Ешуа 24 bob
1 Ешуа пүткил Израил урыўларын Шехемге топлап, Израилдың ақсақалларын, тийре басшыларын, қазыларын ҳәм қадағалаўшыларын шақыртты. Олардың ҳәммеси келип, Қудайдың алдында турды.
2 Сонда Ешуа пүткил халыққа былай деди: – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлердиң ата- бабаларыңыз ески заманларда Евфрат дәрьясының арғы жағасында жасап, басқа қудайларға хызмет ететуғын еди. Олардың бири Ибрайым менен Нахордың әкеси Терах еди.
3 Бирақ Мен бабаңыз Ибрайымды дәрьяның арғы жағынан алып, пүткил Кенаан жерлери бойлап алып жүрдим. Оның урпақларын көбейтип, оған Ысақты бердим.
4 Ал Ысаққа болса, Яқып пенен Эсаўды бердим. Эсаўға таўлы Сеир үлкесин мүлик етип бердим. Яқып ҳәм оның уллары Мысырға кетти.
5 Кейин Мен Муўса менен Харонды тайынлап, Мысыр халқының басына бәлелер жаўдырдым ҳәм сизлерди Мысырдан алып шықтым.
6 Аўа, Мен ата-бабаларыңызды Мысырдан алып шықтым. Олар Қамыс теңизине жетип келгенде, мысырлылар саўаш арбалары ҳәм атлылары менен ата-бабаларыңыздың изинен теңизге дейин қуўып барды.
7 Ата-бабаларыңыз Жаратқан Ийеге, Маған жалбарынып, жәрдем сорағанда, Мен олар менен мысырлылар арасына қараңғылық түсирдим. Мысырлылардың үстине теңиз суўларын бастырып, оларды шөктирдим. Сизлер Мениң Мысырда не ислегенимди өз көзиңиз бенен көрдиңиз. Сизлер шөлде узақ ўақыт жасадыңыз.
8 Соңынан Мен сизлерди Иордан дәрьясының арғы жағасында жасаған аморлардың жерине әкелдим. Олар сизлерге қарсы урысқанда, Мен оларды сизлерге тәслим еттим. Сизлер олардың жерлерин ийеледиңиз. Мен оларды сизлердиң алдыңыздан жоқ қылдым.
9 Моаб патшасы Сиппор улы Балақ Израилға қарсы урысқа шықты ҳәм хабар жиберип, Беор улы Биламды сизлерди нәлетлеў ушын шақыртты.
10 Бирақ Мен Биламға қулақ салыўды мақул көрмедим. Сонлықтан ол сизлерге пәтиясын бериўге мәжбүр болды. Солай етип, Мен сизлерди оның қолынан қутқардым.
11 Соңынан сизлер Иордан дәрьясынан өтип, Ерихоға келдиңиз. Мен сизлерге қарсы урысқан ерихолыларды, және де амор, периз, кенаан, хетт, гиргаш, хиў ҳәм ебус халықларын сизлерге тәслим еттим.
12 Мен сизлерден алдын ешек ҳәрре жиберип, аморлардың еки патшасын алдыңыздан қуўдым. Бул ис сизлердиң қылышыңыз ямаса оқ жайыңыз жәрдеминде исленбеди.
13 Солай етип, Мен сизлерге өзлериңиз мийнет етпеген жерди ҳәм өзлериңиз салмаған қалаларды бердим. Сизлер бул жерлерде жасап, өзлериңиз отырғызбаған жүзим ҳәм зәйтүн бағларының мийўелерин жеп атырсызлар».
14 Ешуа даўам етип былай деди: – Сонлықтан Жаратқан Ийеден қорқыңлар, Оған шын жүректен ҳәм садықлық пенен хызмет етиңлер. Евфрат дәрьясының арғы жағасында ҳәм Мысырда ата-бабаларыңыздың хызмет еткен қудайларын таслап, Жаратқан Ийеге хызмет етиңлер.
15 Егер Жаратқан Ийеге хызмет еткиңиз келмесе, онда Евфрат дәрьясының арғы жағасында ата-бабаларыңыздың хызмет еткен қудайларына ямаса өзлериңиз елинде жасап атырған аморлардың қудайларына хызмет еткиңиз келе ме? Бүгин усыны шешип алыңлар. Ал мен ҳәм мениң хожалығым Жаратқан Ийеге хызмет етемиз.
16 Халық жуўап берип былай деди: – Жаратқан Ийени таслап, басқа қудайларға хызмет етиўден аўлақ болғаймыз!
17 Себеби бизлерди ҳәм ата-бабаларымызды Мысыр елиндеги қуллықтан алып шыққан, көз алдымызда уллы кәраматлар ислеп, пүткил жолымызда ҳәм халықлар арасынан өткенимизде бизлерди сақлаған Қудайымыз – Жаратқан Ийениң Өзи болады.
18 Ол бул елде жасаған барлық халықларды ҳәм аморларды алдымыздан қуўып жиберди. Сонлықтан бизлер де Оған хызмет етемиз. Өйткени Ол – бизлердиң Қудайымыз.
19 Сонда Ешуа халыққа былай деди: – Бирақ сизлер Жаратқан Ийеге хызмет ете алмайсызлар. Өйткени Ол мухаддес ҳәм қызғаншақ Қудай. Ол сизлердиң жынаятларыңызға ҳәм гүналарыңызға сабыр етпейди.
20 Егер сизлер Жаратқан Ийени таслап, жат қудайларға хызмет етсеңиз, Өзи бурын сизлерге жақсылық қылған болса да, енди Ол сизлерден жүз бурады ҳәм сизлерди бәлеге жолықтырып, жоқ етеди.
21 Халық Ешуаға: – Яқ! Бизлер Жаратқан Ийеге хызмет етемиз, – деп жуўап берди.
22 Сонда Ешуа халыққа: – Жаратқан Ийеге хызмет етемиз деп, таңлағаныңызға өзлериңиз гүўасызлар, – деди. – Аўа, өзлеримиз гүўамыз, – деп жуўап берди халық.
23 Ешуа оларға: – Олай болса, енди өзлериңиздеги жат қудайларды таслаңлар. Жүреклериңизди Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге бериңлер, – деди.
24 Халық Ешуаға: – Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийеге хызмет етип, Оның сөзин тыңлаймыз, – деп жуўап берди.
25 Ешуа сол күни Шехемде халық ушын бир миннетлеме алды. Оларға қағыйдалар ҳәм нызамлар берди.
26 Ешуа бул сөзлерди Қудайдың Нызам китабына да жазып қойды. Кейин бир үлкен тас алып, оны сол жерге, Жаратқан Ийениң Мухаддес мәканы жанындағы емен ағашының астына орнатты.
27 Соң Ешуа пүткил халыққа: – Минекей, бул тас бизлерге гүўа болсын. Себеби ол Жаратқан Ийениң бизлерге айтқан барлық сөзлерин еситти. Қудайға берген ўәдемизде турмасақ, бул тас бизлерге қарсы гүўа болады, – деди.
28 Буннан соң, Ешуа халықтың барлығын мүлик етип алған өз жерлерине жиберди.
29 Усы ўақыялардан кейин, Жаратқан Ийениң қулы Нун улы Ешуа бир жүз он жасында қайтыс болды.
30 Оны Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Гааш таўының арқа тәрепине, өзине үлес етип берилген Тимнат-Серахқа жерледи.
31 Ешуаның тири ўақтында ҳәм Ешуадан кейин жасап, Жаратқан Ийениң Израил ушын ислеген барлық ислерин билген ақсақаллардың тири ўақтында Израил халқы Жаратқан Ийеге хызмет етти.
32 Израил халқы Мысырдан кетип баратырып, Юсуптиң сүйегин де өзлери менен бирге алып кеткен еди. Олар оны Яқыптың Шехемдеги атызына жерледи. Яқып бул атызды Шехемниң әкеси Хамордың улларынан жүз теңгеге сатып алған еди. Сол жер Юсуптиң урпақларының мүлки болды.
33 Харонның улы Элазар да қайтыс болды. Ол Эфрайымның таўлы үлкесине, улы Пинехасқа берилген Гиба қаласына жерленди.