2 Коринфлилер 9 bob

Мүтәжликте жасаўшы исениўшилерге жәрдем бериў ҳаққында (1-15).

1 Яҳудиядағы исениўшилерге жиберилетуғын бул жәрдемге байланыслы сизлерге жазыўдың ҳәжети жоқ.
2 Өйткени сизлердиң жәрдемге таяр екенлигиңизди билемен. «Ахая үлкесиндегилер өткен жылдан бери таяр», – деп мен Македониядағылар алдында сизлер менен мақтанып жүрмен. Сизлердиң интаңыз олардың көбисин ҳәрекетке келтирди.
3 Бул нәрседе сизлер менен мақтанғаным босқа шықпасын деп ҳәм өзим айтқанымдай, сизлерди таяр турасыз деп, усы туўысқанларымызды сизлерге жиберип атырман.
4 Себеби айырым македониялылар мениң менен бирге сизлерге барып, сизлердиң таяр емес екенлигиңизди көрсе, сизлерге қатты исенген бизлер уятқа қаламыз, сизлер де сөзсиз уятқа қаласыз.
5 Сонлықтан мен усы туўысқанларымыздан өзимнен бурын сизлерге барыўды ҳәм сизлердиң ўәде еткен жәрдемиңизди алдын ала таярлап қойыўды өтиниш еткеним дурыс деп ойладым. Солай етип, сизлер беретуғын бул жәрдем мәжбүрий түрде берилген салықтай емес, ал ыразылық пенен берилген сыйдай болсын.
6 Мынаны умытпаңлар: сықмарланып еккен адам аз орады, сақыйлық пенен еккен адам көп орады.
7 Ҳәр бир адам қыйналып ямаса мәжбүрий түрде емес, ал кеўлинен шыққанын берсин. Өйткени Қудай ыразы болып берген адамды сүйеди.
8 Және де, Қудай сизлерди мол мийрим менен байытыўға қүдиретли. Солай етип, барлық ўақытта ҳәмме нәрсеңиз жетерли болып, ҳәр қандай жақсы иске бай боласызлар.
9 Сонлықтан Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ол өзиникин сақыйлық пенен тарқатып, жарлыларға берди, Оның ҳақлығы мәңгиге бар болады» .
10 Дийханға себиў ушын туқым, жеў ушын нан беретуғын Қудай сизлердиң сақыйлық пенен еккен егиниңиздиң зүрәәтин мол қылып береди ҳәм ҳақлығыңыздың жемисин арттырады.
11 Аўа, Қудай сизлерди ҳәр тәреплеме байытады. Солай етип, сизлер сақый боласызлар ҳәм бизлер сизлердиң сақыйлық пенен берген сыйларыңызды апарғанымызда, алған адамлар Қудайға шүкирлик билдиреди.
12 Сизлердиң бул хызметиңиз тек Яҳудиядағы исениўшилердиң мүтәжликлерин толықтырып қоймай, көп адамлардың Қудайға шексиз шүкирлик айтыўына себеп болады.
13 Сизлердиң бул хызметиңиз себепли, олар Қудайға алғыслар айтады. Себеби сизлердиң бул хызметиңиз өзлериңиз мойынлаған Масихтың Хош Хабарына бойсынатуғыныңызды, Яҳудиядағы мухаддеслер ҳәм көп басқа адамлар менен сақыйлық пенен бөлисип атырғаныңызды дәлиллейди.
14 Және де, Қудайдың сизлерге берген мол мийрими себепли, Яҳудиядағылар сизлерди көриўди әрман етип, сизлер ушын дуўа етеди.
15 Сөз бенен тәрийиплеп жеткизиў қыйын болған Қудайдың сыйы, яғный Оның Улы ушын Қудайға шүкирлер болсын!


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.