2 Коринфлилер 5 bob

Жарастырыўшылық хызмети (11-21).

1 Бизлер ишинде жасап атырған дүньядағы бул шатырымыз, яғный денемиз қыйралғанда, Қудай бизлерге адамның қолы менен қурылмаған аспандағы мәңгилик үйимизди, яғный жаңа денени беретуғынын билемиз.
2 Аспандағы үйимизди, яғный жаңа денемизди кийим сыяқлы кийиўди қатты күсеп, ҳәзир бизлер дүньядағы шатырымызда, яғный денемизде «аҳ» урмақтамыз.
3 Оны кийсек, бизлер жалаңаш қалмаймыз.
4 Бизлер дүньядағы шатырымызда, яғный денемизде жасап жүрип, аўыр жүк астында қыйналмақтамыз. Негизинде дүньядағы денемизди шешип таслаўды емес, ал оның үстинен аспандағы денемизди кийиўди қәлеймиз. Солай етип, өлетуғын дене мәңгилик өмир тәрепинен жутып жибериледи.
5 Бизлерди усы ушын таярлаған ҳәм буның гиреўи сыпатында бизлерге Мухаддес Руўхты берген Қудайдың Өзи болады.
6 Сонлықтан денеде жасап атырған ўақтымызда Ийемиздиң аспандағы мәканынан узақта екенимизди билсек те, бизлер бәрқулла батырлыққа ийемиз.
7 Өйткени бизлер көзге көринетуғын нәрселерге емес, ал исенимимизге сүйенип жасаймыз.
8 Аўа, батырлыққа ийемиз ҳәм денеден шығып, Ийемиз бенен бирге жасағанымыз жақсырақ деп ойлаймыз.
9 Бирақ денеде жасасақ та, денеден шығып кетсек те, бизлер Ийемиздиң кеўлинен шығыўға қатты тырысамыз.
10 Себеби денеде жасаған ўақтымызда ислеген жақсы исимиз ушын да, жаман исимиз ушын да ылайықлы баҳа алыў ушын, ҳәр биримиз Масихтың ҳүким гүрсисиниң алдында турыўымыз керек.
11 Солай етип, бизлер Ийемизден қорқыўдың не екенин билгенимиз себепли, адамларды ақылландырыўға ҳәрекет етемиз. Бизлердиң қандай екенлигимиз Қудайға аян. Бизлердиң қандай екенлигимизди сизлер де жақсы билетуғыныңыздан үмит етемен.
12 Бизлер және сизлерге өзлеримизди усыныўға ҳәрекет етип атырған жоқпыз. Бирақ ишки дүньясы менен емес, ал сыртқы көриниси менен мақтанатуғын адамларға ылайықлы жуўап бериўиңиз ушын, сизлерге бизлер менен мақтаныўға мүмкиншилик берип атырмыз.
13 Егер бизлер ақылымыздан азғандай болып көринсек, онда бул Қудай ушын. Егер есимиз дурыс болып көринсе, онда бул сизлер ушын.
14 Усылай ислеўге бизлерди Масихтың сүйиспеншилиги мәжбүр етеди. Өйткени бир Адам, яғный Масих ҳәмме ушын өлгенликтен, ҳәмме Оның өлимине шерик болған болады, деген жуўмаққа келдик.
15 Аўа, Масих ҳәмме ушын өлди. Солай екен, жасап атырғанлар енди өзлери ушын емес, ал өзлери ушын өлген ҳәм қайта тирилген Масих ушын жасаўы шәрт.
16 Сонлықтан бизлер енди ҳеш кимге дүньяның көз қарасы менен қарамаймыз. Масихқа бурын усылай қараған болсақ та, енди олай қарамаймыз.
17 Солай етип, ким де ким Масих пенен байланысқа ийе болса, ол – жаңа жаратылыс. Ески нәрселер өтип кетти, минекей, енди ҳәммеси жаңа болды.
18 Буның ҳәммеси Қудайдан. Қудай Масих арқалы бизлерди Өзи менен жарастырды ҳәм адамларды Өзи менен жарастырыў хызметин бизлерге тапсырды.
19 Яғный, Қудай Масих арқалы дүньяны Өзи менен жарастырып, адамлардың гүналарын есапқа алмады ҳәм усы жарастырыўшы сөзлерди бизлерге берди.
20 Солай етип, бизлер Масихтың елшилеримиз. Қудайдың Өзи бизлер арқалы сизлерге ақыл-нәсият берип атыр. Масихтың атынан жалбарынамыз: Қудай менен жарасыңлар!
21 Қудай бизлердиң гүналарымызды ҳеш қашан гүна ислемеген Масихқа жүкледи. Масих пенен байланысқа ийе болған бизлер Қудай алдында усы арқалы ақландық.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.