2 Коринфлилер 11 bob

Павел ҳәм жалған елшилер (1-15), Павелдиң елши сыпатында көрген қыйыншылықлары (16-33).

1 Мениң бираз ақылсыз адамдай болып енди айтатуғын сөзлериме сизлердиң шыдаўыңызды қәлер едим. Аўа, мен сизлерден усыны өтиниш етемен!
2 Сизлерди Қудайдың қызғанышы менен қызғанаман. Өйткени мен сизлерди бир пәк қыз сыяқлы жалғыз күйеўге, яғный Масихқа усынып, Оған некеледим.
3 Бирақ, жыланның Ҳаўа-енени ҳийлекерлик пенен алдағанындай, сизлердиң ақыл-ойларыңыздың да бузылып, Масихқа деген ҳақыйқый ҳәм пәк садықлықтан аўып кетиўинен қорқаман.
4 Себеби биреў келип, бизлер жәриялаған Ийсаны басқаша қылып жәриялағанда, сизлер исенесизлер. Және де, өзлериңиз алған Мухаддес Руўхтан басқа бир руўхты ҳәм өзлериңиз қабыл еткен Хош Хабардан басқа бир «хош хабарды» аңсат қабыл етесизлер.
5 Сизлер «мәртебели елшилер» деп атайтуғын сол адамлардан мен өзимди ҳеш бир нәрседе кем санамайман!+
6 Мен сөзге шебер болмасам да, билимим жеткиликли. Буны сизлерге ҳәр қандай жағдайда ҳәм ҳәр тәреплеме ашық көрсеттик.
7 Сизлердиң мәртебели болыўыңыз ушын, мен өзимди пәс қойып, Қудайдың Хош Хабарын сизлерге ешейин жәрияладым. Мениң усылай ислегеним гүна ма?
8 Сизлерге хызмет етиў ушын, мен басқа исениўши жәмәәтлерден ақшалай жәрдем алып, оларды тонағандай болдым.
9 Араңызда болған ўақтымда мүтәжлигим болса да, ҳеш бириңизге аўырманлық салмадым. Өйткени Македониядан келген туўысқанларымыз мүтәжликлеримниң орнын толтырды. Мен сизлерге ҳеш бир нәрседе аўырманлық салмаўға тырыстым ҳәм буннан былай да тырыса беремен.
10 Өзимдеги Масихтың ҳақыйқаты менен билдиремен: Ахая үлкесиндеги ҳеш бир адам мениң усы мақтаныўымды тоқтата алмайды.
11 Мен не себептен усылай ислеп атырман? Сизлерди сүймегеним себепли ме? Мениң сизлерди сүйетуғынымды Қудай биледи.
12 Өзлерин бизлерге теңлестирмекши болып мақтанып атырған сол адамларға жол бермеў ушын, мен сизлерге аўырманлық салмадым ҳәм солай ислеўди даўам ете беремен.
13 Себеби жалған елшилер ҳәм өтирик жумысшылар болған бундай адамлар өзлерин Масихтың елшилери қылып көрсетеди.
14 Бирақ, бул таң қаларлық нәрсе емес. Шайтан да өзин нур периштеси қылып көрсетеди-ғо.
15 Сонлықтан оның хызметшилериниң өзлерин ҳақыйқаттың хызметшилери қылып көрсетиўи де таң қаларлық нәрсе емес. Қудай ақырында бундай адамларға ислеген ислерине қарай ылайықлы жаза береди.
16 Мен және тәкирарлап айтаман: ҳеш ким мени ақылсыз деп санамасын. Егер сизлер ақылсыз деп санасаңыз, мени ҳеш болмаса ақылсыз адам сыпатында қабыл етиңлер, сонда мен де аз-маз мақтанайын.
17 Сөйлеп атырған сөзлеримди Ийемиздиң басқарыўында айтып атырған жоқпан, ал өзине исенетуғын ақылсыз мақтаншақтай болып айтып атырман.
18 Көплер өзлери менен дүньяның көз қарасы бойынша мақтанғанлықтан, мен де мақтанажақпан.
19 Сизлер өзлериңизди сондай ақыллымыз деп санап турып, ақылсызларға жан-жан деп шыдайсызлар!
20 Биреў сизлерди қул қылса да, ҳақыңызды жесе де, таласа да, өзин сизлерден жоқары тутып, үстемлик етсе де ямаса бетиңизге шапалақ пенен урса да шыдайсызлар.
21 Бирақ, сизлердиң ойыңыз бойынша ҳәлсиз болып есапланған бизлер бундай ислерди ислеўге уяламыз! Деген менен, биреўдиң не менен болса да мақтаныўға батылы барса, мениң де мақтаныўға батылым жетеди. Мен буны ақылсыз адам сыяқлы айтып атырман.
22 Сол жалған елшилер яҳудиймиз дей ме? Мен де яҳудиймен. Олар израиллылармыз дей ме? Мен де израиллыман. Олар Ибрайымның урпағымыз дей ме? Мен де Ибрайымның урпағыман.
23 Олар Масихтың хызметкерлеримиз дей ме? Ақылдан азған адам сыяқлы айтып атырман: мен Масихқа олардан гөре көбирек хызмет еттим. Мен оларға қарағанда көбирек мийнет еттим, көп мәртебе қамақта болдым, сансыз рет таяқ жедим ҳәм талай мәртебе өлим менен жүзбе-жүз ушырастым.
24 Яҳудийлерден бир кем қырықтан, бес рет қамшы жедим.
25 Үш мәртебе таяқ жедим, бир мәртебе тас пенен урды. Үш мәртебе кемеде апатқа ушырап, бир күн, бир түн теңизде ығып жүрдим.
26 Көп мәртебе сапарға шыққанымда, қәўип астында болдым: дәрьялардағы суў тасқыны себепли, қарақшылар себепли, өз миллетимниң адамлары себепли ҳәм басқа миллет адамлары себепли, және қалада, шөлде, теңизде ҳәм жалған туўысқанлар себепли қәўип-қәтерге ушырадым.
27 Аўыр мийнет етип, қыйыншылық көрдим. Көп түнлерди уйқысыз өткиздим, ашлық ҳәм шөлди басымнан кеширдим. Талай мәртебе аўқатсыз қалып, суўықта кийимсиз болдым.
28 Булардың ҳәммесинен тысқары, күн сайын барлық исениўши жәмәәтлердиң ғам-тәшиўишлери еңсемди басып, мени ойландырады.
29 Қайсы дәрменсизлер менен, мен бирге дәрменсизленбедим? Қайсы азғырылған адам ушын, мен күйипжанбадым?
30 Сизлер мени мақтаныўға мәжбүр еткениңиз себепли, мен ҳәлсизлигимди көрсеткен нәрселер менен мақтанаман.
31 Ийемиз Ийсаның Әкеси, мәңгиге алғысланатуғын Қудай биледи: мен өтирик сөйлеп атырған жоқпан.
32 Мен Дамаск қаласында болғанымда, Аретас патшаның қол астындағы бир ҳәким қала дәрўазасын қараўыллатып, мени қолға алмақшы болды.
33 Бирақ, исениўши туўысқанларымыз мени себетке салып, қала дийўалындағы терезеден түсирип жиберди ҳәм мен усылай етип оның қолынан қашып қутылдым.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.