Оларда ҳеш қандай сезим жоқдур.
29 Қәнекей, оларда ақыл болғанда, түсинер еди, Ақыбети не болатуғынын билер еди!
30 Қорғаўшы Жартасы оларды сатпағанда, Жаратқан Ийе Өз халқын жаўға тәслим етпегенде, Душпанның бир адамы мың израиллыны қуўа алар ма еди? Еки адамы он мың адамды қуўғын қыла алар ма еди?
31 Ҳәттеки, мойынлайды душпанларымыз, Жартасымыздың уқсамайтуғынын олардың жартасына.
32 Олардың жүзим шақалары Содом шақасынан, Бағлары Гомора бағларынандур. Жүзим мийўелери зәҳәрге толы, Ашшыдур жүзим солқымлары.
33 Шараплары жыланның зәҳәри, Кобраның өлтиретуғын уўыдур.
34 Жаратқан Ийе былай дейди: „Израил душпанларының жаўызлықларын дизип қойдым, Оларды жазалаў ушын, ғәзийнеме мөрлеп қойдым.
35 Өш алыў Мениң қолымда, сазайын Өзим беремен, Ўақты келгенде, олардың аяқлары таяды, Жақындур олардың қулайтуғын күни, Жаза күни жүдә жақын қалды“.
36 Жаратқан Ийе Өз халқының ҳуқықын қорғайды, Олардың күши ҳәлсизленип, Елде қул ҳәм еркли адамлардың аман қалмағанын көргенде, Оларға жаны ашыйды.
37 Сонда Жаратқан Ийе Өз халқына былай дейди: „Исенген қудайларыңыз қай жерде? Сизлердиң пана тапқан жартасыңыз қәне?
38 Қурбанлықларыңыздың майын жеген, Ишимлик садақаларыңызды ишкен, Қаяқта сол бир қудайларыңыз? Енди олар келип, сизлерге жәрдем берсин! Сизлерди солар қорғасын!
39 Билип қойыңлар, жалғыз Мен Қудайман, Меннен басқа қудай жоқдур! Өлтиретуғын да, тирилтетуғын да Мен, Жарақатлайтуғын да, шыпа беретуғын да Мен боламан. Ҳеш ким Мениң қолымнан қутыла алмас.
40 Қолымды аспанға көтеремен, Мәңги бар Болыўшы атым менен ант ишемен:
41 Мен жалтылдаған қылышымды қайрайман, Әдиллик орнатыў ушын, оны қолыма аламан, Солай етип, душпанларымнан өш аламан, Мени жек көргенлерди жазалайман.
42 Оқларымды қан менен мәс етемен, Қылышымды ет пенен тойдыраман. Өликлер ҳәм тутқынлардың қаны ағады, Душпан басшыларының баслары кесиледи“.
43 Ҳәй, халықлар, Оның халқын қутлықлаңлар, Өйткени Ол қулларының қанының қунын талап қылар. Душпанларынан өш алып, Өз халқының елин пәклер».
44 Муўса Нун улы Ешуа менен бирге келип, усы жырды халыққа айтып берди.
45 Муўса усы сөзлердиң ҳәммесин пүткил Израил халқына айтып болғаннан кейин,
46 оларға былай деди: «Бүгин мен сизлерге жеткерген усы сөзлердиң ҳәммесин жүрегиңизде сақлаң. Усы нызамның барлық сөзлерин муқыятлы түрде орынлаң, деп балаларыңызға буйырың.
47 Булар бос сөзлер емес, ал сизлердиң өмириңиздур. Иордан дәрьясынан өтип, мүлик ететуғын елде усы сөзлердиң саясында сизлердиң өмириңиз узақ болады».
48 Жаратқан Ийе сол күни Муўсаға былай деди:
49 «Моаб елиндеги Ерихоның қарсысындағы Абарим таўларының бири болған Небо таўына шық. Сол жерден Мен Израил халқына мүлик етип берип атырған Қанан жерине қара.
50 Әжағаң Харон Ҳор таўында өлип, ата-бабаларына қосылғаны сыяқлы, сен де усы таўға шығып, өлесең ҳәм ата-бабаларыңа қосыласаң.
51 Себеби екеўиңиз де Зин шөлинде, Қадештеги Мериба суўларында израиллылардың алдында Маған опасызлық қылып, мухаддеслигимди тән алмадыңыз.
52 Соның ушын, сен Мен Израил халқына берип атырған жерди тек узақтан көресең, бирақ оған кирмейсең».