2 Коринфлилер 12 bob
1 Мақтаныўдың ҳеш қандай пайдасы жоқ болса да, енди мен Ийемиз көрсеткен көринислер ҳәм аянлар ҳаққында айтпақшыман.
2 Мен Масихқа исенетуғын бир адамды таныйман. Ол буннан он төрт жыл бурын үшинши аспанға көтерилип әкетилген еди. Ол сол ўақытта денеде болды ма ямаса денеден шығып руўхта болды ма, мен буны билмеймен, Қудай биледи.
3 Бул адам ҳаққында мынаны билемен: ол жәннетке көтерилип апарылды.
4 Ол сол жерде айтып жеткизиў мүмкин болмаған ҳәм адам баласына айтыўға рухсат етилмеген сөзлерди еситти. Бирақ, ол денеде болды ма ямаса денеден шығып, руўхта болды ма билмеймен, буны Қудай биледи.
5 Мен усындай адам менен мақтанаман. Бирақ, өзиме келсем, тек өзимдеги ҳәлсизликтен басқа ҳеш нәрсем менен мақтанбайман.
6 Мақтаныўды қәлеген жағдайымда да мен ақылсыз болмайман. Өйткени мен ҳақыйқатты айтып атырман. Бирақ, ҳеш ким мен туўралы ҳәдден тыс жоқары пикирге ийе болмай, мени тек меннен еситкенлери ямаса көргенлери бойынша баҳалаўы ушын, мен өзимди мақтаныўдан тыйып атырман.
7 Қудайдың маған берген әжайып аянлары себепли өзимди жоқары тутпаўым ушын, Ол денеме бир тикен, яғный мени қыйнайтуғын шайтанның бир периштесин берип, мени менменликтен сақлап киятыр.
8 Буны меннен алып таслаўды сорап, Ийемизге үш мәртебе жалбарынған едим.
9 Бирақ, Ийемиз маған: «Саған берген мийримим жетеди. Себеби Мениң қүдиретим ҳәлсизлик арқалы толық көрсетиледи», – деди. Сонлықтан Масихтың қүдирети менде болсын деп, мен ҳәлсизликлериме еле де көбирек қуўанып, олар менен мақтана беремен.
10 ол себептен Масих ушын ҳәлсизликлерге, масқараланыўға, мүтәжликлерге, қуўдаланыўға ҳәм қыйыншылықларға ушырағанымда, мен қуўанышлыман. Өйткени мен қашан ҳәлсиз болсам, сонда күшлимен.
11 Мен мақтанып, ақылсыз адам болып көриндим. Бирақ мени буған сизлер мәжбүр еттиңиз-ғо. Негизинде мени сизлер мақтаўыңыз керек еди. Себеби мен ҳеш ким болмасам да, сизлер «мәртебели елшилер» деп атайтуғын сол адамлардан ҳеш қандай кемшилигим жоқ.
12 Мениң Қудайдың ҳақыйқый елшиси екенимди дәлиллейтуғын көп белгилер, таң қаларлық ислер ҳәм кәраматлар сизлердиң араңызда күшли сабырлылық пенен көрсетилди.
13 Сизлерден ақшалай жәрдем сорап, өз аўырманлығымды салмағаным себепли, басқа исениўши жәмәәтлерден сизлерди кем көргендей болдым ба? Егер мени қәте иследи деп ойласаңыз, мени кешириң!
14 Минекей, мен сизлерге үшинши мәртебе келиўге таярман. Бирақ, мен сизлерге аўырманлық салмайман. Маған сизлердиң малмүлкиңиз емес, ал сизлердиң өзлериңиз керексиз. Өйткени балалар ата-анасы ушын емес, ал ата-ана балалары ушын мал-мүлик жыйнаўы тийис.
15 Сол сыяқлы мен де сизлер ушын өзимде бар ҳәмме нәрсени, ҳәтте, өз жанымды да бериўге қуўанышлы түрде таярман. Мен сизлерди соншелли сүйсем де, сизлердиң мени азырақ сүйиўиңиз дурыс болмайды.
16 Мениң сизлерге аўырманлық салмағанымды сизлер де тастыйықлайсызлар. Бирақ, гейбир адамлардың айтыўы бойынша, мен ҳийлекер адам болғаным себепли, сизлерди алдаў жолы менен қолға киргизген қусайман.
17 Деген менен, өзим сизлерге жиберген адамлардың бири арқалы болса да, сизлердиң есабыңыздан пайдаландым ба?
18 Мен Титустан сизлерге барыўды өтинип, оның менен бирге басқа бир туўысқанымызды да жиберген едим. Титус сизлердиң есабыңыздан пайдаланған ба еди? Әлбетте, яқ. Себеби бизлер бир руўх пенен исҳәрекет етип, бир жол менен жүремиз-ғо.
19 Бизлерди усы ўақытқа дейин алдыңызда ақланып киятыр деп ойлап атырсыз ба? Яқ, олай емес. Бизлер Масихқа тийисли адамлар сыпатында Қудай алдында сөйлеп турмыз. Сүйикли туўысқанларым, бизлер не ислейтуғын болсақ та, ҳәр бир нәрсени сизлердиң руўхый беккемлениўиңиз ушын ислеймиз.
20 Өйткени мен сизлерге барған ўақтымда, сизлерди өзим қәлегендей емес аўҳалда көремен бе деп ҳәм сизлер де мени өзлериңиз күтпеген аўҳалда көресиз бе деп қәўетердемен. Сизлерге барғанымда, араңызда жәнжел, күншиллик, ғәзеп, даў, жала, өсек, менменлик ҳәм тәртипсизлик бар екенин көриўден қорқаман.
21 Тағы да, сизлерге және барғанымда, Қудайдың мени сизлер себепли уялтыўынан, бурын гүна ислеп, өзлериниң ҳарамылығы, бузықшылығы ҳәм жүўенсизлиги ушын тәўбе етпеген көп адамлар ушын көз жасымды төгиўден қорқаман.