1 Салоникалылар 1 bob

Салоникалылардың үлгили исеними (2-10).

1 Әкемиз Қудайға ҳәм Ийемиз Ийса Масихқа тийисли болған Салоника исениўшилериниң жәмәәтине, Павел, Сила ҳәм Тимофейден сәлем! Сизлерге Қудайдың мийрими ҳәм тынышлығы яр болсын!
2 Дуўа еткенимизде сизлерди тилге алып, бәрқулла ҳәммеңиз ушын Қудайға шүкирлик билдиремиз.
3 Қудай Әкемиздиң алдында исенимиңиздиң жемиси болған ис-ҳәрекетиңизди, сүйиспеншилигиңизге тийкарланған мийнетиңизди ҳәм Ийемиз Ийса Масихқа деген үмитиңизден пайда болған шыдамлылығыңызды үзликсиз еске аламыз.
4 Қудай сүйген туўысқанларым! Оның сизлерди таңлап алғанын бизлер билемиз.
5 Себеби сизлерге жәрияланған Хош Хабар тек сөз бенен ғана емес, ал қүдирет, Мухаддес Руўх ҳәм толық исеним менен жеткизилди. Сизлердиң пайдаңыз ушын араңызда қалай жасағанымызды билесизлер.
6 Көп азап-ақыретлерге қарамай, сизлер Мухаддес Руўхтың берген қуўанышы менен Қудайдың сөзин қабыл етип, бизлерге ҳәм Ийемизге еликлеўшилер болдыңлар.
7 Солай етип, Македония ҳәм Ахаядағы пүткил исениўшилерге сизлер үлги болдыңлар.
8 Өйткени Ийемиздиң сөзи сизлерден тарқап, Қудайға деген исенимиңиз ҳаққында хабар тек Македония ҳәм Ахаяға емес, ал ҳәмме жерге жетип барды. Сонлықтан бизлердиң бул ҳаққында бир нәрсе айтыўымызға ҳәжет қалмады.
9 Себеби олардың өзлери бизлерди қаншелли жақсы қабыл алғаныңызды ҳәм ҳақыйқый тири Қудайға хызмет етиў ушын қалай бутларды таслап, Қудайға қайтқаныңызды айтып берди.
10 Және бизлерди келешектеги қәҳәрли жазадан қутқаратуғын Қудайдың Өзи өлимнен тирилткен Улы Ийсаның аспаннан келиўин күтип атырғаныңызды да олар сөз етти.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.