Нызамнын кайталаныуы 9 bob

Жаратқан Ийениң халыққа жерди бериўиниң себеби (1-6). Тана сүлдериндеги бут ҳәм Муўсаның халық ушын жалбарыныўы (7-29).

1 «Қулақ салың, ҳәй, Израил халқы! Сизлер бүгин өзлериңизден көп ҳәм күшли болған халықлардың жерлерин мүлик етиў ушын, Иордан дәрьясынан өтесиз. Олардың үлкен қалалары аспанға тийер дийўаллар менен қоршалған.
2 Сол күшли, узын бойлы халық Анақ әўладынан. Оларды өзлериңиз билесиз. Олар ҳаққында: „Анақ әўладларына ким қарсы шыға алар екен?“ – деген сөзлерди еситкенсизлер.
3 Бирақ бүгин мынаны билип қойыңлар: Қудайыңыз Жаратқан Ийе жалмамай жутатуғын жалын сыяқлы сизлердиң алдыңыздан барады. Ол Анақ әўладларын жеңилиске ушыратып, сизлерге бас ийдиреди. Сонда Жаратқан Ийе сизлерге ўәде бергениндей, оларды қуўып, бир майданда жоқ қыласыз.
4 Қудайыңыз Жаратқан Ийе сол халықларды сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарғаннан кейин, сизлер өзлериңизше: „Жаратқан Ийе ҳақлығымыз себепли бул елди ийелеўимиз ушын, бизлерди усы жерге алып келди“, – деп ойлап жүрмеңлер. Өйткени Жаратқан Ийе бул халықларды ислеген жаўызлықлары ушын, сизлердиң алдыңыздан қуўып атыр.
5 Сизлер өз әдиллигиңиз ҳәм кеўлиңиздиң ҳақлығы себепли олардың жерлерин мүлик етип алып атырған жоқсыз. Қудайыңыз Жаратқан Ийе бул халықларды ислеген жаўызлықлары себепли сизлердиң алдыңыздан қуўып атыр. Усылайынша, Ол ата-бабаларыңыз Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқыпқа ант ишип, берген ўәдесин орынлайды.
6 Мынаны билип қойыңлар: Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге бул жақсы жерди ҳақ болғаныңыз ушын берип атырған жоқ. Керисинше, сизлер қайсар бир халықсыз».
7 «Қудайыңыз Жаратқан Ийени шөлде қаншелли ғәзеплендиргениңизди есиңизде сақлаң, ҳасла умытпаңлар. Мысырдан шыққан күннен баслап, усы жерге жетип келгенге дейин ҳәмме ўақытта Жаратқан Ийеге қарсы бас көтерип келдиңиз.
8 Хореб таўында Жаратқан Ийениң ғәзебине тийгениңиз соншелли, Ол сизлерди жоқ қылып жиберейин деп қалды.
9 Сонда мен еки тасты, яғный Жаратқан Ийениң сизлер менен дүзген келисим тасларын алыў ушын, таўға шыққан едим. Мен ол жерде қырық күн, қырық түн болып, ҳеш нәрсе ишип-жемедим.
10 Жаратқан Ийе Өз қолы менен жазған еки тасты маған берди. Бул тасларда сизлер таўда жыйналға күни Жаратқан Ийениң от ишинен сизлерге айтқан буйрықларының ҳәммеси жазылған еди.
11 Сол қырық күн, қырық түннен кейин Жаратқан Ийе маған еки тасты, келисим тасларын берди.
12 Соннан кейин, Жаратқан Ийе маған: „Қәне, бул жерден дәрҳал төмен түс. Себеби Мысырдан алып шыққан халқың жолдан азғырылды. Олар Мен буйырған жолдан шығып, өзлерине бир бут мүсинин ислеп алды“, – деди.
13 Жаратқан Ийе маған және: „Бул халықтың ҳақыйқаттан қайсар халық екенин көрдим!
14 Енди Мени тоқтатып қалма. Мен олардың ҳәммесин жоқ қылып, атларын жер жүзинен өширип таслайман. Ал сеннен олардан гөре күшлирек ҳәм көбирек халық дөретемен“, – деди.
15 Солай етип, мен таўдан төменге түстим. Таў от болып жанып турған еди. Мениң қолымда еки келисим тасы бар еди.
16 Сонда мен сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислеп, өзлериңизге тананың сүлдериндеги бутты ислеп алғаныңызды көрдим. Сизлер Жаратқан Ийениң берген жолынан дәрҳал шығып кеткен едиңиз.
17 Сол себепли қолымдағы еки келисим тасын ылақтырып жиберип, сизлердиң көз алдыңызда сындырып тасладым.
18 Соннан кейин, мен көп гүнаңыз себепли, және Жаратқан Ийениң алдында узақ ўақыт, қырық күн, қырық түн ҳеш нәрсе ишип-жемей, ет бетимнен жерге жатып, сизлер ушын жалбарындым. Себеби Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған исти ислеп, Оның ғәзебин келтирген едиңиз.
19 Мен Жаратқан Ийениң жанып турған ғәзебиниң алдында қатты қорққан едим. Оның ғәзеби соншелли лаўлап кеткенликтен, Ол сизлерди жоқ қылмақшы еди. Деген менен, Жаратқан Ийе бул рет те мениң жалбарыныўыма қулақ салды.
20 Жаратқан Ийе Харонға да қатты ғәзепленип, оны өлтирмекши еди. Бирақ сол ўақытта Харон ушын да жалбарынған едим.
21 Ал мен сизлердиң гүналы исиңизди, яғный танаға мегзетип ислеген бутыңызды алып, жағып жибердим. Оны бөлеклеп, унтақлап ездим де, кейин оны таўда ағып турған булаққа шашып жибердим.
22 Сизлер және, Таберада да, Массада да, Киброт-Ҳаттааўада да Жаратқан Ийениң ғәзебин келтирдиңиз.
23 Жаратқан Ийе Қадеш-Барниядан сизлерди жиберип: „Барыңлар, сизлерге берип атырған елди мүлик етип, ийелеп алыңлар“, – деп буйырғанда да, сизлер Оның буйрығына қарсы шықтыңыз. Сизлер Оған исенбедиңиз, сөзлерине де қулақ салмадыңыз.
24 Мен сизлерди танығанымнан баслап, ҳәзирге дейин Жаратқан Ийеге қарсы шығып, бас көтерип киятырсыз.
25 Жаратқан Ийе сизлерди жоқ ететуғынын айтқанлықтан, мен Оның алдында сол қырық күн, қырық түн бойы ет бетимнен жерге жатып алған едим.
26 Сонда мен Жаратқан Ийеге былай деп жалбарынған едим: „Қудай Ийе, Сен Өз уллылығың менен азат етип, қүдиретли қолың менен Мысырдан алып шыққан халқыңды, Өз мүлкиңди жоқ етпе.
27 Қулларың Ибрайымды, Ысақты ҳәм Яқыпты есле. Бул халықтың қайсарлығына, жаўызлықлары менен гүналарына итибар берме.
28 Болмаса, Сен бизлерди алып шыққан елдиң халқы: Жаратқан Ийе оларды ўәде қылған жерине алып бара алмады. Ол сол халықты жек көргени ушын, шөлде жоқ қылыў мақсетинде оларды Мысырдан алып шыққан екен, – деп айтады.
29 Бирақ олар уллы күшиң ҳәм қүдиретли қолың менен Мысырдан алып шыққан Өзиңниң халқың ҳәм мүлкиңдур“».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.