Филиплилер 1 bob

Сәлемнама (1-2), Павелдиң шүкирлик билдирип, дуўа етиўи (3-11), Өмиримниң мәниси – Масих (12-30).

1 Масих Ийсаның қуллары болған бизлер, Павел ҳәм Тимофейден, Филип қаласындағы Ийса Масихқа тийисли болған барлық мухаддеслерге, әсиресе жәмәәт жетекшилери менен хызметшилерине сәлем!
2 Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!
3 Сизлерди ҳәр сапар еске алғанымда, Қудайға шүкирлик билдирип атырман.
4 Мен Қудайға дуўа еткенимде, сизлер ушын ҳәр қашан қуўаныш пенен сорайман.
5 Себеби сизлер бастан баслап ҳәзирги ўақытқа дейин Хош Хабарды жәриялаўға үлес қосып келмектесизлер.
6 Сизлердиң араңызда жақсы исти баслаған Қудайдың буны Масих Ийсаның күнине шекем толық тамамлайтуғынына анық исенемен.
7 Ҳәммеңиз туўралы усындай пикирде болыўым орынлы, өйткени сизлер ҳәмме ўақыт мениң жүрегимдесиз. Мен тутқын болсам да, Хош Хабарды жақласам да ҳәм оның ҳақыйқатын турақлылық пенен дәлиллесем де, ҳәммеңиз мениң менен бирликте Қудайдың мийримин бөлисип келмектесиз.
8 Сизлердиң ҳәммеңизди Масих Ийсаның сүйиспеншилиги менен қалай сағынғаныма Қудайдың Өзи гүўа.
9 Сүйиспеншилигиңиз толық билим ҳәм терең түсимпазлық пенен өсип арта бериўи ушын дуўа етип атырман.
10 Солай етип, сизлер Масихтың келетуғын күнинде пәк ҳәм минсиз болыўыңыз ушын, ең жоқары ийгиликтиң не екенин айыра аласызлар.
11 Және де, Қудайды уллылап, алғысмақтаўлар айтыўыңыз ушын, Ийса Масих арқалы ҳақыйқатлық жемисине бай боласызлар.
12 Туўысқанларым, мынаны билиўиңизди қәлеймен: мениң басымнан кеширгенлерим Хош Хабардың және де көбирек жайылыўына ҳақыйқаттан да жәрдем етти.
13 Мениң Масих ушын тутқын болғаным пүткил сарай сақшыларына ҳәм қалған ҳәмме адамларға мәлим болды.
14 Сондай-ақ, мениң тутқынлығым себепли, көпшилик туўысқанларымыздың Ийемизге деген исеними беккемленип, олар Қудайдың сөзин қорқпастан айтыўға бурынғыдан да көбирек батырлық көрсетпекте.
15 Дурыс, гейбиреўлер Масих ҳаққында күншиллик пенен, жарыспаққа жәрияласа, ал базылар жақсы нийет пенен жәрияламақта.
16 Усы кейингилер мениң бул жерге Хош Хабардың қорғаўшысы етип қойылғанымды билип, буны сүйиспеншилик пенен ислеп атыр.
17 Ал алдыңғылары мениң тутқынлық аўҳалымды еле де аўырластырмақшы болып, Масих ҳаққында өзлериниң атақ-абырайлары ушын напәк нийет пенен жәрияламақта.
18 Бирақ, солай болса не болыпты? Мейли, жаман нийет пенен болсын, мейли, ҳақ нийет пенен болсын, Масих ҳаққында қандай жол менен жәрияланса да, мен буған қуўанаман. Аўа, мен қуўана беремен де.
19 Себеби сизлердиң еткен дуўаларыңыздың ҳәм Ийса Масихтың Руўхының жәрдеми менен, бул аўҳалымнан азат болатуғынымды билемен.
20 Қандай жағдай болса да, мен Масихтан арланбаўды қәлеймен. Тири болсам да, өлсем де, ҳәр қашан болып келгениндей, ҳәзир де Масихты пүткил барлығым менен уллылаў ушын толық батырлық көрсетиўден беккем үмит етемен.
21 Өйткени мениң ушын өмиримниң мәниси – бул Масих, ал өлим утыс демек.
22 Бирақ, егер бул дүньяда өмир сүриўим арқалы өнимли мийнет етсем, онда нени таңлаўды билмеймен.
23 Мени еки тәреп те өзине тартады. Бул дүньядан кетип, Масих пенен бирге болыўды қәлеймен. Себеби бул анағурлым жақсырақ.
24 Бирақ, бул дүньяда қалыўым сизлер ушын кереклирек.
25 Буған көзим жеткенликтен, қалатуғынымды билемен. Исенимде өсип қуўаныўыңыз ушын, ҳәммеңиз бенен бирге боламан.
26 Солай етип, және жаныңызға келгенимде, Масих Ийса алдында мениң менен еле де көбирек мақтана аласызлар.
27 Тек жасап атырған өмириңиз Масихтың Хош Хабарына ылайықлы болсын. Сонда келип сизлерди көрсем де, алыста болып ҳал-жағдайыңызды еситсем де, сизлердиң бир руўхта беккем турғаныңызды, Хош Хабарға деген исеним ушын бир жан, бир тән болып гүресип атырғаныңызды билейин.
28 Және де, өзлериңизге қарсы шыққанлардан ҳеш қорқпайтуғыныңызды да еситейин. Сизлердиң бундай батырлығыңыз олардың набыт болатуғынының, ал сизлердиң қутқарылатуғыныңыздың белгиси ҳәм Қудайдың иси.
29 Өйткени Қудай Масих ушын, сизлерге Оған тек исениўди емес, ал Ол ушын азап шегиўди де айрықша ҳуқық етип берген.
30 Усы азапты басымнан кеширгенимди сизлер көрдиңлер ҳәм ҳәзир де азап шегип атырғанымды еситип атырсызлар. Мениң бул гүресиме сизлер де шериксизлер.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.