Нызамнын кайталаныуы 4 bob
Муўсаның Израил халқын Қудайға бойсыныўға шақырыўы (1-14). Бутқа табыныўшылық ҳаққында ескертиў (15-40). Иордан дәрьясының шығыс тәрепиндеги паналайтуғын
1 «Енди, ҳәй Израил, мен сизлерге үйрететуғын қағыйдалар ҳәм нызамларға қулақ салыңлар. Өмирге ийе болыў ушын ҳәм ата- бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийениң өзлериңизге берип атырған жерине кирип, оны мүлик етиўиңиз ушын, буларды орынлаңлар.
2 Мен сизлерге жеткерип атырған буйрықларға ҳеш нәрсе қоспаңлар, ҳеш нәрсе алып та тасламаңлар! Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сол буйрықларына әмел қылыңлар!
3 Жаратқан Ийениң Баал-Пеорда нелер ислегенин өз көзиңиз бенен көрдиңиз. Қудайыңыз Жаратқан Ийе Пеордағы Баалдың изине ерген ҳәр бир адамды сизлердиң араңыздан жоқ қылды.
4 Қудайыңыз Жаратқан Ийеге садық қалғанлар бүгин де тири.
5 Мине, Қудайым Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша мен сизлерге қағыйда ҳәм нызамлар бердим. Солай етип, мүлик етиў ушын баратуғын елде усыларға әмел қылыңлар.
6 Усыларды орынласаңыз, басқа халықлар сизлердиң қандай даналыққа ҳәм ақыл-парасатқа ийе екениңизди көреди. Олар усы қағыйдаларды еситип: „Бул уллы халық шынында да дана ҳәм ақыл-парасатлы екен!“ дейди.
7 Қудайымыз Жаратқан Ийени қашан шақырсақ та, Ол бизлерге жақын. Қудайы өзлерине усындай жақын болған басқа бир уллы халық бар ма?
8 Бүгин мен сизлерге берген усы нызам сыяқлы әдил қағыйдалары ҳәм нызамлары бар басқа бир уллы халық бар ма?
9 Абайлы болыңлар, көзлериңиз бенен көргенлериңизди умытпай, өмириңиз даўамында жүрегиңизде сақлаңлар. Буларды балаларыңызға ҳәм балаларыңыздың балаларына айтып бериңлер.
10 Хореб таўында Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында турған күниңизди еслеңлер. Сол күни Жаратқан Ийе маған былай деп айтқан еди: „Сөзлеримди тыңлаўы ушын халықты Мениң алдыма жыйна. Солай етип, олар өмири даўамында Меннен қорқыўды үйренсин, балаларына да үйретсин“.
11 Сонда сизлер жақынласып, таўдың етегинде турдыңлар. Таў болса, аспанға дейин көтерилип турған от ҳәм қап-қара бултлар менен қараңғылыққа қапланған еди.
12 Жаратқан Ийе оттың ишинен сизлерге сөйледи. Сизлер айтылған сөзлерди еситтиңиз, бирақ Оның сүлдерин көрмедиңиз. Тек ғана даўысты еситкен едиңиз.
13 Сизлердиң орынлаўыңыз ушын Жаратқан Ийе Өз келисимин, яғный Он буйрықты берген еди. Оларды еки тастың үстине жазды.
14 Өзлериңиз мүлик етип алатуғын елде орынлаўыңыз керек болған қағыйдалар ҳәм нызамларды сизлерге үйретиўимди маған буйырды».
15 «Жаратқан Ийе Хореб таўында оттың ишинен сизлерге сөйлеген күни ҳеш қандай сүлдер көрмедиңлер. Соның ушын, қатты абайлы болыңлар.
16 Және, жолдан азғырылып, өзлериңиз ушын еркектиң ямаса ҳаялдың сүлдериндеги,
17 жерде жасайтуғын жаныўардың ямаса аспанда ушып жүретуғын қуслардың сүлдериндеги,
18 жер баўырлап жүриўши жаныўардың ямаса суўдағы балықтың сүлдериндеги ҳеш қандай бут ислеп алмаңлар.
19 Сондай-ақ, аспанға қарап, қуяш, ай, жулдызларды – аспан денелерин көрип азғырылыўға түспеңлер, оларға табынып, хызмет етпеңлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийе буларды жер жүзиндеги басқа халықлар ушын арнап қойған.
20 Сизлерге келсек, Жаратқан Ийе бүгингидей Өзиниң халқы қылыў ушын, сизлерди темир еритетуғын ошақтың ишинен – Мысыр жеринен алып шықты.
21 Жаратқан Ийе сизлер себепли маған ғәзепленди. „Иордан дәрьясының арғы жағасына өтпейсең ҳәм Мен халыққа мүлик етип беретуғын сол жақсы жерге сен кирмейсең“, – деп Қудайыңыз Жаратқан Ийе маған ант ишти.
22 Мен Иордан дәрьясының арғы жағына өте алмайман, усы жерде өлемен. Бирақ сизлер Иорданның арғы жағына өтип, сол жақсы жерди мүлик етип аласызлар.
23 Сонда абайлы болыңлар! Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлер менен дүзген келисимин умытпаңлар, Ол қадаған қылған ҳеш бир заттың сүлдерине мегзетип, өзлериңизге бут ислеп алмаңлар.
24 Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе жандырып жоқ қылып жиберетуғын от ҳәм Ол қызғаншақ Қудайдур.
25 Сол елде узақ ўақыт жасап, балалы ҳәм ақлықлы болғаннан кейин, жолдан азғырылмаңлар. Өзлериңиз ушын ҳәр түрли заттың сүлдерине мегзетип бут ислеп, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўызлық болған ислерди ислесеңиз, Оны ғәзеплендиресиз.
26 Бүгин сизлерге қарсы жерди ҳәм аспанды гүўа қыламан: егер маған қулақ салмасаңыз, Иордан дәрьясынан өтип, мүлик етиў ушын баратуғын елде сөзсиз ҳәм тез өлип кетесизлер. Ол жерде узақ ўақыт жасамайсызлар, пүткиллей жоқ боласызлар.
27 Жаратқан Ийе сизлерди басқа халықлардың арасына тарқатып жибереди. Сол халықлардың арасында базыларыңыз ғана аман қаласызлар.
28 Ол жерде көзи көрмейтуғын, еситпейтуғын, жемейтуғын ҳәм ийис сезбейтуғын адамзаттың қолынан исленген ағаш ҳәм тас қудайларға табынатуғын боласызлар.
29 Деген менен, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийени шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен излесеңиз, Оны табасызлар.
30 Қыйыншылыққа дуўшар болғаныңызда ҳәм усылардың барлығы басыңызға түскеннен кейин барып, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қайтасызлар, Оның сөзине қулақ саласызлар.
31 Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе реҳимли Қудайдур. Ол сизлерди таслап кетпейди, жоқ қылып жибермейди ҳәм ата-бабаларыңыз бенен ант ишип дүзген келисимин умытпайды.
32 Сизлер дүньяға келмесиңизден алдынғы күнлерди, Қудайдың жер жүзиндеги адамзатты жаратқан күннен усы күнге дейин өткен дәўирди сорастырып көриңлер. Дүньяның бир шетинен екинши шетине дейин сорап көриң, сондай уллы ўақыя улыўма болды ма екен ямаса ким болса да, усыған уқсаған бир ўақыяны еситти ме екен?
33 Сизлерге уқсап, оттың ишинен сөйлеген Қудайдың даўысын еситип, аман қалған басқа бир халық бар ма?
34 Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Мысырда нелер ислегенин сизлер өз көзиңиз бенен көрдиңиз. Қайсы қудай сондай апатлар, кәраматлы белгилер, таң қаларлық ислер, саўаш, созылған күшли ҳәм қүдиретли қол, уллы ҳәм қорқынышлы ислер арқалы басқа бир халықтың арасынан өзине бир халықты айырып алыў ушын барды?
35 Жаратқан Ийениң Қудай екенин ҳәм Оннан басқа қудай жоқ екенин билсин, деп бул ўақыялар сизлерге көрсетилген.
36 Ол сизлерди туўры жолға салыў ушын, аспаннан даўыслап сөйледи. Жер жүзинде Ол сизлерге уллы отын көрсетти. Оттың ишинен Оның сөзлерин еситтиңиз.
37 Ол ата- бабаларыңызды сүйгенликтен ҳәм олардың урпағын таңлағаны ушын, сизлерди уллы күши менен Мысырдан Өзи алып шықты.
38 Бундағы Оның мақсети сизлерден көп ҳәм күшли болған халықларды алдыңыздан қуўып, олардың жерлерине киргизип, бүгингидей мүлик етиўиңиз ушын жерлерин сизлерге бериў еди.
39 Соның ушын, бүгин Жаратқан Ийениң аспанда ҳәм жер жүзинде Қудай екенин, Оннан басқа қудай жоқ екенлигин билип алыңлар ҳәм жүрегиңизде сақлаңлар.
40 Сизлер ҳәм урпақларыңыз абадан турмыс кешириўиңиз ушын, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң мәңгиге сизлерге берип атырған бул жерлерде узақ жыллар жасаўыңыз ушын, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған Жаратқан Ийениң қағыйдаларына ҳәм буйрықларына әмел қылыңлар».
41 Соннан кейин, Муўса Иордан дәрьясының шығыс тәрепинен үш қаланы ажыратты.
42 Солай етип, алдыннан жаўызлық қылыў нийети болмай, бир адамды абайсызда өлтирип қойған адам усы қалалардың биреўине қашып, өз жанын қутқарып қалыўы мүмкин.
43 Бул қалалар мыналар еди: Рубен урыўы ушын тегисликте жайласқан Бесер қаласы, Гад урыўы ушын Гиладтағы Рамот қаласы, Менашше урыўы ушын Башандағы Голан қаласы.
44 Муўса Израил халқына төмендеги нызамларды берди.
45 Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейин, Муўсаның оларға берген тәртиплери, қағыйдалары ҳәм нызамлары мыналар.
46 Муўса буларды Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде, Бейт-Пеордың қарсы алдындағы ойпатлықта баянлады. Бул жерлер алдын Хешбонда ҳүкимдарлық қылған аморлардың патшасы Сихонға тийисли еди. Муўса менен израиллылар Мысырдан шыққаннан кейин, Сихонды жеңилиске ушыратқан еди.
47 Израил халқы Сихонның ҳәм Башан патшасы Огтың жерлерин, яғный Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде жасайтуғын амор халқының еки патшасының елин қолға киргизген еди.
48 Бул жерлер Арнон сайының шетинде жайласқан Ароер қаласынан Сийонға дейин, яғный Хермон таўына дейин созылған еди.
49 Және де, Писга таўының жанбаўырларындағы Өли теңизге дейин созылған бул жерлер Иордан дәрьясының шығыс жағасындағы пүткил тегисликти де өз ишине алатуғын еди.