1 Салоникалылар 3 bob
1 Солай етип, бизлер артық шыдай алмай, Афинада жалғыз қалыўды уйғардық.
2 Исенимиңизди беккемлеп, сизлерди жигерлендириў ушын, Масихтың Хош Хабарын жәриялайтуғын Қудайдың хызметшиси, туўысқанымыз Тимофейди сизлерге жибердик.
3 Азап-ақыретлер себепли ҳеш ким исенимде силкинбесин деп, бизлер усылай иследик. Азап шегиў тәғдиримизге жазылғаны өзлериңизге мәлим.
4 Өйткени сизлер менен бирге болғанымызда, азап шегетуғынымызды алдын айтқан едик. Хабарыңыз бар, айтқанымыздай анық солай болды да.
5 Сонлықтан мен де артық шыдай алмай, азғырыўшы сизлерди азғырып, мийнетимиз босқа кетпесин деп, исенимиңиздиң жағдайын билиў ушын Тимофейди сизлерге жибердим.
6 Бирақ, сизлердиң жаныңыздан бизлерге жаңа ғана қайтып келген Тимофей сизлердиң исенимиңиз ҳәм сүйиспеншилигиңиз ҳаққында қуўанышлы хабар алып келди. Бизлерди бәрқулла жақсы ой менен еске алып, бизлердиң сизлерди сағынғанымыздай, сизлердиң де бизлерди сағынып атырғаныңызды айтып берди.
7 Сол себептен туўысқанлар, қыйыншылықлы ҳәм азап-ақыретли жағдайда сизлердиң исенимиңиз себепли жигерленип қалдық.
8 Себеби сизлер Ийемиз бенен беккем байланыста болсаңыз, бизлердиң жанымыз жай табады.
9 Қудайымыздың алдында сизлер себепли алған барлық қуўанышымыздың есесин Оған қанша шүкирлик айтып қайтарсақ та аз.
10 Сизлер менен жүзбе-жүз көрисиў ушын ҳәм исенимиңиздеги жетиспеген нәрселерди толықтырыў ушын, күни-түни бар күшимиз бенен дуўа етип атырмыз.
11 Әкемиз Қудайдың Өзи ҳәм Ийемиз Ийса сизлерге барыўға жолымызды ашсын!
12 Ийемиз бир-бириңизге ҳәм пүткил адамларға деген сүйиспеншилигиңизди бизлердиң сизлерге деген сүйиспеншилигимиз сыяқлы көбейтип арттырсын!
13 Солай етип, Ийемиз Ийса Өзиниң пүткил мухаддеслери* менен келгенде, Әкемиз Қудайдың алдында мухаддесликте кемшиликсиз болыўыңыз ушын, жүреклериңизди беккемлесин.