Нызамнын кайталаныуы 33 bob

Муўсаның Израил урыўларын жарылқаўы (1-29).

1 Қудайдың адамы Муўса өлиминен алдын израиллыларға ақ пәтиясын берип,
2 былай деди: «Жаратқан Ийе Синай таўынан келди, Сеирден Өз халқына қуяштай көтерилди, Паран таўынан нур шашты. Он мыңдай периште менен бирге келди, Оң қолында лаўлаған от бар еди.
3 Аўа, Жаратқан Ийе халқы Израилды сүйеди, Өзине бағышланған барлық адамларды қорғайды. Олар Жаратқан Ийениң аяқларына бас урады, Ҳәм Оның сөзлерин қабыллайды.
4 Муўсаның бизлерге берген нызамы, Яқып жәмийетиниң баҳалы мүлки болды.
5 Израилдың урыўлары ҳәм басшылары бир жерге жыйналғанда, Жаратқан Ийе Ешурунның патшасы болды».
6 Муўса Рубен урыўы ҳаққында былай деди: «Рубен урыўы жасасын, өлмесин, Халқының саны аз болса да, аман болсын».
7 Муўса Яҳуда урыўы ҳаққында мыналарды айтты: «Яҳуданың пәриядын есит, Жаратқан Ийе, Оны басқа урыўлар менен бирлестир. Ол өз қоллары менен өзин қорғап атыр, Душпанларына қарсы оған жәрдемши бол».
8 Ол Лебий урыўы ҳаққында былай деди: «О, Жаратқан Ийе, Сениң Урим ҳәм Туммимиң* Садық қулың Лебий ушындур. Массада оны сынап көрдиң, Мериба суўларында оның менен тартыстың.
9 Ол ата-анасынан, аға-инисинен, Өз балаларынан гөре, Сени жоқары қойды. Сениң буйрықларыңды орынлады, Келисимиңе садық қалды.
10 Сениң қағыйдаларыңды Яқыптың урпақларына, Нызамларыңды Израилға үйретеди. Сениң алдыңда түтетки түтетип, Қурбанлық орныңда толығы менен жандырылатуғын қурбанлықлар усынады.
11 Оның байлығын жарылқа, Жаратқан Ийе, Қол урған ислеринен кеўлиң толсын. Оған қарсы шыққанлардың Душпанларының белин сындыр, Жаўлары қайтып аяққа тура алмасын!»
12 Муўса Бенямин урыўы ҳаққында былай деди: «Жаратқан Ийениң сүйиклиси, Оның жанында қәўип-қәтерсиз жасасын, Жаратқан Ийе ҳәмме ўақытта оны қорғайды, Ол да Жаратқан Ийениң қушағында тынышлық табады».
13 Юсуп ушын былай деди: «Жаратқан Ийе оның жерине берсин берекет, Аспаннан түсетуғын баҳалы шық пенен, Жер асты булақ суўлары менен.
14 Жеринде қуяшқа тойған сапалы өним өссин, Өз мәўсиминде мийўелер мол болсын.
15 Әййемнен киятырған таўлардың ең жақсы сыйлары менен, Мәңги төбешиклердиң молшылығы менен,
16 Жердиң ең жақсы өними ҳәм ҳәр бир нәрсеси менен, Пута ишинде Көрингенниң* мийрими менен берекетленсин. Юсуп урпағынан болған адамларға, Туўысқанларының арасында басшы болған Юсупке усы берекет жаўсын.
17 Биринши туўылған буға сыяқлы қүдиретлидур ол, Шақлары жабайы буғаның шақлары яңлы. Оның бир шақы Эфрайымның он мың адамы, Екинши шақы Менашшениң мыңлағаны. Юсуп усы шақлары менен халықларды сүзеди, Жер жүзиндеги халықларды қуўады».
18 Ол Зебулон ҳәм Иссахар урыўы ҳаққында былай деди: «Ҳәй, Зебулон жолға шыққаныңда қуўанышқа бөлен, Иссахар, сен шатырларыңда шадлан!
19 Олар басқа халықларды таўға шақырады, Ол жерде мақул болатуғын қурбанлықларды шалады. Олар теңизлердиң молшылығы менен, Теңиз жағасының байлығы менен азықланар».
20 Муўса Гад урыўы ҳаққында былай деди: «Гадтың жерин кеңейткен Қудайға алғыс айтың! Гад арыслан сыяқлы өз жеринде жасайды, Олжасының қол ҳәм басларын бөлеклеп таслайды.
21 Ол өзи ушын жердиң жақсысын таңлады, Басшының үлеси оған берилди. Халықтың басшылары жыйналғанда, Ол орынлады Израил халқы менен бирге, Жаратқан Ийениң әдил еркин ҳәм Оның ҳүкимлерин».
22 Муўса Дан урыўы ҳаққында былай деди: «Дан жас арысланға мегзер, Ол Башаннан секирип шығар».
23 Нафталий урыўы ҳаққында былай деди: «Ҳәй, Жаратқан Ийениң оң жағына шыққан, Оның жарылқаўына толып турған Нафталий! Сен батыс пенен қубланы мүлик етип аласаң».
24 Ол Ашер ҳаққында былай деди: «Басқа урыўлардың ишинде Ашер ең көп жарылқанғаныдур, Туўысқанларының ишиндеги ең сүйиклиси болсын. Оның жери зәйтүн ағашына бай болсын.
25 Дәрўазаңның тәмбилери темир ҳәм қоладан болып, Өмириң бойы қәўипсиз жаса».
26 «Ҳәй, Ешурун, Қудайымызға мегзес ҳеш ким жоқдур, Ол саған жәрдем бериў ушын аспаннан, Бултлар үстинде келер салтанаты менен.
27 Мәңги бар болған Қудай сениң панаңдур, Сени Ол Өзиниң мәңгилик қолларында алып жүрер. Душпанларыңды алдыңнан қуўып шығарып, Саған: „Оларды қырып тасла!“ – деп айтады.
28 Солай етип, Израил қәўип-қәтерсиз жасайды, Яқыптың мәканы аман болады, Дән ҳәм шарап елинде мол болады, Аспаннан оның жерине шық түседи.
29 Израил, сен қандай бахытлысаң! Саған мегзейтуғын бар ма өзи? Сен Жаратқан Ийе қутқарған халықсаң. Жаратқан Ийе сени қорғайтуғын қалқандур, Жеңис беретуғын сениң қылышыңдур. Душпанларың алдыңда қуллық қылады, Сен олардың арқасын басып, езесең».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.