2 Коринфлилер 13 bob

Соңғы ескертиў ҳәм сәлемлер (1-13).

1 Мен сизлерге үшинши мәртебе баражақпан. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ҳәр бир ис еки ямаса үш адамның гүўалығы тийкарында қаралады» .
2 Буннан алдын араңызда екинши мәртебе болғанымда ескерткен едим. Енди ҳәзир сизлерден узақта болғанымда да тәкирарлап ескертип атырман: мен сизлерге және барғанымда, бурын гүна ислегенлердиң де, басқа ҳәмме адамлардың да ҳеш бирин аямайман!
3 Себеби сизлер Масихтың мен арқалы сөйлейтуғынына дәлил излейсизлер. Масих сизлерге деген исҳәрекетинде ҳәлсиз емес, Ол сизлердиң араңызда Өз қүдиретин көрсетеди.
4 Ол ҳәлсиз болып атанақ ағашқа шегеленсе де, ҳәзир Қудайдың қүдирети менен жасап атыр. Масих пенен қатнаста болған бизлер де ҳәлсиз болсақ та, Оның менен бирге Қудайдың қүдирети арқалы сизлердиң пайдаңыз ушын жасаймыз.
5 Исенимде турған я турмағаныңызды билиўиңиз ушын, өзөзиңизди сынап көриңлер. Ийса Масихтың ишиңизде екенлигин билмейсизлер ме? Егер билмесеңиз, сынаўдан өте алмай жығылған болар едиңиз.
6 Бизлердиң сынаўдан өткенимизди билетуғыныңыздан мен үмит етемен.
7 Ҳеш қандай жаманлық ислемеўиңизди сорап, бизлер Қудайға дуўа етемиз. Бундағы мақсетимиз өзлеримиздиң сынаўдан өткенимизди көрсетиў емес, ал бизлер сынаўдан өтпеген болып көринсек те, сизлердиң жақсылық ислеўиңизден ибарат.
8 Өйткени бизлер ҳақыйқатқа қарсы ҳеш нәрсе ислей алмаймыз, ал тек ҳақыйқат ушын ҳәрекет етемиз.
9 Өзлеримиз ҳәлсиз, ал сизлер күшли болсаңыз, бизлер қуўанамыз. Бизлер сизлердиң туўрыланып, жетилисип барыўыңыз ушын да дуўа етемиз.
10 Сонлықтан сизлерге келген ўақтымда Ийемиздиң маған берген бийлиги менен қаталлық қолланыўға мәжбүр болмаўым ушын, бул нәрселерди араңызда болмаған ўақтымда жазып атырман. Мен бул бийликти сизлерди қулатыў ушын емес, ал тиклеў ушын алғанман.
11 Қулласы, туўысқанларым, хош болыңлар. Жетилисип барыңлар, мениң айтқанларыма қулақ асыңлар, бир ой-пикирли болыңлар ҳәм татыўлықта жасаңлар. Сүйиспеншилик ҳәм тынышлық тийкары болған Қудай сизлер менен бирге болады.
12 Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип сәлемлесиңлер. Барлық исениўшилер сизлерге сәлем айтып атыр.
13 Ийемиз Ийса Масихтың мийрими, Қудайдың сүйиспеншилиги ҳәм Мухаддес Руўхтың шериклиги ҳәммеңизге яр болсын!


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.