Колосалылар 4 bob
1 Ҳәй хожайынлар, аспанда сизлердиң де Ийеңиз бар екенин билип, қулларыңызға әдиллик ҳәм теңлик пенен қатнас жасаңлар.
2 Бәрқулла дуўа етиңлер. Дуўа еткениңизде шүкирлик билдирип, сергек болыңлар.
3 Бизлер ушын да дуўа етиңлер: Масихтың сыры ҳаққында Өз сөзин жәриялай алыўымыз ушын, Қудай бизлерге жол ашсын. Мен усы сыр ушын тутқындаман.
4 Бул сырды тийисли түрде, түсиникли етип айта алыўым ушын да дуўа етиңлер.
5 Ўақыттан жақсы пайдаланып, жәмәәттиң сыртындағы адамларға ақыллылық пенен қатнас жасаңлар.
6 Сөзиңиз ҳәмме ўақытта жағымлы ҳәм дузлы болсын. Сонда сизлер ҳәр бир адамға қалай жуўап бериў кереклигин билип аласызлар.
7 Ийемизге мениң менен бирге хызмет ететуғын исенимли хызметши болған сүйикли туўысқанымыз Тихик мен туўралы ҳәмме хабарды сизлерге билдиреди.
8 Мине, мен усы мақсет пенен оны сизлерге жиберип атырман. Ол ҳал-жағдайымызды билдирип, сизлердиң кеўиллериңизге жубаныш береди.
9 Тихик пенен бирге жерлесиңиз, исенимли ҳәм сүйикли туўысқанымыз болған Онисимди де жиберип атырман. Олар сизлерге бул жерде болып атырған барлық ўақыялар ҳаққында айтып береди.
10 Мениң менен бирге қамақта отырған жолдасым Аристарх ҳәм Барнабаның аталас иниси Марк сизлерге сәлем айтып атыр. Сизлер Марк ҳаққында нусқаў алған едиңлер: егер ол сизлерге барса, оны қабыл етиңлер.
11 Юстус деп аталатуғын Ешу да сизлерге сәлем айтып атыр. Яҳудийлер ишинен тек усылар ғана мениң менен бирге Қудайдың Патшалығы ушын хызмет етпекте. Олар маған жубаныш болды.
12 Масих Ийсаның хызметшиси болған жерлесиңиз Епафрас сизлерге сәлем айтып атыр. Сизлерди Қудайдың ҳәр бир еркине толық исенсин ҳәм минсиз адамлар болсын деп, ол сизлер ушын бар күши менен үзликсиз дуўа етип атыр.
13 Сизлер ушын ҳәм Лаодикия менен Ераполда болғанлар ушын, оның көп мийнет еткенине мен гүўаман.
14 Сүйикли шыпакер Лука менен Димас та сизлерге сәлем айтып атыр.
15 Лаодикиядағы туўысқанларға, Нимфаға ҳәм оның үйиндеги жәмәәтке сәлем айтыңлар.
16 Бул хат араңызда оқылғаннан соң, оны Лаодикия жәмәәтинде де оқытың. Сизлер де Лаодикиядан келген хатты оқыңлар.
17 Архипке мынаны айтып қойыңлар: «Ийемизден қабыл еткен хызметиңди орынлаўға инталы бол!»
18 Мен, Павел, бул сәлемнаманы өз қолым менен жазып атырман. Мениң тутқынлығымды умытпаңлар. Қудайдың мийрими сизлерге яр болсын!