2 Коринфлилер 8 bob

Сақыйлық пенен садақа бериў ҳаққында (1-15), Титустың ҳәм оның менен бирге еки туўысқанның Коринфке жиберилиўи (16-24).

1 Туўысқанлар, бизлер сизлерге Қудайдың Македониядағы исениўши жәмәәтлерге берген мийрими ҳаққында билдиргимиз келеди.
2 Олар аўыр қыйыншылықлар менен сыналған болса да, қуўанышқа толып, жүдә кәмбағал болса да, шексиз сақыйлық көрсетти.
3 Жағдайлары көтергенше, ҳәтте, жағдайларынан артық дәрежеде олардың өз қәлеўи менен сақыйлық көрсеткенине мен өзим гүўалық беремен.
4 Олар Яҳудиядағы исениўшилерге берилетуғын жәрдемге, яғный усы қайырлы иске қатнасыўды өтиниш етип, бизлерге жалбарынған еди.
5 Олар бизлер үмит еткенимизден де зыят берип, Қудайдың қәлеўи менен өзлерин бириншиден Ийемизге, соңынан бизлерге бағышлады.
6 Сонлықтан бурын сизлердиң араңызда бул қайырлы исти баслаған Титустан оны жуўмақлаўын өтиндик.
7 Сизлер Масихқа деген исенимде, Қудайдың сөзин сөйлеўде, ҳақыйқатты билиўде, инта менен хызмет етиўде, бизлерге деген сүйиспеншиликте, улыўма ҳәмме нәрседе үстинсиз. Сол сыяқлы, бул қайырлы исте де сизлердиң үстин болыўыңызды қәлеймиз.
8 Буны буйрық ретинде айтып атырған жоқпан. Ал, басқа жәмәәтлердиң интасы ҳаққында айтып, сизлердиң сүйиспеншилигиңиздиң ҳақыйқыйлығын сынап көрип атырман.
9 Себеби сизлер Ийемиз Ийса Масихтың мийримин билесизлер: Ол Өзи бай бола тура, сизлер ушын бул дүньяда жарлы болды. Оның жарлылығы менен сизлер руўхый байлыққа ийе болдыңыз.
10 Бул бойынша мен сизлерге бир пайдалы кеңес беремен. Сизлер өткен жылы өз қәлеўиңиз бенен жәрдем ақшаны жыйнаўды биринши болып баслаған едиңлер.
11 Енди сол исти ақырына дейин жеткизгениңиз мақул. Солай етип, баста қандай инта менен баслаған болсаңыз, сондай инта менен жуўмақлаўға қолларыңыздан келгенше тырысыўыңыз тийис.
12 Егер сизлер өзлериңизде бар нәрсени инта менен берсеңиз, Қудай оны ырзашылық пенен қабыл етеди. Бирақ, Ол сизлерде жоқ нәрсени талап етпейди.
13 Басқалардың аўҳалын жеңиллетиў ушын сизлерге аўырманлық салыў керек, демекши емеспен. Ал теңлик болыўы керек, демекшимен.
14 Ҳәзирги сизлердеги молшылық олардың жетпей турған нәрсесин толықтырады. Ал соңынан олардағы молшылық сизлердеги жетпей турған нәрсени толықтырады. Солай етип, теңлик болады.
15 Мухаддес Жазыўда: «Көп жыйнаған адамның артық нәрсеси, аз жыйнаған адамның кем нәрсеси болмады» , – деп айтылғандай болады.
16 Мениң кеўлимдеги сизлерге деген интаны Титустың да кеўлине салған Қудайға шүкирлер болсын!
17 Өйткени ол тек бизлердиң өтинишимиз бойынша емес, ал өзинде сизлерге деген терең инта болғанлықтан, өз қәлеўи менен сизлерге баратыр.
18 Оның менен бирге бир туўысқанымызды да жиберип атырмыз. Ол Хош Хабарды жәриялаў бойынша барлық исениўши жәмәәтлер тәрепинен мақтаўға ерискен адам.
19 Буның үстине, бул туўысқанымызды бизлер ислеп атырған усы қайырлы хызметте жолдас болсын деп, исениўши жәмәәтлер сайлап қойған еди. Бизлер Ийемиздиң даңқы ушын ҳәм жәрдем бериўге инталы екенимизди көрсетиўимиз ушын усы қайырлы хызметти ислеп атырмыз.
20 Көп ақшалар менен байланыслы болған бул хызметимизде бизлерди ҳеш ким айыплай алмаўы ушын, бизлер сақлық пенен ис тутып атырмыз.
21 Себеби бизлер тек Ийемиздиң нәзеринде емес, ал адамлардың нәзеринде де дурыс болған нәрсени ислеўге тырысып атырмыз.
22 Бизлер жаңағы туўысқанларымыз бенен бирликте және бир туўысқанымызды да жиберип атырмыз. Бул туўысқанымызды талай мәртебе ҳәм ҳәр түрли жағдайларда сынап, оның инталы екенин көрдик. Енди оның сизлерге деген исеними күшейгенликтен, интасы да артып атыр.
23 Титусқа келсек, ол мениң шеригим ҳәм сизлер ушын мениң менен бирге мийнет ететуғын хызметши. Оның қасындағы еки туўысқанымыз – исениўши жәмәәтлердиң ўәкиллери ҳәм Масихқа даңқ келтиретуғын адамлар.
24 Солай етип, сизлер бул адамларға деген сүйиспеншилигиңизди дәлиллеңлер. Бул арқалы оларды жиберген исениўши жәмәәтлерге бизлердиң сизлер менен мақтанатуғынымыздың дурыс екенин көрсетиңлер.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.