2 Коринфлилер 6 bob
1 Қудай менен бирге мийнет етип атырған бизлер өзлериңиз қабыл қылған Оның мийримине итибарсызлық пенен қарамаўыңызды сизлерден өтиниш етемиз.
2 Себеби Қудай былай дейди: «Мениң мийримим берилетуғын ўақытта сени еситтим, Қутқарылыў күнинде саған жәрдем бердим» . Минекей, ҳәзир Қудайдың мийрими берилетуғын ўақыт болды! Минекей, ҳәзир қутқарылыў күни келди!
3 Хызметимизге сөз келмесин деп, ҳеш кимге ҳеш бир нәрседе тосқынлық жасамаймыз.
4 Ал ҳәмме нәрседе Қудайдың хызметкерлери сыпатында ис тутамыз: қыйыншылық көрсек те, мүтәжликте ҳәм аўыр жағдайларда қалсақ та, шексиз сабырлы болдық.
5 Және де, таяқ жедик, қамақта отырдық, топалаң ишинде қалдық, аўыр мийнет еттик, түнлерди уйқысыз өткиздик, аш қалдық.
6 Солай болса да, бизлер пәк болдық, дурыс түсиник, шыдамлылық, кең кеўил, Мухаддес Руўх ҳәм ҳақыйқый сүйиспеншилик пенен жасадық.
7 Ҳақыйқат сөзин айтып, Қудайдың қүдиретин көрсеттик. Оң ҳәм шеп қолымызда ҳақлық қуралын услап жүрдик.
8 Бизлерди ҳүрмет етеди ҳәм масқаралайды да, бизлерге сөгис айтады ҳәм мақтайды да. Бизлерди өтирикшилер деп есаплайды, бирақ бизлер ҳақыйқатты айтамыз.
9 Бизлерди белгисиз адамлар деп санайды, бирақ бизлер ҳәммеге белгилимиз. Бизлерди өлген деп есаплайды, бирақ, мине, бизлер тиримиз. Жазаланып таяқ жесек те, өлмей атырмыз.
10 Бизлерди қапа қылады, бирақ бизлер бәрқулла қуўанышлымыз. Жарлымыз, бирақ көп адамларды байытамыз. Ҳеш нәрсемиз болмаса да, ҳәмме нәрсеге ийемиз.
11 Ҳәй коринфлилер, бизлер сизлерге ашық сөйлеп, жүрегимизди кең аштық.
12 Сизлерден мийримимизди аямадық, бирақ сизлер бизлерден өз мийримиңизди аядыңыз.
13 Сизлерге балаларыма сөйлегендей, сөйлеп атырман: бизлер сыяқлы, сизлер де бизлерге жүреклериңизди кең ашыңлар.
14 Исенбейтуғынлар менен бирге бир мойынтырықтың астына кирмеңлер. Өйткени ҳақлық пенен нызамсызлықтың арасында қандай уқсаслық бар? Нур менен қараңғылықтың арасында қандай байланыс бар?
15 Масих пенен шайтанның* арасында қандай келисим ҳәм исенетуғын адам менен исенбейтуғын адамның арасында қандай шериклик болыўы мүмкин?
16 Қудайдың ибадатханасы менен бутлар арасында қандай бирлик болыўы мүмкин? Ҳеш қандай! Себеби бизлер тири Қудайдың ибадатханасымыз. Қудай былай дейди: «Мен олар арасында жасап, Олар арасында жүретуғын боламан» . «Мен олардың Қудайы боламан, Олар Мениң халқым болады» .
17 Сол себептен Қудай Ийемиз былай дейди: «Исенбейтуғын адамлар арасынан шығып, олардан бөлеклениңлер. Ҳарам нәрсеге қол тийгизбеңлер, Сонда Мен сизлерди қабыл етемен» .
18 Және де, ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз былай дейди: «Мен сизлерге Әке боламан, Сизлер Мениң ул-қызларым боласызлар» .