Колосалылар 3 bob
1 Солай етип, Масих пенен бирге тирилген болсаңыз, онда аспандағы нәрселерди излеңлер. Масих сол жерде, Қудайдың оң жағында отырыпты.
2 Жердеги емес, ал аспандағы нәрселерди ойлаңлар.
3 Себеби сизлер дүнья ушын өлгенсизлер ҳәм жаңа өмириңиз Масих пенен бирге Қудайда жасырылған.
4 Өмириңиз болған Масих келгенде, сизлер де Оның менен бирликте салтанат пенен көринесиз.
5 Сонлықтан өзлериңиздеги жерге тийисли болған жаман әдетлерди: бузықшылық, ҳарамылық, нәпсиқумарлық, жаман қәлеўлер ҳәм нәпсиқаўлық болған бутқа табыныўшылықты жоқ қылыңлар.
6 Булар себепли, сөзге қулақ аспайтуғынларға Қудайдың ғәзеби келеди.
7 Бурын сизлер де усындай адамлардың арасында жасағаныңызда, сондай ис-ҳәрекетлерди иследиңлер.
8 Бирақ енди ҳәммесин: ашыў, ғәзеп ҳәм жек көриўшиликти қойыңлар. Аўзыңыздан ҳеш қандай өсек ҳәм сөгис сөз шықпасын.
9 Бирбириңизге өтирик сөйлемеңлер. Өйткени сизлер ески тәбиятыңызды оның жаман ислери менен таслап,
10 жаңа тәбиятқа ийе болдыңлар. Бул жаңа тәбиятқа ийе адам Қудайды толық билиў ушын, өз Жаратыўшысына уқсап барады.
11 Солай етип, жаңа тәбиятқа ийе адамлар арасында грек ҳәм яҳудий, сүннетли ҳәм сүннетсиз, варвар ҳәм скиф, қул ҳәм азат адам болып бөлиниў жоқ. Ал ең әҳмийетлиси, ҳәмме исениўшилерде жасайтуғын тек Масих ғана бар.
12 Қудайдың таңлап алған мухаддес ҳәм сүйикли адамлары сыпатында реҳимлилик, жақсылық, кишипейиллик, мүләйимлилик ҳәм сабырлылық пенен жасаңлар.
13 Бир-бириңизге шыдамлы ҳәм кеширимли болыңлар. Егер ким де ким биреўден өкпели болса, Ийемиздиң сизлерди кеширгени сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер.
14 Булардың ҳәммесине қосымша сүйиспеншилик пенен жасаңлар. Ол минсиз бирликке еристиреди.
15 Жүреклериңизде Масихтың тынышлығы ҳүкимдарлық етсин. Сизлер бир денениң мүшелери болып, усы тынышлыққа шақырылдыңыз. Және де, шүкирлик билдириңлер.
16 Масихтың сөзи пүткил байлығы менен ишиңизде жасасын. Бир-бириңизге толық даналық пенен тәлим берип, ақыл-нәсият етиңлер. Қудайға шүкирлик билдирип, Оған Забур жырларын, алғыс-мақтаў қосықларын ҳәм Мухаддес Руўхтың илҳамы менен жазылған қосықларды шын жүректен айтыңлар.
17 Сөзиңиз ямаса исиңиз бенен қылған ҳәр бир нәрсени Ийемиз Ийсаның аты ушын, Ол арқалы Әкемиз Қудайға шүкирлик етип ислеңлер.
18 Ҳәй ҳаяллар, күйеўлериңизге бойсыныңлар. Бул Ийемизге тийисли болған ҳаялларға минәсип.
19 Ҳәй күйеўлер, ҳаялларыңызды сүйиңлер. Оларға қопал қатнаста болмаңлар.
20 Ҳәй балалар, ҳәмме нәрседе ата-аналарыңыздың сөзин тыңлаңлар. Себеби бул Ийемизге унайды.
21 Ҳәй әкелер, руўхы түспеўи ушын, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер.
22 Ҳәй қуллар, дүньядағы хожайынларыңызға ҳәмме нәрседе бойсыныңлар. Буны тек оларға жағыныў ушын көзабаға емес, ал Ийемизден қорқып, шын жүректен ислеңлер.
23 Ийемизден сыйлық ретинде мийрас алатуғыныңызды билип, не ислесеңиз де адамлар ушын емес,
24 ал Ийемиз ушын ислеп атырғандай болып, шын жүректен ислеңлер. Өйткени сизлер Ийемиз Масихқа хызмет етип атырсызлар.
25 Наҳақ ис ислеген адамға наҳақлығына ылайық қайтарылады. Қудай ҳеш кимди айырмайды.